‏ Jeremiah 38

Еремияның суў сақлағышқа тасланыўы

1Маттан улы Шефатия, Пашхур улы Гедалия, Шелемия улы Юхал ҳәм Малкия улы Пашхур Еремияның пүткил халыққа айтқан мына сөзлерин еситти: 2«Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қалада қалған адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал калдейлер тәрепке өткен адам тири қалады, жанын қутқарып аман қалады. 3Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қала әлбетте Бабилония патшасының ләшкерлериниң қолына бериледи, ол қаланы басып алады».

4Сонда сарай ҳәмелдарлары патшаға:

– Бул адам өлтирилсин. Ол бул сөзлерди айтып, бул қалада қалған әскерлеримиздиң ҳәм пүткил халықтың руўхын түсирмекте. Бул адам халыққа жақсылық емес, ал жаманлық тилейди, – деди.

5Патша Седекия оларға:

– Мине, ол сизлердиң қолыңызда, мен сизлерге қарсылық көрсетпеймен, – деди.

6Олар Еремияны услап алып, патшаның улы Малкияның сақшылар ҳәўлисиндеги суў сақлағышқа арқан менен түсирди. Суў сақлағыш суўсыз болып, онда тек ылай бар еди. Еремия балшыққа батып қалды. 7Патшаның сарай хызметкерлеринен бири, хабашстанлы Эбед-Мелех Еремияның суў сақлағышқа тасланғанын еситти. Сол ўақытта патша Бенямин дәрўазасы алдында отырған еди. 8Эбед-Мелех патша сарайынан шықты да, патшаға барып:

9– Тақсыр, Еремияны суў сақлағышқа таслап, бул адамлар жаман ис қылыпты. Қалада нан қалмады, Еремия ол жерде аштан өледи, – деди. 10Патша хабашстанлы Эбед-Мелехке:

– Қасыңа отыз адам ал да, өлип қалмасынан бурын, Еремия пайғамбарды суў сақлағыштан шығарып ал, – деп буйырды.

11Эбед-Мелех қасына адамларды алып, патша ғәзийнеханасының астындағы бөлмеге кирди ҳәм ол жерден гөне-көкси шүбереклер менен гөне-көкси кийимлерди таўып алып, оларды арқанға байлап, суў сақлағыштағы Еремияға түсирди. 12Кейин Еремияға:

– Арқан денеңе батпаўы ушын, мына гөне-көкси шүбереклер менен кийимлерди қолтығыңның астына қой, – деди.

Еремия солай иследи.
13Олар Еремияны арқанлар жәрдеминде суў сақлағыштан шығарып алды. Буннан кейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.

Седекияның Еремиядан және мәсләҳәт сораўы

14Патша Седекия адам жиберип, Еремия пайғамбарды Жаратқан Ийениң Үйиниң үшинши есигиниң алдына алып келтирди. Патша Еремияға:

– Мен сеннен бир нәрсе сорайжақпан, меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди.
15Еремия Седекияға:

– Егер ырасын айтсам, мени өлтирмес пе едиңиз? Мәсләҳәт бергеним менен мени тыңламайсыз, – деди.

16Бирақ патша Седекия жасырын түрде ант ишип, Еремияға:

– Бизге жан берген тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сени өлтирмеймен ҳәм жаныңа қаслық қылмақшы болғанлардың қолына тапсырмайман, – деди.
17Соннан кейин, Еремия Седекияға былай деди:

– Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болсаң, жаның тири қалады, бул қала да өртеп жиберилмейди, өзиң де, үй-ишиң де аман қаласыз.
18Бирақ егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болмасаң, бул қала калдейлердиң қолына бериледи, олар қаланы өртеп жибереди, өзиң де олардың қолынан қашып қутыла алмайсаң».

19Патша Седекия Еремияға:

– Мен калдейлер тәрепке өткен яҳудийлерден қорқаман. Калдейлер мени олардың қолына тапсырса, олар мени хорлайды, – деди.

20Еремия патшаға былай деди:

– Яқ, оларға тапсырмайды. Айтқанларымды ислеп, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салсаңыз, тири қалып, абадан турмысқа ерисесиз.
21Егер тәслим болыўдан бас тартсаңыз, Жаратқан Ийе маған мынаны аян етти: 22Мине, Яҳуда патшасының сарайында қалған барлық ҳаяллар Бабилония патшасының әскербасысына алып кетиледи. Сол ҳаяллар сизге былай дейди:

«Исенген досларыңыз,
Сизди алдап, жеңип кетти,
Батпаққа батты аяқларыңыз,
Олар сизди таслап кетти».

23Сизиң барлық ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз калдейлерге бериледи. Сиз де олардың қолынан қашып қутыла алмайсыз, Бабилония патшасының қолына түсесиз. Бул қала болса, өртеп жибериледи.

24Кейин Седекия Еремияға былай деди:

– Сөйлескенимиз туўралы ҳеш ким билмесин, болмаса өлесең.
25Егер ҳәмелдарлар мениң сениң менен сөйлескенимди еситип, саған келип: «Патша менен нелер туўралы сөйлескениңди жасырмай айт, болмаса өлесең», – десе, 26сен оларға: «Мени Ионатанның үйине қайтарып жиберме, болмаса, мен ол жерде өлип қаламан, деп патшаға жалбарындым деп айт», – деди.

27Барлық ҳәмелдарлар келип, Еремияны сораўға тутты. Ол да патша буйырғанындай етип жуўап берди. Патшаға айтылғанлардан ҳеш кимниң хабары болмағанлықтан, олар үндемей қайтып кетти. 28Ерусалим қолға алынған күнге дейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
Базы еврейше қолжазбаларда мына гәп те бар: «Ерусалим қулағанда, усы ўақыялар жүз берди», ал базы еврейше қолжазбаларда, әййемги грек ҳәм сурия тилиндеги аўдармаларда жоқ.
Copyright information for KaaIBT22C