Jeremiah 31:31-34
Жаңа келисим
31«Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен. 32Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда олар менен дүзген келисимдей болмайды. Мен олардың хожайыны болсам да, олар сол келисимди бузды, – дейди Жаратқан Ийе. 33Бирақ сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады. 34Буннан былай ҳеш ким өз достына ямаса өз туўысқанына: „Жаратқан Ийени танып бил“, – деп үйретпейтуғын болады. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин ҳәммеси Мени таныйтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың қылмысларын кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман».
Copyright information for
KaaIBT22C