‏ Jeremiah 32

Еремияның атыз сатып алыўы

1Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының оныншы жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Сол жылы Набуходоносордың патшалығының он сегизинши жылы еди. 2Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалимди қамал қылып турған, ал пайғамбар Еремия Яҳуда патшасының сарайындағы сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған еди. 3Яҳуда патшасы Седекия оны қамап қойып, сен не ушын булай пайғамбаршылық еттиң деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасының қолына беремен, ол қаланы басып алады. 4Яҳуда патшасы Седекия калдейлердиң қолынан қутыла алмайды, ол Бабилония патшасының қолына тапсырылады ҳәм оны өз көзлери менен көрип, оның менен жүзбе-жүз сөйлеседи. 5Ол Седекияны Бабилонға алып кетеди. Мен Седекияға кеўил аўдармағанымша, ол сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе, – Калдейлерге қарсы гүрессеңиз де, жеңиске ериспейсиз».

6Еремия былай деп жуўап берди:

– Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
7«Ағаң Шаллумның улы Ханамел келип, саған: „Мениң Анатоттағы атызымды сатып ал. Мениң ең жақын ағайиним болғаның себепли, оны сатып алыўға ҳақың бар ҳәм буған миннетлисең“, – дейди».

8Соңынан Жаратқан Ийениң айтқанындай, ағамның улы Ханамел сақшылар ҳәўлисине, маған келип: «Бенямин жери аймағындағы Анатоттағы атызымды сатып ал. Оны сатып алып, өз ўазыйпаңды орынла. Оны сатып алса», – деди. Сонда мен бул сөздиң Жаратқан Ийеден түскенин билдим. 9Кейин мен Анатоттағы атызды ағамның улы Ханамелден сатып алдым. Оған он жети шекел
Он жети шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмисти өлшеп бердим.
10Алды-сатты шәртнамасына қол қойып, мөримди бастым ҳәм гүўаларды шақырып, гүмисти өлшеп бердим. 11Мен нызам-қағыйдалары жазылған мөрленген шәртнаманың түп нусқасын ҳәм мөрленбеген бир нусқасын алып, 12бул алды-сатты шәртнамасын ағамның улы Ханамелдиң, оған қол қойған гүўалардың ҳәм сақшылар ҳәўлисинде мениң менен қамақта отырған барлық яҳудийлердиң көз алдында Махсеяның ақлығы Нерияның улы Барухқа бердим. 13Олардың көз алдында Барухқа былай деп тапсырма бердим: 14«Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул алды-сатты шәртнамасының мөрленген ҳәм мөрленбеген нусқаларын алып, узақ ўақыт сақланыўы ушын, ылай гүзеге салып қой. 15Себеби Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул жерде және үйлер, атызлар ҳәм жүзимзарлар сатып алынады».

Еремияның дуўасы

16Алды-сатты шәртнамасын Нерия улы Барухқа берип болып, Жаратқан Ийеге дуўа еттим:

17«О, Қудай Ийе! Уллы қүдиретиң ҳәм созылған қолың менен Сен көклерди ҳәм жерди жараттың. Саған мүмкин емес нәрсениң өзи жоқ. 18Сен мыңыншы әўладқа шекем мийрим көрсетесең, бирақ әкелериниң айыпларының жазасын балаларына тарттырасаң. Уллы ҳәм күшли Қудай, Сениң атың – Әлемниң Жаратқан Ийеси. 19Сениң нийетлериң уллы ҳәм ислериң қүдиретли. Сен адамзаттың жолларының ҳәммесин көрип турасаң, ҳәр бир адамға тутқан жолына, исиниң мийўесине жараса қайтарасаң. 20Сен Мысырда белгилер ҳәм кәраматлар көрсеттиң. Ҳәзирге дейин буларды Израилда ҳәм адамзат арасында көрсетип, ҳәзирги күнге шекем Өзиңди даңққа бөледиң. 21Белгилер ҳәм кәраматлар менен, күшли ҳәм созылған қолың менен ҳәм уллы айбатың менен халқың Израилды Мысыр жеринен алып шықтың. 22Ата-бабаларына беремен деп ант ишкен бул жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди оларға бердиң. 23Олар келип, сол жерди ийелеп алды. Бирақ Саған қулақ аспады, Сениң Нызамыңа сай жасамады ҳәм Сен буйырған ислерди қылмады. Сонлықтан Сен бул апатлардың ҳәммесин олардың басына жаўдырдың.

24Қара, душпанлар қаланы қолға киргизиў ушын топырақ үймекте. Қылыш, ашлық ҳәм иллет себепли қала өзине ҳүжим қылған калдейлердиң қолына түсти. Көрип турғаныңдай, айтқанларың жүзеге асты. 25О Қудай Ийе, қала калдейлердиң қолына берилген болса да, Сен маған: Гүўалардың қатнасыўында гүмиске атыз сатып ал, – дедиң».

Қудайдың жуўабы

26Буннан кейин Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

27– Мен – пүткил адамзаттың Қудайы Жаратқан Ийемен. Маған мүмкин емес нәрсениң өзи бар ма? 28Сонлықтан Жаратқан Ийе болған Мен былай деймен: Мен бул қаланы калдейлерге ҳәм Бабилония патшасы Набуходоносорға беремен. Олар қаланы қолға алады. 29Бул қалаға ҳүжим қылатуғын калдейлер келип, оған от қояды. Үшеклеринде Баал бутына хош ийисли түтеткилер түтеткен ҳәм басқа қудайларға ишимлик садақаларын қуйып, Мениң қәҳәримди келтирген адамлардың үйлерин толық өртеп жибереди.

30Израил ҳәм Яҳуда халқы жаслығынан Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи. Аўа, Израил халқы қолларының иси менен бәрқулла Мениң ғәзебимди келтирди, – дейди Жаратқан Ийе. 31– Бул қала бина болғаннан баслап, бүгинге дейин қала халқы Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан оны дәргайымнан қуўып жиберемен. 32Израил ҳәм Яҳуда халқы, олардың патшалары, ҳәмелдарлары, руўханийлери, пайғамбарлары, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары – барлығы жаўыз ислер ислеп, Мениң ғәзебимди келтирди. 33Олар Маған жүзин емес, ал арқасын қаратты. Мен оларға зинҳарлап үйреттим, бирақ олар тыңламады, тәрбиямды алмады, нәсиятымды қабыл етпеди. 34Мениң атым менен аталатуғын Үйге жеркенишли затларын қойып, оны ҳарамлады. 35Ул ҳәм қызларын Молох бутына арнап отта жағып қурбанлыққа бериў ушын, Баалға арнап Бен-Ҳинном ойпатлығына сыйыныў орынларын қурды. Бундай жеркенишли исти қылып, Яҳуданың гүнаға батыўын Мен буйырмағанман, ҳәтте, бул қыялыма да келмеген.

36Бирақ сизлер: «Қылыш, ашлық ҳәм иллет себепли Бабилония патшасына бериледи», – деп айтқан бул қала туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: 37Мен халқымды қәҳәрим, ғәзебим ҳәм ашыўым менен ҳәмме жерге тарқатып жиберген едим, енди оларды жыйнап аламан. Оларды қайтарып бул жерге алып келип, қәўипсизликте жасатаман. 38Олар Мениң халқым болады, Мен де олардың Қудайы боламан. 39Олар бәрқулла Меннен қорқып жасайтуғын бир мақсетке бағдарланған жол беремен. Бул олардың өзлери ушын да, өзлеринен кейинги балалары ушын да жақсы болады. 40Мен олар менен мәңгилик келисим дүземен. Оларға жақсылық қылыўдан қашпайман. Меннен жүз бурып кетпеўи ушын, олардың жүрегине Өзимнен қорқыў сезимин салып қояман. 41Мен оларға қуўаныш пенен жақсылық қыламан, садықлық пенен шын жүректен ҳәм жан-тәним менен оларды усы жерге орналастыраман.

42Жаратқан Ийе былай дейди: Бул халықтың басына уллы апатшылықларды қалай салған болсам, оларға ўәде еткен жақсылықларды да солай жаўдыраман. 43Сизлердиң: «Калдейлерге берилип, адамсыз ҳәм ҳайўансыз қаңырап қалған жер», – деп айтып жүрген бул жерде және де атызлар сатып алынады. 44Бенямин жеринде, Ерусалимниң айланасындағы жерлерде, Яҳуда далаларында, таўлы аймақларда, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Негеб жерлеринде атызлар гүмиске сатып алынып, шәртнамаларға қол қойылып, мөр басылып, гүўалар шақырылады. Себеби Мен олардың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, – дейди Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C