‏ Jeremiah 33

Халықтың абадан келешектен үмит етиўи

1Еремия еле сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған ўақытта, оған Жаратқан Ийеден екинши рет сөз түсти:

2– Исти жобаластырып, оны ислейтуғын ҳәм жүзеге асыратуғын, аты Жаратқан Ийе болған Жаратқан Ийе былай дейди: 3Мени шақыр, жуўап беремен. Сен билмеген уллы ҳәм жумбақлы сырларды саған айтаман.

4Қалаға тақап үйилген топырақтан ҳәм қылыштан қорғаныў ушын бузылған бул қаладағы үйлер ҳәм Яҳуда патшаларының сарайлары ҳаққында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: 5Сизлер калдейлер менен урысасыз, бирақ олар үйлериңизди Мениң қәҳәрим ҳәм ғәзебим менен қырып тасланған өли денелерге толтырады. Олардың ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Мен бул қаладан жүзимди жасырдым. 6Солай болса да, бул қалаға және шыпа берип, оны саўалтаман. Мен Өз халқымды емлеймен. Оларға шексиз абаданшылық ҳәм парахатшылық беремен. 7Мен Яҳуданың ҳәм Израилдың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларды бурынғыдай қайта бина қыламан. 8Оларды алдымда ислеген барлық гүналарынан тазалайман ҳәм Маған қарсы бас көтерип, ислеген барлық айыпларын кеширемен. 9Дүньядағы барлық миллетлер оларға ислеген ҳәмме жақсылықларымды еситеди ҳәм бул қала жер бетиндеги барлық халықлар алдында Маған қуўаныш, алғыс, атақ-абырай ҳәм даңқ алып келеди. Ерусалимге ислеген ҳәмме жақсылықларым ҳәм берген парахатшылығым туўралы еситип, бул миллетлер қорқып титиреседи.

10Жаратқан Ийе былай дейди: Сизлер: «Бул орын ўайран болып, адамсыз ҳәм ҳайўансыз шөлге айланады», – дедиңиз. Бирақ адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде 11шадлық ҳәм қуўаныш сеслери, келин ҳәм күйеў сести, Жаратқан Ийениң Үйине миннетдаршылық қурбанлықларын алып келгенлердиң былай деген даўыслары еситиледи:

«Әлемниң Жаратқан Ийесин тәрийиплең!
Ол ийгиликли, садықлығы мәңги даўам етеди».

Өйткени Мен бул жердиң бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, – дейди Жаратқан Ийе.

12Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған бул жерде, оның барлық қалаларында және шопанлардың өз сүриўлерин бағатуғын жайлаўлары болады. 13Таўлы үлкедеги қалаларда, батыстағы таў етеклеринде, Негебте, Бенямин жерлеринде, Ерусалим әтирапындағы ҳәм Яҳуда қалаларындағы аймақларда шопанлар және қойларын санайтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе.

14Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Израил ҳәм Яҳуда халқы ҳаққында айтқан қайырлы ўәделеримди орынлайман. 15Сол күнлерде ҳәм сол ўақытта Мен Даўыттың нәсилинен әдил бир шақаны өсирип шығараман. Ол жер бетинде әдалат ҳәм әдилликти жүзеге асырады. 16Сол күнлерде Яҳуда қутқарылады, Ерусалим қәўипсизликте жасайды. Оны «Жаратқан Ийе – әдиллигимиз», деп атайды.

17Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: Даўыттың нәсилинен Израил тахтында отыратуғынлардың изи үзилмейди. 18Алдымда жандырылатуғын қурбанлықларды беретуғын, ғәлле садақаларын жандыратуғын ҳәм қурбанлық шалатуғын Лебий әўладынан болған руўханийлер ҳеш қашан жоқ болып қалмайды.

19Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

20– Жаратқан Ийе былай дейди: Егер ким де ким Мениң күндиз ҳәм түн менен дүзген келисимимди бузып, олардың тәртибин өзгерте алса, 21онда Мен, қулым Даўыт пенен дүзген келисимимди бузып, Даўыттың нәсилин тахттан түсиремен. Сондай-ақ, Маған хызмет қылып атырған Лебий урпақлары менен де дүзген келисимим бузылған есапланады. 22Мен қулым Даўыттың урпақларын ҳәм алдымда хызмет ететуғын лебийлилерди аспандағы жулдызлардай, теңиз жағасындағы қумлардай сан-санақсыз етип көбейтемен.

23Еремияға Жаратқан Ийеден және сөз түсти:

24– Мына халықтың: «Жаратқан Ийе Өзи таңлап алған еки патшалықтан да ўаз кешти», – деп айтып жүргенин көрмедиң бе? Олар енди Мениң халқымды кемситип, ҳәтте, оны миллет деп атаўға арланып атыр. 25Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳақыйқаттан да, Мен түн ҳәм күн менен келисим дүздим, көклердиң ҳәм жердиң тәртибин белгилеп бердим. 26Сондай-ақ Яқыптың ҳәм қулым Даўыттың нәсилинен ҳеш қашан ўаз кешпеймен. Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып нәсили үстинен Даўыттың урпақларынан бирин ҳүкимдар етип қойыўды даўам етемен. Мен халқымның бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларға реҳим қыламан.
Copyright information for KaaIBT22C