‏ Jeremiah 29

Сүргиндегилерге жазылған хат

1Пайғамбар Еремия Ерусалимнен Бабилонияға Набуходоносор тәрепинен тутқын қылып алып кетилген тутқынлар арасында аман қалған ақсақалларға, руўханийлерге, пайғамбарларға ҳәм пүткил халыққа Ерусалимнен хат жоллады. 2Бул хат Ехония патша менен оның анасы, сарай хызметкерлери, Яҳуда ҳәм Ерусалим басшылары, өнерментшилер ҳәм темиршилер Ерусалимнен сүргин етилгеннен кейин жазылды. 3Хат Яҳуда патшасы Седекияның Бабилония патшасы Набуходоносорға жиберген адамлары, Шафан улы Эласа ҳәм Хилкия улы Гемария арқалы берип жиберилди. Хатта былай деп жазылған еди:

4«Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи Ерусалимнен Бабилонияға сүргин еткен ҳәр бир адамға былай дейди: 5Үйлер қурып, орналасың, бағ егип, оның жемисин жең. 6Үйленип, ул-қызлы болың. Улларыңызды үйлендирип, қызларыңызды турмысқа бериң. Олардан да уллар ҳәм қызлар дүньяға келсин. Ол жерде азаймаң, қайта көбейиң. 7Мен сизлерди тутқын етип жиберген қаланың абаданшылығын тилең. Ол қала ушын Жаратқан Ийеге дуўа етиң, сизлердиң абадан турмыс кешириўиңиз оның абаданшылығына байланыслы.

8Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Араңыздағы пайғамбарлар менен палкерлериңизге өзиңизди алдатпаң. Олар көрген түслерин айтқанда қулақ салмаң. 9Олар Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық айтады. Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе.

10Жаратқан Ийе былай дейди: Бабилонияда болғаныңызға жетпис жыл толғанда, Мен сизлерге нәзер аўдарып, сизлерди усы жерге қайтарып алып келемен деген ийгиликли ўәдемди орынлайман. 11Мен сизлер ушын дүзген жобаларымды Өзим билемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Бул жобаларым сизлерге апат емес, ал абаданшылық алып келеди, келешекке үмит бағышлайды. 12Сонда сизлер Мени шақырасыз, келип, Маған дуўа етесиз. Мен де сизлерди еситемен. 13Сизлер Мени излейсиз, егер шын жүректен излесеңиз, табасыз. 14Аўа, Мени табасыз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң абаданшылығыңызды қайта тиклеймен. Мен сизлерди қуўғын қылған жерлеримниң ҳәммесинен, барлық миллетлер арасынан жыйнап аламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерди қай жерден сүргин қылған болсам, сол жерге қайтып алып келемен.

15Бирақ сизлер: „Жаратқан Ийе Бабилонияда бизлерге пайғамбарлар берди“, – дейсиз. 16Жаратқан Ийе Даўыттың тахтында отырған патша ҳаққында, бул қалада қалған пүткил халық ҳаққында, сизлер менен сүргинге кетпеген туўысқанларыңыз ҳаққында билдирди. 17Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен оларға қылыш, ашлық ҳәм иллет жибердим. Оларды жеўге болмайтуғын ширик әнжирдей қыламан. 18Қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен олардың изинен қуўып, жер бетиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейин ушыраман. Мен оларды қуўып жиберген миллетлер арасында олар ғарғысқа қалады, қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланып, насаққа қалады. 19Себеби олар Мениң сөзлеримди ҳәм қайта-қайта өзлерине жиберген қулларым пайғамбарлардың сөзлерин тыңламады, – дейди Жаратқан Ийе.

20Сонлықтан ҳәй, барлық сүргиндегилер, Ерусалимнен Бабилонияға сүргин қылғанларым, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 21Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық қылған Қолая улы Ахаб пенен Маасея улы Седекия ҳаққында Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Оларды Бабилония патшасы Набуходоносорға тәслим етемен. Ол екеўин де сизлердиң көз алдыңызда өлтиреди. 22Солай етип, Яҳудадан Бабилонға сүргин етилгенлер арасында: „Жаратқан Ийе сени Бабилония патшасы тирилей отта жаққан Седекия ҳәм Ахабтай қылсын“, – деген ғарғыс пайда болады. 23Олар Израилда жарамас ислерди иследи, қоңсыларының ҳаяллары менен бузықшылық қылды, Мен буйырмасам да, Мениң атымнан жалған сөзлерди айтты. Мен буларды билемен ҳәм Өзим оларға гүўаман, – дейди Жаратқан Ийе».

Шемая туўралы билдириў

24– Нехеламлы Шемаяға айтыңлар: 25«Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сен Ерусалимдеги пүткил халыққа, Маасеяның улы руўханий Сефанияға ҳәм басқа барлық руўханийлерге өзиңниң атыңнан былай деп хатлар жоллапсаң:

26„Руўханий Еҳояданың орнына Жаратқан Ийе сени руўханий етип тайынлады. Жаратқан Ийениң Үйиниң қадағалаўшысы сыпатында, өзин пайғамбар етип көрсеткен ҳәр бир телбени кисенлеп, темир буғаў менен буғаўлаўың керек. 27Солай екен, не ушын араңызда пайғамбаршылық қылып жүрген анатотлы Еремияға шара көрмедиңиз? 28Себеби ол бизлерге, Бабилонияға хат жоллап: Сүргин узақ даўам етеди. Өзлериңизге үйлер қурып, оларда жасаңлар. Бағлар отырғызып, олардың мийўесин жеңлер, – деп жазыпты“».

29Руўханий Сефания бул хатты пайғамбар Еремияға еситтирип оқыды. 30Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

31– Сүргиндегилердиң ҳәммесине мына хатты жибер:

«Жаратқан Ийе нехеламлы Шемая ҳаққында былай дейди: Мен оны жибермеген болсам да, Мениң атымнан сизлерге пайғамбаршылық қылып, жалғанға исендирди.
32Мен нехеламлы Шемаяны ҳәм оның урпақларын жазалайман. Оның әўладынан ҳеш бири бул халық арасында жасамайды ҳәм халқыма ислейтуғын жақсылығымды көрмейди, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби ол Маған қарсы сөйледи».
Copyright information for KaaIBT22C