Jeremiah 39
Ерусалимниң қулаўы
1Яҳуда патшасы Седекияның ҳүкимдарлығының тоғызыншы жылының оныншы айында Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимге жүрис қылып, оны қамалға алды. 2Седекияның патшалығының он биринши жылының оныншы айының тоғызыншы күни дийўал бузылды. 3Ерусалим қолға алынғанда, Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары ишке кирип, Ортаңғы дәрўаза жанында отырды. Олар: Нергал-Шаресер, Самгар-Небо, әскерий ўәкил Сарсехим, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм патшаның барлық ҳәмелдарлары еди. 4Яҳуда патшасы Седекия ҳәм оның барлық әскерлери оларды көргенде, түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти. 5Бирақ калдей әскерлери оларды қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетти ҳәм Седекияны услап, тутқынға алды да, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды. 6Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ақсүйеклерин де баўызлатты. 7Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, Бабилонға алып кетиў ушын оны қола шынжыр менен байлатты. 8Калдейлер патшаның сарайын, халықтың үйлерин өртеп, Ерусалим дийўалларын қулатты. 9Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалған адамларды ҳәм Бабилония патшасы тәрепке өткен қашқынларды қалған халық пенен бирге Бабилонияға тутқын қылып алып кетти. 10Бирақ Набузарадан ҳеш нәрсеси жоқ бийшараларды Яҳуда жеринде қалдырып, сол ўақытта оларға жүзимзарлар ҳәм атызлар берди. 11Бабилония патшасы Набуходоносор сақшылар баслығы Набузараданға Еремия туўралы мынадай буйрық берди: 12«Оны услап алып, көзқулақ бол. Оған ҳеш қандай зыян келтирме, не сораса, соны исле». 13Патша сақшыларының баслығы Набузарадан, әскерий ўәкил Набушазбан, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары 14адам жоллап, Еремияны сақшылар ҳәўлисинен алдыртты. Олар Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияға Еремияны үйине алып кетиўди тапсырды. Солай етип, Еремия өз халқы арасында қалды. 15Қараўыллар ҳәўлисинде қамақта болған ўақтында, Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түскен еди: 16– Барып, хабашстанлы Эбед-Мелехке айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул қала туўралы айтқан сөзлеримди жақсылық пенен емес, ал жаманлық пенен жүзеге асыраман. Булар сениң көз алдыңда әмелге асады. 17Бирақ сол күни Мен сени қутқараман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сен өзиң қорқып жүрген адамларыңның қолына түспейсең. 18Мен сени қутқараман. Сен қылыштан қаза таппайсаң, Маған үмит артқаның ушын, жаның өзиңе олжа болады, – дейди Жаратқан Ийе».
Copyright information for
KaaIBT22C