‏ Jeremiah 31

1«Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израил тийрелериниң ҳәммесиниң Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады».

2Жаратқан Ийе былай дейди:
«Қылыштан аман қалған халық,
Шөлде мийрим табады.
Мен Израилды тынышландырыўға келемен.
3Бурынырақта Жаратқан Ийе Израилға көринип, былай деген еди:
Мәңгилик сүйиспеншилик пенен сени сүйип,
Саған мийрим көрсетиўди даўам еттим.
4Сени және аяққа турғызаман,
Сен аяққа турасаң, пәк қыз Израил!
Және дәплер менен безенип,
Кеўил көтергенлер менен аяқ ойынға түсесең.
5Самария таўларында және жүзимзарлар отырғызасаң,
Бағ отырғызғанлар оның мийўесинен дәм татады.
6Сондай күнлер келеди,
Эфрайым таўлы үлкесиндеги гүзетшилер:
„Турыңлар, Сионға,
Қудайымыз Жаратқан Ийениң жанына шығайық“, – деп бақырады».

7Жаратқан Ийе былай дейди:
«Яқып ушын қуўаныш пенен қосық айтың,
Миллетлердиң басшысы ушын даўыслап алғыс айтың.
Алғыслап былай деңлер:
„Жаратқан Ийе, қутқар халқыңды,
Израилдан аман қалғанларын“.
8Мине, Мен оларды арқадағы еллерден,
Дүньяның төрт тәрепинен жыйнайман.
Олардың арасында соқыр, ақсақ,
Ҳәмиледар ҳәм енди босанғанлар да болады.
Олар уллы жыйын болып бул жерге қайтады.
9Олар жылап-сықлап келеди,
Алып киятырғанымда жалбарынады.
Оларды ағын суўлар бойлап жетелеймен,
Сүрникпесин деп, тегис жоллардан алып жүремен.
Мен Израилдың әкеси екенмен,
Эфрайым да Мениң туңғышым.

10Ҳәй, миллетлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлап,
Оны узақтағы жағалаўларда жәриялап былай деңлер:
„Израилды тарқатып жиберген, оны топлайжақ,
Шопанның өз сүриўин қорғағанындай оны қорғайды“.
11Себеби Жаратқан Ийе Яқыпты азат етип,
Оны өзинен күшли болғанның қолынан қутқарады.
12Олар келип, Сионның бәлент төбесинде,
Қуўанып, қосық айтады,
Жаратқан Ийе берген берекетке,
Бийдай, шарап, зәйтүн майы,
Қой сүриўлери ҳәм мал падалары себепли,
Жүзлеринен нур жаўады.
Олар суўғарылған бағ киби,
Енди ҳасла солымайды.
13Сонда жас қызлар шадланып, аяқ ойынға түседи,
Өспирим ҳәм үлкен жастағы еркеклер бирге қуўанады.
Мен олардың қайғысын қуўанышқа айландыраман,
Ҳәсиретине тәселле берип, қуўаныш бағышлайман.
14Руўханийлерин сыпатлы азық пенен тойдыраман,
Халқым берекетиме тояды», – дейди Жаратқан Ийе.

15Жаратқан Ийе былай дейди:
«Рамадан бир даўыс еситиледи,
Жылаған ҳәм пәрияд қылған даўыслар!
Балаларын жоқлап жылар Раҳила,
Жубанғысы келмес,
Өйткени жоқ енди олар».

16Жаратқан Ийе былай дейди:
«Дад салыўды тоқтат, көз жасларыңды сүрт,
Шеккен азабыңның есеси төленеди,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Балаларың душпан журтынан қайтып келеди.
17Сениң келешегиңнен үмит бар,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Балаларың өз журтына қайтып келеди.

18Мен Эфрайымның ҳәсиретли даўысын еситтим:
„Мен қырсық бир тана сыяқлы едим,
Мени тәрбияладың, мен де сабақ алдым.
Мени қайта тикле, алдыңа қайтып барайын,
Өйткени Қудайым Жаратқан Ийе – Сенсең.
19Адасқаннан кейин, өкинип тәўбе қылдым,
Ақылым киргенде, саныма урып жыладым.
Жаслығымда ислеген айып ислерим себепли,
Уялып, шерменде болдым“.

20Эфрайым Мениң әзиз улым емес пе?
Ол Мениң сүйикли балам емес пе?
Оған аўыр сөз айтқан ўақтымда да,
Оны ядымнан шығармай, сүйиспеншилик пенен еслеймен.
Қәлбим оны күсейди,
Оған сөзсиз реҳим етемен,
– дейди Жаратқан Ийе. –
21Өзиң ушын жол белгилерин қой,
Жол көрсететуғын сүтинлер орнат.
Жүрген жолыңа дыққат қой.
Пәк қыз Израил, изге қайт,
Өзиңниң қалаларыңа қайт.
22Қашанға дейин гезип жүрмекшисең, ҳәй бийопа қыз?
Жаратқан Ийе дүньяда бурын болмаған нәрсе жаратты:
Ҳаял еркектиң дыққатын тартады».

23Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы былай дейди: «Мен олардың абаданшылығын қайта тиклегенимде, олар Яҳуда жеринде ҳәм оның қалаларында мына сөзлерди айтады:

„Жаратқан Ийе сени жарылқасын,
Әдиллик мәканы, мухаддес таў!“

24Дийханлар ҳәм мал изиндеги шопанлар Яҳудада ҳәм оның қалаларында бирге жасайды. 25Мен шаршағанлардың шөлин қандырып, руўхый түңилгенлерди руўхландыраман.

26Сонда мен оянып кетип қарасам, ҳәз етип уйықлаған екенмен.

27Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израилда ҳәм Яҳудада адамларды ҳәм ҳайўанларды көбейтемен. 28Бурын Мен оларды қадағалап турған, суўырып таслап, ўайран қылған, аўдарып таслап, жер менен жексен еткен, басларына апат келтирген болсам, енди Мен қурыў ҳәм беккемлеў ушын оларға нәзер саламан, – дейди Жаратқан Ийе. 29– Сол күнлерде адамлар былай деп айтпайтуғын болады:

„Әкелер қышқыл жүзим жейди,
Ал балалардың тиси қамасады“.

30Енди ҳәр бир адам өз айыбы ушын өзи өледи. Ким қышқыл жүзим жесе, соның тиси қамасады».

Жаңа келисим

31«Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен. 32Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда олар менен дүзген келисимдей болмайды. Мен олардың хожайыны болсам да, олар сол келисимди бузды, – дейди Жаратқан Ийе.

33Бирақ сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады. 34Буннан былай ҳеш ким өз достына ямаса өз туўысқанына: „Жаратқан Ийени танып бил“, – деп үйретпейтуғын болады. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин ҳәммеси Мени таныйтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың қылмысларын кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман».

35Күндиз жақты болсын деп, қуяшты берген, түнде жарық болсын деп, ай ҳәм жулдызларға қағыйда берген, толқынларының шуўылдасыўы ушын теңизди өшегистирген Жаратқан Ийе, аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған былай дейди:

36«Егер бул қағыйдалар Мениң алдымда ҳәрекеттен тоқтаса, – дейди Жаратқан Ийе, – онда Израил нәсили де миллет болыўдан мәңгиге айырылады».

37Жаратқан Ийе былай дейди: «Жоқарыдағы аспанды өлшеўге болмайтуғындай, төмендеги жердиң тийкарын табыў мүмкин болмайтуғындай, ислеген барлық ислери ушын, пүткил Израил нәсилин Мен де тәрк ете алмайман, – дейди Жаратқан Ийе.

38Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Хананел минарасынан Мүйеш дәрўазасына шекем қала Мен ушын қайта қурылады. 39Жерди өлшейтуғын жип сол жерден туўры Гареб төбешигине дейин созылып, Гоаға бурылады. 40Өли денелер ҳәм күллер тасланған пүткил ойпатлық, Кидрон сайына шекемги барлық атызлар, шығыстағы Ат дәрўазасының мүйешине шекемги жерлер Жаратқан Ийе ушын мухаддес болады. Қала енди ҳеш қашан ўайран қылынбайды ҳәм қуламайды».
Copyright information for KaaIBT22C