Jeremiah 40
Еремия Гедалияның қасында болады
1Бабилонияға сүргин етилген пүткил Ерусалим ҳәм Яҳуда тутқынлары менен бирге Еремия да шынжыр менен байланып, Рамаға алып барылды. Ол жерде сақшылар баслығы Набузарадан Еремияны таўып, оны босатты. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 2Сақшылар баслығы Еремияны қасына шақырып алып, оған былай деди: – Қудайың Жаратқан Ийе бул елге апатшылық жаўдыражағын айтқан екен. 3Мине, оны жаўдырып, айтқанындай қылды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегениңиз ҳәм Оған қулақ салмағаныңыз себепли болып отыр. 4Бүгин мен сени қолыңдағы шынжырлардан азат етемен. Егер мениң менен Бабилонға кетиўди қәлесең, жүр, мен саған көзқулақ боламан. Егер кетиўди қәлемесең, онда қал. Мине, пүткил ел алдыңда жатыр. Қай жаққа кетиўди қәлесең, яки қай жаққа кетиўди нәзериңде туўры деп тапсаң, сол жерге кете бер. 5Еремия жуўап берип үлгермей-ақ, Набузарадан сөзин даўам етти: – Бабилония патшасы тәрепинен Яҳуда қалаларына ҳәким етип қойылған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның жанына бар. Оның менен бирге халық арасында жасай бер. Ямаса қай жаққа кетиўди қәлесең, сол жаққа кет. Сақшылар баслығы оған азық-аўқат ҳәм саўғалар берип, босатып жиберди. 6Еремия Миспадағы Ахиқамның улы Гедалияның жанына кетти. Миспаға барып, оның менен бирге елде қалған халықтың арасында жасады.Яҳуда ҳәкими Гедалия
7Далаларда бой тасалап қалған барлық әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Ахиқам улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын ҳәм сүргинге алып кетилмеген жарлы еркеклерди, ҳаялларды ҳәм балаларды оған тапсырғанын еситти. 8Сонда Нетания улы Исмайыл, Қареах уллары Юханан менен Ионатан, нетофалы Танхумет улы Серая, нетофалы Эфай уллары, маахалы Езания ҳәм олардың әскерлери Миспаға Гедалияға келди. 9Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалия оларға ҳәм олардың әскерлерине ант ишип, былай деди: – Калдейлерге хызмет етиўден қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң, сонда абадан турмысқа ерисесиз. 10Мен бул жерге келетуғын калдейлерге ўәкиллик қылыў ушын Миспада жасап қаламан. Сизлер шарап, жазғы мийўелер ҳәм зәйтүн майын жыйнап, сақлап қойыңлар да, өзлериңиз орналасып алған қалаларда жасай бериңлер. 11Моабта, аммонлардың арасында, Эдомда ҳәм басқа еллерде жасап атырған яҳудийлердиң ҳәммеси Бабилония патшасы Яҳудада бир топар адамларды қалдырғанын, оларға Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын еситти. 12Олардың ҳәммеси сүргин қылынған жерлердиң бәринен Яҳуда жерине, Миспаға, Гедалияның алдына қайтып келди. Олар сол жерде көп мийўе жыйнап, мол шарап таярлады. 13Қареах улы Юханан менен шөл даладағы әскербасылар Миспадағы Гедалияға келип, 14оған: – Аммонлардың патшасы Баалистиң сизди өлтириў ушын Нетания улы Исмайылды жибергенинен хабарыңыз бар ма? – деди. Бирақ Ахиқам улы Гедалия буған исенбеди. 15Кейин Қареах улы Юханан Миспада жасырын түрде Гедалияға: – Келиң, мен барып, Нетания улы Исмайылды өлтирейин, буны ҳеш ким билмейди. Не ушын сизди өлтириўине, қасыңызға жыйналғанлардың тарқап кетиўине ҳәм Яҳудада қалғанлардың набыт болыўына жол қойыўымыз керек? – деди. 16Бирақ Ахиқам улы Гедалия Қареах улы Юхананға: – Булай ислеме, сен Исмайыл туўралы жалған айтып турсаң, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C