‏ Jeremiah 26

Халық Еремияны өлтирмекши

1Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийениң сөзи аян болды. 2Жаратқан Ийе былай деди:

– Мениң Үйимниң ҳәўлисине барып тур да, Яҳуда қалаларынан сыйыныў ушын сол жерге келгенлердиң ҳәр бирине саған айтыўды буйырған сөзлеримниң бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин айт.
3Олар қулақ салып, ҳәр бири жаман жолынан қайтыўы мүмкин. Сонда Мен ырайымнан қайтып, олардың жаўыз ислери ушын жаўдырмақшы болған апатты жибермеймен. 4Оларға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Егер сизлер Мени тыңламасаңыз ҳәм өзлериңизге берген Нызамымды орынламасаңыз, 5қайта-қайта жиберген қулларым болған пайғамбарларымның сөзлерине қулақ аспаўды даўам етсеңиз, 6онда Мен бул Үйди Шило сыяқлы жоқ қыламан. Бул қаланы болса, жер жүзиниң пүткил миллетлери ушын нәлетий қыламан».

7Руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Үйинде Еремияның айтқан бул сөзлерин еситти. 8Еремия Жаратқан Ийениң пүткил халыққа айт деп өзине буйырған сөзлериниң ҳәммесин айтып болыўдан, руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Еремияны тутып алып:

– Сен сөзсиз өлесең!
9Неге сен: «Бул Үй Шилодай болады, ал бул қала адамсыз қарабақанаға айланады», – деп, Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық етесең? – деди. Жаратқан Ийениң Үйинде пүткил халық Еремияның айналасына топланды.

10Яҳуда басшылары буны еситкенде, олар патшаның сарайынан Жаратқан Ийениң Үйине келди ҳәм Жаратқан Ийениң Үйиниң Таза дәрўазасының кирер аўзындағы өз орынларына отырды. 11Сонда руўханийлер менен пайғамбарлар басшыларға ҳәм пүткил халыққа:

– Өз қулақларыңыз бенен еситкениңиздей, бул адам усы қалаға қарсы пайғамбаршылық қылды. Сонлықтан бул адам өлим жазасына ылайықлы! – деди.

12Сонда Еремия барлық басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай деди:

– Жаратқан Ийе мени бул Үй ҳәм қала ҳаққында жаңа еситкен сөзлериңизди пайғамбаршылық етиў ушын жиберди.
13Енди жолларыңызды ҳәм ислериңизди дүзетип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың. Сонда Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, сизлерге жиберемен деген апатын жибериўден ўаз кешеди. 14Маған келсек, мен сизлердиң қолыңыздаман, көзиңизге не жақсы ҳәм дурыс болып көринсе, соны ислең. 15Бирақ мынаны билип қойың: егер мени өлтирсеңиз, бул қала да, оның турғынлары да, сизлер де төгилген бийгүна қан ушын жуўапкер боласыз. Ҳақыйқаттан да, бул сөзлердиң ҳәммесин қулағыңызға жеткериў ушын мени Жаратқан Ийе сизлерге жиберди.

16Сонда басшылар менен пүткил халық руўханийлер менен пайғамбарларға:

– Бул адам өлимге ҳүким етилмеўи керек. Ол бизлерге Қудайымыз Жаратқан Ийениң атынан сөйледи, – деди.

17Сонда сол жердиң ақсақалларынан бир нешеси алдыға шығып, жыйналған халыққа былай деди:

18– Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде морешетли Миха пайғамбаршылық етип, пүткил Яҳуда халқына былай деген еди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:

Сион егин майданы киби сүрилип,
Ерусалим қарабақанаға айланады,
Ибадатхана турған таўды,
Тоғай қаплайды» .

19Буның ушын Яҳуда патшасы Хизкия ямаса Яҳуда халқынан бири Миханы өлтирип пе еди? Қайтама, Хизкия Жаратқан Ийеден қорқып, Оннан реҳим сораған жоқ па еди? Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, оларға жиберемен деген апатын жибермей қойған жоқ па еди? Бизлер болсақ, өзимизге үлкен апат жаўдырайын деп турмыз.

20Кирят-Яримнен Шемая улы Урия деген бир адам да Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылып жүрген еди. Ол да тап Еремияға уқсап, бул қала ҳәм елге қарсы пайғамбаршылық қылды. 21Патша Еҳояким өзиниң әскербасылары ҳәм барлық ҳәмелдарлары менен оның сөзлерин еситкенде, оны өлтирмекши болды. Урия буны еситкенде қорқып кетип, Мысырға қашып кетти. 22Патша Еҳояким Ахбор улы Элнатанды бир неше адамлар менен Мысырға жиберди. 23Олар Урияны Мысырдан алып шығып, Еҳояким патшаға алып келди. Ол Урияны қылыш пенен өлтирип, денесин қарапайым халық жерленетуғын мазарға ылақтырды.

24Бирақ Шафан улы Ахиқам Еремияны қорғағаны себепли, Еремия өлтирилиў ушын халықтың қолына берилмеди.
Copyright information for KaaIBT22C