Jeremiah 25
Жетпис жыллық сүргин
1Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылы, Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының биринши жылы Еремияға пүткил Яҳуда халқы ҳаққында аян болды. 2Пайғамбар Еремия буны пүткил Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына жеткерип, былай деди: 3– Мине, жигирма үш жылдан бери, Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның патшалығының он үшинши жылынан, усы күнге дейин Жаратқан Ийениң сөзи маған түсти. Мен оларды сизлерге қайта-қайта айттым, бирақ сизлер тыңламадыңыз. 4Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарларды сизлерге қайта-қайта жиберсе де, оларға қулақ салмадыңыз, итибар да бермедиңиз. 5Олар арқалы сизлерге былай деди: «Енди ҳәр бириңиз жаўыз жолдан, натуўры ислер қылыўдан бас тартың. Сонда Мен өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген жерде мәңги-бақый мәкан басасыз. 6Басқа қудайларға ермең, хызмет етпең ҳәм табынбаң. Қолларыңыз бенен ислеген бутлар менен ғәзебимди келтирмең. Сонда Мен де сизлерге зыян келтирмеймен». 7«Бирақ сизлер Мени тыңламай, – дейди Жаратқан Ийе, – қолларыңыз бенен ислеген бутларыңыз себепли ғәзебимди келтирдиңиз ҳәм өзиңизге зыян жеткиздиңиз». 8Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мениң сөзлеримди тыңламағаныңыз ушын, 9Мен арқадағы барлық халықларды ҳәм Бабилония патшасы болған қулым Набуходоносорды шақыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды бул жердиң пүткил турғынларына ҳәм айналасындағы барлық миллетлерге қарсы атландыраман. Бул халықларды пүткиллей жоқ қыламан ҳәм жерин мәңгиге қаңыратып таслайман. Оларды көргенлердиң жүреги суўлап, жаны түршигеди. 10Оларды қуўаныш ҳәм шадлықтан жуда қыламан, келин-күйеўдиң тойының сести еситилмейди, дигирман сести де тынады, шырағы сөнеди. 11Пүткил ел қаңырап, қорқынышлы көриниске айланады. Бул миллетлер жетпис жыл Бабилония патшасына хызмет етеди. 12Жетпис жыл өткеннен кейин Мен Бабилония патшасын, оның халқын ҳәм калдейлердиң елин қылған қылмысы ушын жазалап, – дейди Жаратқан Ийе, – жерин мәңгиликке шөл далаға айландыраман. 13Мен сол жерге қарсы айтқанларымның ҳәммесин, бул китапта жазылғанлардың ҳәммесин, яғный Еремияның пүткил миллетлер туўралы айтқан пайғамбаршылықларын әмелге асыраман. 14Көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оларды қул қылады. Мен оларға ис-ҳәрекетине ҳәм қолларының исине сай қайтараман».Жаратқан Ийениң ғәзеп кесеси
15Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе маған былай деди: – Мына Мениң қәҳәримниң шарабына толған кесени қолымнан ал да, Мен сени жиберетуғын миллетлердиң ҳәммесине оны ишкиз. 16Олар сол кеседен ишип, тентиреклейди ҳәм ақылын жойтады. Аўа, Мен оларға қылыш жиберемен. 17Мен кесени Жаратқан Ийениң қолынан алып, Жаратқан Ийе мени жиберген миллетлердиң ҳәммесине оннан ишкиздим. 18Бүгин болғаны киби ўайран болсын, қорқынышлы және жанды түршиктиретуғын көриниске айлансын ҳәм нәлет жаўсын деп, Ерусалимге, Яҳуда қалаларына, оның патшалары менен басшыларына ишкиздим. 19Сондай-ақ Мысыр патшасы фараонға, оның хызметкерлерине, басшыларына ҳәм пүткил халқына, 20Мысырда жасап атырған барлық келгиндилерге, Ус жериниң барлық патшаларына, Филист жериндеги: Ашкелон, Газа, Экрон патшаларына ҳәм Ашдодтың аман қалғанларының патшасына, 21Эдомға, Моабқа ҳәм аммонларға, 22Тирдиң барлық патшаларына, Сидонның барлық патшаларына, теңиз жағалаўларындағы ҳәм атаўлардағы патшаларға, 23Деданға, Темаға, Бузға ҳәм тулымшақларын кесип жүретуғынлардың ҳәммесине, 24барлық Арабстан патшаларына ҳәм шөлде жасайтуғын аралас қәўимлердиң барлық патшаларына, 25Зимрийдиң, Эламның ҳәм Мидияның барлық патшаларына, 26узақ-жақын жердеги барлық арқа патшаларына ҳәм жер бетиндеги барлық патшалықларға нәўбетпе-нәўбет ишкиздим. Булардың ҳәммесинен кейин, Шешах ▼▼ Шешах – Бабилонияның шәртли белгилер тәртиби менен жазылған атамасы.
патшасы да ишеди. 27– Соңынан оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Ишип, мәс болың, қусың ҳәм өзлериңизге жиберетуғын қылышымнан қайтып турмайтуғындай болып қулаң». 28Егер олар сениң қолыңнан кесени қабыл қылып, ишиўден бас тартса, оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сөзсиз ишесиз! 29Мине, Мен Өз атым менен аталған қалаға апат жибериўди басладым. Сизлер жазасыз қаламан деп ойлайсыз ба? Жазасыз қалмайсыз, себеби Мен жер бетинде жасап атырған ҳәр бир адамға қылыш жиберемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси». 30Сонлықтан мына сөзлердиң ҳәммесин оларға пайғамбаршылық етип айт: «Жаратқан Ийе жоқарыдан гүркиреп,Мухаддес мәканынан саза береди.
Өз жайлаўындағы халқына бар даўысы менен гүркирейди.
Пүткил жер бети турғынларына қарсы,
Жүзим басқылағанның бақырғанындай бақырады.
31Ақырыўы жер бетиниң ушларына жетеди,
Себеби Жаратқан Ийениң миллетлерге даўасы бар.
Ол пүткил адамзатқа ҳүким шығарып,
Залымларды қылыштан өткереди, – дейди Жаратқан Ийе.
32Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
Қараңлар, апат халықтан халыққа өтпекте.
Жер бетиниң шетинен,
Қорқынышлы даўыл турмақта.
33Сол күни Жаратқан Ийениң өлтиргенлери жердиң бир шетинен екинши шетине дейин жайрап қалады. Оларға жоқлаў айтылмайды, жыйнап алынбайды, жерленбейди, тезек сыяқлы шашылып жатады. 34Шопанлар жылап, дад-пәрияд қылың!
Сүриўдиң басшылары, күлге аўнаң!
Сизлердиң баўызланып, тарқатылатуғын күниңиз келди,
Қулатылып, қымбатбаҳа ыдыс сыяқлы сындырыласыз.
35Шопанлар қаша алмас,
Сүриў басшылары қутылып кетпес.
36Шопанлардың пәрияд еткен даўысы,
Сүриў басшыларының еңиреп жылағанлары еситилип тур.
Жаратқан Ийе олардың жайлаўларын жайпап таслап атыр.
37Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби себепли,
Тыныш жайлаўлар набыт болмақта.
38Ол арысландай болып ининен шықты.
Оның лаўлаған ғәзебинен,
Басқыншылардың қылышынан,
Олардың жери қаңырап бос қалады».
Copyright information for
KaaIBT22C