‏ Jeremiah 28

Жалған пайғамбар Ханания

1Сол жылы, төртинши жылдың бесинши айында, Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басында, гибонлы Аззур улы пайғамбар Ханания Жаратқан Ийениң Үйиндеги руўханийлер менен халықтың алдында маған былай деди:

2– Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Бабилония патшасының мойынтырығын сындыраман. 3Еки жыл өтпей, Бабилония патшасы Набуходоносор бул жерден Бабилонға алып кеткен Жаратқан Ийениң Үйине тийисли затлардың ҳәммесин қайтарып алып келемен. 4Және Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония менен Бабилонияға сүргин етилген пүткил яҳудалыларды бул жерге қайтарып алып келемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилония патшасының мойынтырығын сындырып таслайман».

5Сонда мен, Еремия пайғамбар Жаратқан Ийениң Үйинде турған руўханийлердиң ҳәм пүткил халықтың алдында пайғамбар Хананияға 6былай дедим:

– Аўмийин! Жаратқан Ийениң айтқаны келсин! Жаратқан Ийе Өз Үйинен алып кетилген затларды ҳәм тутқынларды Бабилоннан бул жерге қайтарып, сениң пайғамбаршылық етип айтқан сөзлериңди әмелге асырсын.
7Бирақ мениң саған ҳәм мына халықтың ҳәммесине айтатуғын сөзимди тыңла. 8Меннен де, сеннен де бурын жасап кеткен пайғамбарлар көп жерлерге ҳәм уллы патшалықларға қарсы урыс, ашлық ҳәм иллет болады деп пайғамбаршылық еткен. 9Бирақ тынышлық болады, деп пайғамбаршылық еткен пайғамбардың сөзи жүзеге асқаннан кейин ғана, сол пайғамбарды ҳақыйқаттан да Жаратқан Ийе жибергени белгили болған еди.

10Сонда Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты алып, сындырды да, 11топланып турған халыққа былай деди:

– Жаратқан Ийе былай дейди: «Еки жыл өтпей, Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың мойынтырығын барлық миллетлердиң мойнынан алып, усылай сындыраман».

Буннан кейин, Еремия өз жолы менен кетти.

12Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты сындырғанынан кейин көп өтпей, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

13– Барып, Хананияға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сен ағаштан исленген мойынтырықты сындырдың, енди оның орнын темирден исленген мойынтырық ийелейди. 14Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул миллетлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етиўге мәжбүрлеў ушын, мойнына темир мойынтырық салдым, олар оған хызмет етеди. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым».

15Еремия пайғамбар Ханания пайғамбарға былай деди:

– Қулақ сал, Ханания! Сени Жаратқан Ийе жибермеди, сен бул халықты жалғанға исениўге мәжбүр қылдың.
16Соның ушын Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени жер бетинен сыпырып таслайман. Жаратқан Ийеге қыянет етиўге шақырғаның ушын, усы жылы-ақ өлесең».

17Солай етип, сол жылдың жетинши айында Ханания дүньядан өтти.
Copyright information for KaaIBT22C