Jeremiah 4
1«Ҳәй, Израил! Егер қайтпақшы болсаң,– дейди Жаратқан Ийе, –
Егер Маған қайтпақшы болсаң,
Жеркенишли бутларыңды Мениң көзимнен жоғалтсаң,
Жолдан азғырылмай жүрсең,
2Ҳақыйқат, әдалат ҳәм туўрылық пенен:
„Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – десең,
Онда миллетлер Мен арқалы жарылқанып,
Мениң менен мақтанады».
3Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына былай дейди:«Сүрилмеген жериңизди сүриң,
Тикенлер арасына туқым сеппең.
4Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынлары,
Жүрегиңиздеги жаманлықларды алып таслап,
Маған, Жаратқан Ийеге өзиңизди бағышлаң.
Болмаса, жаўыз ислериңиз себепли,
Ғәзебимди от киби лаўлатаман,
Оны ҳеш ким сөндире алмас».
Арқадан келетуғын апат
5«Яҳудада жәриялап, Ерусалимде жар салып, былай деңлер:„Ел бойлап кәрнай шалың!“
Бақырып былай деп айтың:
„Жыйналып, қорғанлы қалаларға қашайық!“
6Сионға қашың деп, байрақ көтериң!
Сызылмай, тезирек қашып қутылың!
Өйткени Мен арқа тәрептен апат,
Уллы қырғын алып келемен.
7Арыслан ининен шықты,
Миллетлерди жоқ қылыў ушын жолға шықты.
Жериңди ўайран етиў ушын,
Ол өз орнынан қозғалды.
Яҳуда, сениң қалаларың қарабақанаға айланады,
Адамсыз ҳүўлеп қалады.
8Соның ушын аза кийимин кийип, зарлап жылаң,
Себеби Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби бизди шетлеп өтпеди.
9Сол күни,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Патшаның ҳәм ҳәмелдарлардың жүреклери суўлайды,
Руўханийлерди қорқыныш бийлеп алып,
Пайғамбарлар аң-таң болады».
10Сонда мен былай дедим: – Ўаҳ, Қудай Ийе! «Сизлерге тынышлық болады», – деп, бул халықты ҳәм Ерусалимди пүткиллей алдадың. Қылыш алқымына тақалып тур-ғо! 11«Сол ўақытта бул халыққа ҳәм Ерусалимге былай деп айтылады: „Шөлдеги жалаңаш төбелерден ескен ыссы самал Мениң халқым тәрепке еспекте. Бирақ ол қырман суўырыў яки дәнди тазалаў ушын емес. 12Меннен келетуғын самал жүдә күшли болады. Олардың үстинен ҳүким шығаратуғын ўақыт келди. Буны Мен айтаман“. 13„Әне, душпан булт киби жақынлап киятыр,
Саўаш арбалары қуйынға мегзер.
Атлары бүркиттен де шаққан.
Сорымыз қурысын, сорлап қалдық!“
14Ҳәй, Ерусалим! Жүрегиңди жаманлықтан тазала, қутқарыласаң.
Жаўыз нийетлериңди қашанға дейин ишиңде сақламақшысаң?
15Даннан бир даўыс еситиледи,
Эфрайым таўынан апатшылық хабары келмекте.
16Миллетлерге жәриялап, Ерусалимге хабарлаң:
Алыслардан басқыншылар киятыр,
Яҳуда қалаларына қарсы саўаш сүренин айтып бақырмақта.
17Олар атыздағы сақшыларға уқсап,
Ерусалимди қоршап алады.
Себеби Ерусалим Маған қарсы бас көтерди,
– дейди Жаратқан Ийе. –
18Булардың ҳәммесин басыңа салған,
Сениң жолларың ҳәм ислериң болады.
Бул жаўызлығыңның кесапаты.
Қандай ашшы! Бул сениң жүрегиңниң төрине жетти!»
19Ўай, жаным! Ўай, жаным!
Азарына шыдай алмайман!
Ўаҳ, жүрегим! Жүрегим ҳәсирет шегип атыр!
Үндемей тура алмайман,
Себеби кәрнай сестин, саўаш шаўқымын еситтим.
20Апатшылық изинен апатшылық келди,
Пүткил журт ўас-ўайран болды.
Көзди ашып-жумғанша, шатырларым,
Бир демде перделерим жыртылып кетти.
21Қашанға дейин, мен саўаш байрақларын көрип,
Кәрнай сеслерин есите беремен?
22«Мениң халқым ақмақ,
Олар Мени танымайды.
Олар надан балалар, оларда түсиник жоқ.
Олар жаманлық қылыўға шебер,
Жақсылық қылыўды билмейди».
23Мен, Еремия жерге қарадым,
Ол бос ҳәм түссиз еди.
Аспанға қарадым, онда нур жоқ еди.
24Таўларға қарадым, олар қалтырасар,
Пүткил төбелер тербелип турар еди.
25Қарадым, ўаҳ, ҳеш ким жоқ,
Көктеги барлық қуслар ушып кеткен еди.
26Қарадым, Жаратқан Ийениң алдында,
Өнимдар топырақ шөлге айланып,
Пүткил қалалар ўайран болған еди.
Буған Оның лаўлаған ғәзеби себепши еди.
27Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен бул жерди пүткиллей жоқ қылмасам да,
Оның ҳәммеси қаңырап, босап қалады.
28Сонлықтан жер аза тутып, аспан түнереди.
Мен айттым, Мен қарар қылдым,
Өкинбеймен, пикиримнен қайтпайман.
29Барлық қала халқы,
Атлылардың ҳәм садақшылардың шаўқымынан қашады.
Кимиси қалың путаларға тығылады,
Кимиси жартасларға өрмелейди.
Ҳәмме қалалар қаңырап қалады,
Оларда жасайтуғын ҳеш ким болмайды.
30Ҳәй, ўайран болған сен!
Неге қырмызы кийим кийип алдың?
Не ушын алтын тағыншақлар тағып,
Көзлериңди бақырайтып бояп алдың?
Бийкарға безенип алыпсаң.
Ойнасларың сени жек көреди,
Олар сениң жаныңды алмақшы.
31Мен толғатып атырған ҳаялдың бақырған даўысына,
Биринши баласын туўып атырған ҳаялдың,
Ыңқылдысына уқсаған даўысты еситип турман.
Мен қыз Сионның ентиккен даўысын еситип турман.
Ол қолларын созып былай демекте:
„Сорым қурысын!
Жанымды алмақшы болғанлар алдында димарым қурыды“».
Copyright information for
KaaIBT22C