Jeremiah 30
Жаратқан Ийениң Өз халқына ўәде бериўи
1Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 2Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай деди: – Саған айтқан сөзлеримниң ҳәммесин бир орама китапқа жаз. 3Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – халқым Израил менен Яҳуданың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен. Мен оларды ата-бабаларына берген жериме қайтарып алып келемен, олар сол жерге ийелик қылады, – дейди Жаратқан Ийе. 4Израил ҳәм Яҳуда ҳаққында Жаратқан Ийе айтқан сөзлер мыналар: 5«Жаратқан Ийе былай дейди:Сизлер тынышлық емес,
Ала-сапыран ҳәм қорқыныш даўысын еситип турсыз.
6Енди сораң ҳәм көриң!
Еркек бала туўа ма?
Неге толғақ тутқан ҳаялдай,
Ҳәр бир еркектиң қолын белинде көрип турман?
Неге ҳәммесиниң жүзи солғын?
7Қандай қорқынышлы күн!
Оған уқсаған күн басқа болмаған.
Бул Яқып урпағы ушын апат ўақты,
Бирақ олар оннан қутқарылады.
8Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, –
Мен мойнындағы мойынтырықты сындыраман,
Буғаўларды қопараман.
Буннан былай басқа миллетлерге хызмет етпейди.
9Енди Қудайы Жаратқан Ийеге ҳәм Мен тахтқа отырғызған,
Даўыт әўладынан болған патшаға хызмет етеди.
10Сен, қулым Яқып, қорқпа,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Қәўетерленбе, Израил!
Мен сени қутқарып, узақ елден,
Урпақларыңды тутқын болған елинен қайтараман.
Яқып, сен қайтып келесең,
Бийқәтер ҳәм тыныш жасайсаң.
Сени қорқытатуғынлар да болмайды.
11Ал Мен сениң менен биргемен,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Сени қутқараман.
Сени арасына шашқан,
Миллеттиң бәрин жоқ қыламан.
Тек сени жоқ қылмайман.
Бирақ сени әдалатлық пенен тәрбиялайман,
Сени жазасыз қоймайман.
12Жаратқан Ийе былай дейди:
Жарақатларың шыпасыз,
Жараң аўыр.
13Сениң даўаңды ҳеш ким қорғамайды,
Жараңа шыпа беретуғын дәри жоқ,
Саған ҳеш қандай шыпа жоқ.
14Ойнасларыңның ҳәммеси сени умытты,
Олар сени излемейди.
Айыбың аўыр,
Гүнаң шексиз болғаны ушын,
Сени душпан киби соққыладым,
Аяўсыз жазаладым.
15Неге жарақатың ушын,
Шыпасыз дәртиң ушын пәрияд етесең?
Қылмысың аўыр,
Гүнаң шексиз болғаны ушын,
Саған солай иследим.
16Бирақ сени жалмағанлар, жалманады,
Барлық душпанларың,
Олардың ҳәр бири сүргин етиледи.
Сени талағанлар, таланады,
Сени олжа қылғанлардың өзлерин,
Мен олжа қыламан.
17Сени: „Таслап кетилген“, – деп атап,
„Сионның ҳеш кимге кереги жоқ“, – деп айтса да,
Мен саған шыпа берип,
Дәртиңнен жазаман, – дейди Жаратқан Ийе.
18Жаратқан Ийе былай дейди:
Мен Яқыптың шатырының абаданшылығын қайта тиклеймен,
Оның турақ жайларына реҳим етемен.
Қала қарабақаналары үстине қайта қурылады,
Бурынғы орнына сарай салынады.
19Олардан тәрийиплеў қосықлары,
Қуўаныш сеслери еситиледи.
Мен оларды көбейтемен, енди азаймайды,
Оларды абырайлы қыламан, аяқ асты болмайды.
20Балалары бурынғыдай өмир сүреди,
Жәмийети алдымда беккемленеди.
Оларға жәбир көрсеткенлерди жазалайман.
21Көсеми олардың өзинен болады,
Ҳүкимдары олардың арасынан шығады.
Мен оны жақынлатаман,
Ол Маған жақын болады,
Өзинше Маған жақынлаўға ким жүрек етеди?
– дейди Жаратқан Ийе. –
22Сизлер Мениң халқым боласыз,
Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан».
23Мине, Жаратқан Ийениң даўылы,
Ғәзепке минип, көтерилди.
Күшли қуйын көтерилип,
Наҳақлардың басына дөнеди.
24Жүректеги нийетин әмелге асырмағанша,
Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби сөнбейди.
Ўақты келгенде сизлер буны түсинесиз.
Copyright information for
KaaIBT22C