Jeremiah 37
Еремия ҳәм патша Седекия
1Бабилония патшасы Набуходоносор Еҳоякимниң улы Ехонияның ▼ орнына Иошия улы Седекияны Яҳуда елине патша етип қойды. 2Бирақ патша да, оның ўәзирлери де, үлке халқы да Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмады. 3Деген менен, патша Седекия Шелемия улы Еҳухал менен Маасея улы руўханий Сефанияны: «Өтинемен, бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет», – деп айтыў ушын Еремияға жиберди. 4Еремия сол ўақытта халық арасында бийғам жасап атырған болып, еле зинданға тасланбаған еди. 5Сол арада фараонның ләшкерлери Мысырдан шықты. Ерусалимди қамал қылып турған калдейлер бул хабарды еситкенде, Ерусалимнен шегинди. 6Сонда Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти: 7– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Меннен сораў ушын сизлерди Маған жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: «Сизлерге жәрдемге киятырған фараонның ләшкерлери өз елине, Мысырға қайтып кетеди. 8Ал калдейлер қайтып келип ҳүжим етеди, қаланы қолға алып, өртеп жибереди. 9Жаратқан Ийе былай дейди: „Калдейлер сөзсиз бизлерден шегинеди“, – деп өзлериңизди алдамаңлар. Олар шегинбейди. 10Егер сизлер өзлериңизге қарсы урысқа шыққан калдейлердиң пүткил ләшкерлерин қырып тасласаңыз да, оларда тек жарадарлар қалған болса да, олар шатырларынан шығып келип, бул қаланы өртеген болар еди». 11Фараонның ләшкерлери себепли, калдейлердиң ләшкерлери артқа шегинген ўақытта, 12Еремия Бенямин жерине барып, халық арасындағы өзиниң пайына түскен жер үлесин алыў ушын Ерусалимнен кетпекши болды. 13Ол Бенямин дәрўазасына жеткенде, гүзетшилер баслығы Хананияның ақлығы Шелемия улы Ирия Еремияны услап алып: – Сен не, калдейлерге қашып кетпекшимисең? – деди. 14Еремия оған: – Жалған, мен калдейлерге қашып кетпекши емеспен, – деди. Бирақ Ирия оны тыңламады ҳәм Еремияны услап, ўәзирлердиң алдына алып келди. 15Ўәзирлер Еремияға ашыўланып, оны сабады, кейин хаткер Ионатанның үйине қурылған зинданға таслады. 16Еремия зинданға тасланып, ол жерде көп күнлерди өткерди. 17Бир күни патша Седекия адам жоллап, Еремияны сарайына алдырды. Патша өз сарайында жасырын түрде оннан: – Жаратқан Ийеден қандай да бир сөз бар ма? – деп сорады. Еремия оған: – Бар, сиз Бабилония патшасының қолына түсесиз, – деп жуўап берди. 18Кейин Еремия Седекия патшаға былай деди: – Мени зинданға таслағандай, мен сизге, хызметкерлериңизге яки бул халыққа не қылдым? 19«Бабилония патшасы сизге, бул халыққа ҳүжим қылмайды», – деп пайғамбаршылық еткен пайғамбарларыңыз қаяқта? 20Енди мени тыңлаң, тақсырым, өтиниш қылыўға рухсат бериң. Мени хаткер Ионатанның үйине қайтарып жибермең, болмаса, мен сол жерде өлип кетемен. 21Патша Седекия Еремияны сақшылар ҳәўлисине қамап қойыўды ҳәм қалада нан пүткиллей таўысылғанша, ҳәр күни оған нанбайханадан бир шөрек алып берип турыўды буйырды. Солай етип, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C