‏ Jeremiah 24

Еки себет әнжир

1Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехонияны, Яҳуданың басшыларын, өнерментшилери менен темиршилерин Ерусалимнен Бабилонға тутқын етип алып кеткеннен соң, Жаратқан Ийе маған Ибадатхананың алдына қойылған еки себет әнжирди көрсетти. 2Бир себетте ерте писер жүдә жақсы әнжирлер, екиншисинде жеўге жарамсыз жаман әнжирлер бар еди.

3Жаратқан Ийе маған:

– Еремия, не көрип турсаң? – деп сорады. Мен:

– Әнжир. Жақсысы жүдә жақсы, ал жаманы сондай жаман, ҳәтте, жеўге де болмайды, – деп жуўап бердим.

4Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 5«Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерден калдейлердиң жерине Мен жиберген Яҳуда тутқынларын усы жақсы әнжирлер деп есаплайман. 6Олардың ийгилиги ушын, нәзерим оларда болады. Оларды усы жерге қайтараман. Оларды аяққа турғызаман, қулатпайман, отырғызаман, қопарып тасламайман. 7Мен оларға Жаратқан Ийе екенимди танып билетуғын жүрек беремен. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан. Себеби олар шын жүректен Маған қайтады.

8Мен Яҳуда патшасы Седекияны, оның басшыларын, бул жерде Ерусалимниң аман қалғанларын ҳәм Мысыр жерине көшип қоныс басқанларды мына жеўге болмайтуғын әнжирлерге уқсатаман, – дейди Жаратқан Ийе. 9– Мен олардың басына сондай апатшылық саламан, буны көрген жер бетиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейи ушады. Сүргин қылған жерлеримниң ҳәммесинде олар насаққа қалып, әпсанаға айланады, масқара болып, аты ғарғыста қолланылатуғын болады. 10Өзлерине ҳәм ата-бабаларына берген жеримнен жоқ болғанша, олардың үстине қылыш, ашлық ҳәм иллет дөндиремен».
Copyright information for KaaIBT22C