‏ Jeremiah 34

Седекия ушын хабар

1Бабилония патшасы Набуходоносор өзиниң барлық ләшкерлери, қол астындағы жерлердиң барлық патшалықлары ҳәм халықлары менен бирге Ерусалим ҳәм оның дөгерегиндеги қалаларға қарсы урысып атырған ўақытта, Жаратқан Ийеден Еремияға сөз түсти:

2– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияға барып айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына тапсыраман. Ол қалаға от қояды. 3Сен оның қолынан қутыла алмайсаң, сөзсиз тутып алынып, оған тапсырыласаң. Сен Бабилония патшасын өз көзлериң менен көресең, оның менен жүзбе-жүз сөйлесесең. Сен Бабилонға алып кетилесең.

4Деген менен, Яҳуда патшасы Седекия, Жаратқан Ийениң мына сөзин де тыңла, Сен туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: Сен қылыштан қаза таппайсаң, 5тынышлық пенен көз жумасаң. Саған дейинги болған патшалардың, ата-бабаларыңның ҳүрметине қалай от жағылған болса, сениң ҳүрметиңе де солай от жағылып: Ўай-ўай тақсырым! – деп жоқлаў айтылады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып атырман».

6Еремия пайғамбар булардың ҳәммесин Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға айтып берди. 7Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалим менен, Яҳуданың еле тәслим болмаған қалалары Лахиш ҳәм Азеқа менен урысып атырған еди. Яҳуданың қорғанлы қалаларынан тек усылар қалған еди.

Қул нызамының бузылыўы

8Седекия патша Ерусалимдеги пүткил халық пенен келисим дүзип, қулларды азат етиўди жәриялағаннан кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 9Бул келисим бойынша, ҳәр бир адам өзиниң еврей қулын ҳәм шорысын азат етип, ҳеш ким артық өз туўысқаны болған яҳудалыны қуллықта усламаўы тийис еди. 10Пүткил басшылар ҳәм халық бул келисимге бойсынып, өзлериниң қул ҳәм шорыларын азат етиўге ҳәм оларды буннан былай қуллықта усламаўға ыразы болды ҳәм оларды азатлыққа шығарды. 11Бирақ кейин пикиринен қайтып, азатлыққа шығарған қулларын ҳәм шорыларын мәжбүрлеп алып келип, оларды және қулға айландырды.

12Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

13– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан, қул болған жеринен алып шыққанымда, олар менен келисим дүзип: 14«Өзлерин сизлерге қул етип сатып, алты жыл сизлерге хызмет еткен еврей туўысқаныңызды жетинши жылы азатлыққа шығарың», – деген едим. Бирақ ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ аспады. 15Енди сизлер тәўбе қылып, ҳәр бириңиз өз туўысқаныңыздың азатлығын жәриялап, Мениң нәзеримде туўры болған исти иследиңиз. Мениң атым менен аталған Үйде, алдымда турып келисим дүздиңиз. 16Кейин сөзиңизден танып, Мениң атыма дақ түсирдиңиз. Сизлер азат еткеннен кейин, өзлери қәлеген жерге кеткен қул ҳәм шорыларыңызды қайтарып алып келип, қул болыўға мәжбүрледиңиз.

17Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Маған қулақ салмадыңыз, ҳәр бириңиз туўысқаныңызды ҳәм қоңсыңызды босатып жибермедиңиз. Сол себепли Мен сизлерди қылыш, иллет ҳәм ашлыққа қарай босататуғынымды жәриялайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлерди көрген жер жүзиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейи ушады. 18Келисим дүзгенде тананы екиге бөлип, оның арасынан өткен едиңиз. Мен келисимимди бузып, алдымда дүзген келисим шәртлерин орынламағанларды сол тана киби екиге бөлемен. 19Тананың еки бөлеги арасынан өткен Яҳуда ҳәм Ерусалим басшыларын, сарай хызметкерлерин, руўханийлерин ҳәм бул жердиң пүткил халқын 20душпанларының ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына беремен. Олардың денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.

21Яҳуда патшасы Седекияны ҳәм оның ҳәмелдарларын олардың душпанларына ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына, сизлерден шегинген Бабилония патшасының ләшкерлерине тапсыраман. 22Мен буйрық берип, – дейди Жаратқан Ийе, – бабилониялыларды бул қалаға қайтып алып келемен. Олар қалаға ҳүжим етип, оны қолға алады ҳәм жағып жибереди ҳәм Мен Яҳуда қалаларын адам жасамайтуғын шөлге айландыраман.
Copyright information for KaaIBT22C