Jeremiah 23
Әдил шақа
1Жайлаўымдағы қойларды набыт қылып, тарқатып жиберген шопанлар ҳәсирет шегеди! – дейди Жаратқан Ийе. 2Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын баққан шопанлар ҳаққында былай дейди: «Сизлер Мениң сүриўимди дағыттыңыз, оларды тарқатып жиберип, ғамхорлық қылмадыңыз. Мен сизлерди жаўыз ислериңиз ушын жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. 3– Сүриўимнен аман қалғанларын Өзим қуўып жиберген барлық еллерден жыйнап, қайтадан жайлаўларына алып келемен. Олар сол жерде көбейип, өсип-өнеди. 4Мен олардың үстинен оларды бағатуғын шопанларды қояман. Олар енди қорқып, қәўетерге түспейди ҳәм жойтылмайды, – дейди Жаратқан Ийе. 5Мине, сондай күнлер келеди,– дейди Жаратқан Ийе, –
Даўыттың нәсилинен әдил бир шақаны шығараман.
Сол патша тахтқа отырып, даналық пенен басқарады,
Жер жүзинде әдалат ҳәм туўрылық ҳүкимдарлық қылады.
6Сол күнлерде Яҳуда қутқарылады,
Израил қәўипсизликте жасайды.
Оны „Жаратқан Ийе – әдиллигимиз“, деп атайды.
7Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – артық: „Израилды Мысырдан алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – деп айтылмайды. 8Ал: „Израил халқын арқадағы еллерден ҳәм Өзи қуўып жиберген басқа барлық еллерден алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – деп айтылатуғын болады. Солай етип, олар өз жерлеринде жасайды».
Жалған пайғамбарлар туўралы
9Пайғамбарлар ҳаққында:Жүрегим ишимде парра-парра болды,
Пүткил сүйеклерим қалтырайды.
Жаратқан Ийе себепли,
Оның мухаддес сөзи себепли,
Мен мәс адам киби,
Шарапқа жеңилген адам киби болдым.
10Жер бузықларға толы,
Ел нәлет зардабынан аза тутпақта.
Шөлдеги жайлаўлар күйип кеткен.
Адамлар жаман жолға түсип,
Күшлерин наҳақлыққа қолланбақта.
11«Пайғамбарлар да, руўханийлер де иплас,
Ҳәтте, олардың жаманлықларын,
Өз Үйимде де көрдим,
– дейди Жаратқан Ийе. –
12Сонлықтан жүрген жоллары оларға,
Қараңғылықтағы тайғақ жолдай болады.
Сол жерде сүрнигип, жығылады.
Себеби оларды жазалайтуғын жылда,
Олардың басына апатшылық жаўдыраман,
– дейди Жаратқан Ийе. –
13Самария пайғамбарлары арасында,
Мен мына жеркенишли исти көрдим:
Олар Баалдың атынан пайғамбаршылық етип,
Халқым Израилды жолдан азғырды.
14Ал Ерусалим пайғамбарлары арасында,
Буннан да қорқынышлырақ исти көрдим.
Олар бузықшылық етип, жалғанға ерип,
Жаманлық қылғанларды қоллап атыр.
Сонлықтан ҳеш ким жаманлықтан қол үзбейди.
Олардың ҳәммеси Мен ушын Содомдай,
Оның турғынлары Гоморадай ▼ болып кетти».
15Соның ушын, пайғамбарлар ҳаққында Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип,
Зәҳәрли суў ишкиземен.
Өйткени Ерусалим пайғамбарларының ипласлығы,
Пүткил жер жүзине жайылды».
16Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Пайғамбарлар сизлерге сөйлегенде, қулақ салмаң,
Олар сизлерди босқа үмитлендиреди.
Олар Мениң сөзлеримди емес,
Өзлери қыял еткен аянларды айтып жүр.
17Олар Мениң сөзимди ҳүрмет етпейтуғынларға,
„Жаратқан Ийе: Сизлерде парахатшылық болады, – деп айтты“, – дейди.
Жүреклериниң қайсарлығы менен жасайтуғынлардың ҳәммесине:
„Апат келмейди“, – дейди».
18Ким Жаратқан Ийениң кеңесинде қатнасыпты?
Ким Оны көрип, сөзин еситипти?
19Мине, Жаратқан Ийениң ғәзеби даўылдай дүбеп,
Қуйын сыяқлы залымлардың басына дөнеди.
20Жүректеги нийетин толық иске асырмағанша,
Жаратқан Ийениң ғәзеп оты сөнбейди.
Сизлер буны ўақты келгенде анық түсинесиз.
21«Бул пайғамбарларды Мен жибермедим,
Олардың өзлери ортаға шығыўға асықты.
Мен ҳеш нәрсе айтпасам да,
Олар пайғамбаршылық ете берди.
22Егер олар Мениң кеңесимде болғанда,
Халқыма Мениң сөзлеримди айтып,
Оларды жаман жолларынан,
Жаўызлықларынан қайтарған болар еди.
23Мен тек жақын жерде ғана Қудай болып,
Алыста Қудай емеспен бе?
– дейди Жаратқан Ийе. –
24Қупыя жерге жасырынғанды,
Мени көрмейди деп ойлайсыз ба?
– дейди Жаратқан Ийе. –
Аспан менен жерди Мен толтырмайман ба?
– дейди Жаратқан Ийе.
25Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық еткен пайғамбарлардың не айтып жүргенин еситтим. Олар: „Мен түс көрдим! Мен түс көрдим!“– дейди. 26Өтирик пайғамбаршылықты айтып, өз қыялларын жәриялайтуғын пайғамбарлардың жүректеги жалған ой-қыяллары қашанға дейин даўам етеди? 27Ата-бабалары Баалға табыныў арқалы Мениң атымды умытқаны сыяқлы, олар да бир-бирине айтқан түслери арқалы халқыма Мениң атымды умыттырмақшы болады. 28Түс көрген пайғамбар түсин айтсын, ал Мениң сөзимди еситкен, оны садық баян етсин. Кепек пенен дәнниң арасында үлкен айырмашылық бар – дейди Жаратқан Ийе. 29– Мениң сөзим жалынға, – дейди Жаратқан Ийе, – жартасты майдалайтуғын шөккишке уқсамай ма? – дейди Жаратқан Ийе. 30– Соның ушын, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен бир-биринен сөзимди урлаған пайғамбарларға қарсыман. 31– Аўа, Мен өз сөзлерин айтып, „Жаратқан Ийе айтты“, дейтуғын пайғамбарларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе. 32– Аўа, Мен жалған түслер менен пайғамбаршылық ететуғынларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз түслерин айтып, жалған сөзлери ҳәм бос үгитлери менен Мениң халқымды жолдан азғырады. Оларды Мен жибермедим, оларға Мен тапсырма бермедим. Олардың бул халыққа ҳасла пайдасы жоқ, – дейди Жаратқан Ийе».
Жалған пайғамбарлардың жалған пайғамбаршылығы
33«Егер сеннен бул халық, пайғамбар ямаса руўханий: „Жаратқан Ийе саған қандай аўыр пайғамбаршылық жүкледи?“– деп сораса, сен оларға: „Сизлердиң өзлериңиз Маған жүксизлер. Мен сизлерди тәрк етемен, – дейди Жаратқан Ийе“– деп жуўап бер. 34Егер бир пайғамбар, руўханий ямаса халық ишинен бири: „Бул Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги“, – десе, онда Мен сол адамды ҳәм оның үй-ишин жазалайман. 35Сизлер бир-бириңизге ҳәм туўысқан туўысқанға: „Жаратқан Ийе не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?“– деп айтыңлар. 36Бирақ буннан былай: „Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги“, – деген сөзди қолланбаң. Себеби ҳәр кимниң өз сөзи өзине жүк болады. Бул арқалы сизлер тири Қудайдың, Қудайымыз Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзин бурмалап таслайсыз. 37Пайғамбардан тек: „Жаратқан Ийе саған не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?“– деп сораңлар. 38Егер сизлер: „Жаратқан Ийеден келген жүк“, – деп айта беретуғын болсаңыз, онда Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: Мен сизлерге: „Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги“, – деген сөзди айтпаўды буйырсам да, сизлер „Жаратқан Ийеден келген жүк“, – деген сөзди және айттыңыз. 39Сонлықтан Мен жоқарыға көтерип, сизлерди өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген қала менен бирге дәргайымнан ылақтырып таслайман. 40Мен сизлерди мәңгиге уятқа қойып, мәңгиге умытылмайтуғын шерменделикке қалдыраман».
Copyright information for
KaaIBT22C