Jeremiah 22
1Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшасының сарайына бар да, мына сөзди оған аян ет: 2«Ҳәй, Даўыттың тахтында отырған Яҳуда патшасы, сен, ҳәмелдарларың ҳәм бул дәрўазадан өтетуғын халқың, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 3Жаратқан Ийе былай дейди: Әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Тоналғанды езиўшиниң қолынан азат етиң. Келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге наҳақлық қылмаң ҳәм азар бермең. Бул жерде айыпсыз қан төкпең. 4Егер бул буйрықты муқыят орынласаңыз, онда Даўыттың тахтында отырған патшалар атларға ҳәм арбаларға минип, олардың өзлери де, хызметкерлери де, халқы да усы сарай дәрўазаларынан киреди. 5Егер бул буйрықты орынламасаңыз, тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – бул сарай қарабақанаға айланады. 6Себеби Жаратқан Ийе Яҳуда патшасының сарайы туўралы былай дейди:Сен Мениң көзиме Гиладтай,Лебанонның шыңындайсаң.
Бирақ Мен сени шөл далаға,
Адамсыз қалаға айландыраман.
7Саған қуртыўшыларды жиберемен,
Ҳәр бириниң қолында қуралы бар,
Олар сениң сарайыңа қолланған кедр ағашларыңды,
Отқа ылақтырады.
8Көп миллетлер бул қала жанынан өткенде, бир-бирине: „Бул уллы қаланы Жаратқан Ийе не ушын бундай қылды екен?“– дейди. 9Оларға былай деп жуўап бериледи: „Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң келисимин бузып, басқа қудайларға табынып, оларға хызмет етип кетти“».
Шаллум патша туўралы билдириў
10Өлген патша ушын жоқлаў айтпаң, ол ушын аза тутпаң,Жақсысы, тутқын болған патша ушын жылаң,
Ол қайтып келмейди,
Ана журтын көрмейди.
11Әкеси Иошияның орнына Яҳуданың патшасы болған ҳәм ол жерден шығып кеткен Иошия улы Шаллум ▼
▼ Шаллум – Еҳоахаздың басқа аты. 4Пат 23:30 қараң.
туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: «Ол бул жерге қайтып келмейди. 12Ол тутқын қылып алып барылған жеринде өледи ҳәм артық бул жерди көрмейди». Еҳоякин патша туўралы билдириў
13Сарайын әдалатсызлық пенен,Жоқарғы бөлмелерин нызамсызлық пенен салған,
Жақын адамларын ешейин жумсап,
Мийнет ҳақысын бермеген ҳәсирет шегеди!
14«Жоқарғы бөлмелерин кең қылып,
Өзим ушын зәўлим сарай саламан», – дейди биреў.
Оған көп айналар қойып,
Кедр ағашы менен қаплап,
Оны қызыл реңге бояйды.
15Кедр ағашын көп қолланған менен,
Патша болып қаласаң ба?
Әкең тойып ишип-жегени менен,
Әдил ҳәм туўры ислерди иследи,
Сонлықтан ислери табыслы болды.
16Ол жарлы ҳәм бийшараның ҳуқықын қорғады,
Сол себепли абадан турмыс кеширди.
Мени таныўдың мәниси усы емес пе?
– дейди Жаратқан Ийе. –
17Бирақ сениң көзиң ҳәм жүрегиң,
Ҳарам пайданы, айыпсыз қан төгиўди,
Зулым ҳәм зорлық қылыўды қәлейди.
18Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳояким туўралы былай дейди:«Ўай-ўай, туўысқаным! Ўай-ўай, баўырым!» – деп,
Ол ушын жоқлаў айтылмайды.
«Ўай-ўай, мырзам! Ўай-ўай, тақсырым!» – деп,
Ол ушын жоқлаў айтып жыламайды.
19Оның өлигин Ерусалим дәрўазасынан сыртқа шығарып таслап,
Ешектиң өлигин көмгендей етип жерлейди.
Ерусалим туўралы билдириў
20Ерусалим, Лебанонға шығып, пәрияд ет.Даўысың Башаннан еситилип турсын,
Таўлы Абарим жерлеринен пәрияд ет,
Себеби барлық ойнасларың қырылды.
21Абаданшылықта болғаныңда саған ескерттим,
Бирақ сен: «Мен тыңламайман», – дедиң.
Жаслығыңнан солай ислеп,
Мени ҳеш тыңламадың.
22Барлық басшыларыңды самал ушырып кетеди,
Аўқамласларыңды сүргин қылып алып кетеди.
Сонда ислеген зулымлықларың ушын,
Уятқа қалып, шерменде боласаң.
23Ҳәй, Лебанонда жасап,
Оның кедрине уя салған!
Туўып атырған ҳаялдың толғағы сыяқлы,
Сени шаншыў тутқанда, азаптан ыңырсыйсаң!
Ехонияның жазаланыўы
24Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Ҳәй, Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония ▼, ҳәтте, сен оң қолымдағы мөр жүзигим болсаң да, сени шығарып ылақтырған болар едим. 25Мен сени жаныңда қасты барлардың ҳәм өзиң қорқатуғынлардың, Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм калдейлердиң қолына тапсыраман. 26Сени ҳәм сени туўған анаңды киндик қаның тамбаған өзге бир журтқа ылақтыраман. Сизлер сол жерде өлесиз. 27Сизлер бул жерге қайтып келиўди әрман қыласыз, бирақ қайтып келе алмайсыз. 28Мына адам – Ехония сынық гүзеге,Керексиз буйымға айланып қалған ба?
Не ушын ол ҳәм оның балалары қуўылып,
Өзлери билмейтуғын жерге ылақтырып тасланды?
29Ҳәй елим, елим, елим,
Жаратқан Ийениң сөзин тыңла!
30Жаратқан Ийе былай дейди:
Бул адамды зүрядсыз,
Өмиринде иси келиспеген адам, деп жазып қой.
Себеби енди оның нәсилинен ҳеш бириниң жолы болмас.
Ҳеш бири Даўыттың тахтына отырмас,
Яҳудада ҳүкимдарлық қылмас.
Copyright information for
KaaIBT22C