Jeremiah 27
Яҳуданың Набуходоносорға берилиўи
1Яҳуда патшасы Иошияның улы Седекияның ▼▼ Седекия – Базы қолжазбаларда «Еҳояким».
патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти. 2Жаратқан Ийе маған былай деди: – Қайыс пенен ағаштан мойынтырық ислеп, оны мойныңа тақ. 3Соңынан Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға келген елшилер арқалы Эдом, Моаб, Аммон, Тир ҳәм Сидон патшаларына хабар жибер. 4Елшилерге өз мырзаларына мына хабарды билдириўин буйыр: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мырзаларыңызға мынаны айтыңлар: 5Бул дүньяны, жер бетинде жасап атырған адамларды ҳәм ҳайўанларды Мен уллы қүдиретим ҳәм созылған қолым менен жараттым. Солай екен, оны қәлеген адамыма беремен. 6Енди бул жерлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы қулым Набуходоносорға бердим. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым. 7Оның елиниң ақырғы күни келгенше, барлық миллетлер оның өзине, улына ҳәм ақлығына хызмет етеди. Кейин көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оның өзин қул қылады. 8Егер қандай да бир миллет ямаса патшалық Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етпесе, оның мойынтырығын тақпаса, сол миллетти Мен бул патшаның қолы менен жоқ қылмағанымша, қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. 9– Соның ушын: „Бабилония патшасына хызмет қылмайсыз“, – деп атырған пайғамбарларыңызға, палкерлериңизге, түс жорыўшыларыңызға, болжаўшыларыңызға, сыйқыршыларыңызға қулақ салмаң. 10Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Буның нәтийжесинде, Мен сизлерди елиңизден айдап шығып, сүргин қыламан, ақыбетте набыт боласыз. 11Бирақ Бабилония патшасының мойынтырығын тағып, оған хызмет еткен миллетти өз жеринде қалдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз жеринде жасап, өз жерине ислеў береди». 12Мен Яҳуда патшасы Седекияға да сол сөзлерди айтып былай дедим: «Бабилония патшасының мойынтырығын тағып алың, оған ҳәм оның халқына хызмет етип, тири қалың. 13Жаратқан Ийе Бабилония патшасына хызмет етпеген ҳәр бир миллетти өлтиретуғынын айтқан еди. Солай екен, сизге ҳәм халқыңызға қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен набыт болыўдың неге кереги бар? 14„Бабилония патшасына хызмет қылма“, – деп айтып атырған жалған пайғамбарлардың сөзлерине қулақ аспаң. Олар жалған пайғамбаршылық қылып атыр. 15Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе, – бирақ олар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Сонлықтан Мен сизлерди қуўып жиберемен. Сизлер ҳәм сизлерге пайғамбаршылық етип атырған пайғамбарларыңыз набыт боласыз». 16Соңынан мен руўханийлерге ҳәм пүткил халыққа қарата сөйледим: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Жақында Жаратқан Ийениң Үйиндеги затлар Бабилоннан қайтып алып келинеди“, – деп атырған пайғамбарларға қулақ салмаң. Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылмақта. 17Оларға қулақ салмаң. Бабилония патшасына хызмет етиң ҳәм аман қалың. Не ушын бул қала қарабақанаға айланыўы керек? 18Егер олар пайғамбар болса, оларда Жаратқан Ийениң сөзи болса, онда олар Жаратқан Ийениң Үйинде, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған затлардың Бабилонға алып кетилмеўин сорап, Әлемниң Жаратқан Ийесине жалбарынсын. 19Әлемниң Жаратқан Ийеси Ибадатханадағы қоладан исленген затлар: өрелер, ҳәўиз, түбелдирик, бул қалада қалған басқа затлар туўралы айтады. 20Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехонияны, Яҳуданың ҳәм Ерусалимниң барлық ақсүйеклерин Ерусалимнен Бабилонға сүргин етип алып кеткенде, айырым затларды қалдырып кеткен еди. 21Аўа, Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз Үйинде, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған сол затлар туўралы былай дейди: 22„Олар Бабилонға алып кетиледи. Мен оларға нәзер аўдармағанымша, олар сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе. – Кейин Мен оларды қайтарып алып келемен“».
Copyright information for
KaaIBT22C