‏ Jeremiah 36

Барухтың Ибадатханада орама қағазды оқыўы

1Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Орама қағаз алып, Иошияның дәўиринде сениң менен сөйлескен күнимнен баслап, усы күнге шекемги Израил, Яҳуда ҳәм пүткил миллетлер ҳаққында айтқанларымның ҳәммесин жазып қой. 3Бәлким Яҳуда халқы басларына жаўдырмақшы болған барлық бәле-қадалар ҳаққында еситкенде, жаман жолынан қайтар, Мен де олардың айыпларын ҳәм гүналарын кеширермен.

4Еремия Нерия улы Барухты шақырды. Барух Еремияның аўзынан Жаратқан Ийениң айтқан сөзлериниң ҳәммесин орама қағазға жазды.

5Кейин Еремия Барухқа былай деп буйырды:

– Маған Жаратқан Ийениң Үйине кириў қадаған.
6Сонлықтан сен барып, мениң аўзымнан жазып алған Жаратқан Ийениң сөзлерин ораза күни Жаратқан Ийениң Үйинде халыққа даўыслап оқып бер. Оны өз қалаларынан келген пүткил Яҳуда халқына даўыслап оқып бер. 7Бәлким, олар Жаратқан Ийениң алдында жалбарынар, жаўыз жолларынан қайтар. Себеби Жаратқан Ийениң бул халыққа жәриялаған қәҳәр-ғәзеби уллы.

8Нерия улы Барух Еремия пайғамбардың тапсырмасын толық орынлады. Ол Жаратқан Ийениң Үйине барып, орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин оқыды.

9Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының бесинши жылының тоғызыншы айында Ерусалимнен ҳәм Яҳуда қалаларынан келген барлық халық Жаратқан Ийениң алдында ораза жәриялаған еди. 10Сонда Барух Жаратқан Ийениң Үйиниң Таза дәрўазасы жанындағы жоқарғы ҳәўлиде жайласқан Шафан улы хаткер Гемарияның бөлмесинде турып, орама қағаздан Еремияның сөзлерин пүткил халыққа даўыслап оқып берди. 11Шафанның ақлығы Гемарияның улы Миха орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин еситкенде, 12патша сарайындағы хаткерлер бөлмесине барды. Ол жерде барлық басшылар: патша хаткери Элишама, Шемая улы Делая, Ахбор улы Элнатан, Шафан улы Гемария, Ханания улы Седекия ҳәм барлық сарай ҳәмелдарлары отырған еди. 13Барух орама қағаздан халыққа оқып бергенде еситкен барлық сөзлерин Миха оларға айтып берди. 14Ҳәмелдарлар: «Халыққа оқып берген орама қағазды алып, кел», – деп айтыў ушын, Кушийдиң шаўлығы Шелемияның ақлығы Нетания улы Яҳудийди Барухқа жиберди. Нерия улы Барух орама қағазды алып, оларға келди. 15Ҳәмелдарлар Барухқа:

– Енди отырып, бизлерге де оқып бер, – деди. Барух оларға да оқып берди.
16Олар бул сөзлерди ақырына дейин тыңлағаннан соң, қорқысып, бир-бирине қарап, Барухқа:

– Бизлер патшаны сөзсиз бул сөзлерден хабардар қылыўымыз керек, – деди.
17Кейин олар Барухтан:

– Өтинемиз, бизлерге айт, Еремияның аўзынан шыққан бул сөзлердиң ҳәммесин сен қалай жазып алдың?

18Барух оларға былай деп жуўап берди:

– Ол бул сөзлердиң ҳәммесин маған айтып турды, мен оларды сыя менен орама қағазға жазып алдым.
19Сонда сарай ҳәмелдарлары Барухқа:

– Барып, Еремия екеўиңиз де жасырының. Қай жерде екениңизди ҳеш ким билмесин, – деди.

20Ҳәмелдарлар орама қағазды хаткер Элишаманың бөлмесинде қалдырып, патша сарайының ҳәўлисине барды ҳәм патшаға ҳәммесин баян қылды. 21Патша Яҳудийди орама қағазды алып келиўге жиберди. Яҳудий оны хаткер Элишаманың бөлмесинен алып келип, патшаға ҳәм оның жанында турған барлық ҳәмелдарларға оқып берди. 22Сол ўақытта, тоғызыншы айда патша қысқы сарайындағы от жанып турған ошақтың жанында отырған еди. 23Яҳудий орама қағаздан үш ямаса төрт бөлекти оқып болыўдан, патша оларды хаткериниң пышағы менен кесип, отқа таслай берди. Ол орама қағаздың ҳәммесин жағып болғанша солай иследи. 24Бул сөзлерди еситкенде патша да, оның қасындағы хызметкерлердиң ҳеш бири де қорқпады, қайғырып кийимлерин жыртпады. 25Элнатан, Делая ҳәм Гемария патшадан орама қағазды жағып жибермеўди өтинди, бирақ патша оларды тыңламады. 26Буның орнына патша шаҳзада Ерахмеелге, Азриел улы Сераяға ҳәм Абдеел улы Шелемияға Еремия пайғамбарды ҳәм хаткер Барухты тутып алып келиўди буйырды. Бирақ Жаратқан Ийе оларды жасырып қойды.

27Еремияның аўзынан Барух жазып алған сөзлер жазылған орама қағазды патша жағып жибергеннен соң, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

28– Басқа бир орама қағаз алып, оған биринши орама қағаздағы, Яҳуда патшасы Еҳояким жағып жиберген орама қағаздағы сөзлердиң бәрин жаз. 29Яҳуда патшасы Еҳоякимге болса, Жаратқан Ийе былай дейди деп айт: «Орама қағазда: „Бабилония патшасы сөзсиз келеди, бул жерди ўайран етип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып таслайды“, – деп жазылғаны ушын Еремияға айбат етип қағазды өртеп тасладың. 30Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Еҳояким ҳаққында былай дейди: „Оның нәсилинен ҳеш ким Даўыттың тахтына отырмайды, денеси күндиздиң жәзийрама ыссысына, түнниң аязына тасланады. 31Айыплары ушын оның өзин, урпақларын ҳәм хызметкерлерин жазалайман. Олар туўралы айтқан барлық апатшылықларды олардың өзлериниң, Ерусалим турғынлары менен Яҳуда халқының басына жаўдыраман. Себеби олар Маған қулақ аспады“».

32Еремия басқа орама қағаз алып, Нерия улы хаткер Барухқа берди. Барух Яҳуда патшасы Еҳояким отқа жаққан орама қағаздағы барлық сөзлерди Еремияның аўзынан жазып алды. Бирақ бул сөзлерге әўелгиге уқсаған көплеген сөзлер қосылған еди.
Copyright information for KaaIBT22C