Jeremiah 41
Исмайылдың Гедалияны өлтириўи
1Жетинши айда патша әўладынан ҳәм патшаның ўәзирлеринен бири болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспадағы Ахиқам улы Гедалияға келди. Олар Миспада бирге ишип-жеп отырғанда, 2Нетания улы Исмайыл менен оның жанындағы он адам орынларынан турды да, Бабилония патшасы сол елге ҳәким қылып қойған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияны қылыш пенен шаўып таслады. 3Исмайыл Миспада Гедалия менен бирге болған барлық яҳудийлерди де, ол жердеги калдей әскерлерин де өлтирди. 4Ертеңине Гедалияның өлтирилгени ҳаққында ҳеш ким билмей турып, 5Шехемнен, Шилодан ҳәм Самариядан сексен адам келди. Олар қайғыдан сақалларын қырққан, кийимлерин жыртқан, денелерин тилген болып, қолларында Жаратқан Ийениң Үйине алып киятырған ғәлле садақасы менен хош ийисли түтеткиси бар еди. 6Оларды күтип алыў ушын Миспадан Нетания улы Исмайыл жолға шықты. Ол жылап ушырасып, оларға: – Ахиқам улы Гедалияға барыңлар, – деди. 7Енди қала ортасына келгенде, Нетания улы Исмайыл ҳәм оның жанындағы адамлар оларды өлтирип, суў сақлағышқа таслады. 8Бирақ олардың арасынан он адам Исмайылға: – Бизлерди өлтирме, бизлердиң атызда жасырып қойған бийдайымыз, арпамыз, майымыз ҳәм палымыз бар, – деди. Сонда ол өзин тутып, оларды қасындағылары менен бирге өлтирмей, аман қалдырды. 9Исмайыл Гедалияға тийисли өлилердиң денелерин таслаған суў сақлағыш жүдә үлкен болып, оны патша Аса Израил патшасы Баашадан қорғаныў ушын қаздырған еди. Нетания улы Исмайыл оны өли денеге толтырды. 10Исмайыл Миспадағы қалған пүткил халықты – патшаның қызларын ҳәм сақшылар баслығы Набузарадан Ахиқам улы Гедалияның ықтыярына тапсырған Миспада қалған пүткил халықты тутқынға алды. Нетания улы Исмайыл оларды айдап, аммонлар тәрепке өтиў ушын жолға түсти. 11Бирақ Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы пүткил әскербасылар Нетания улы Исмайыл ислеген жынаятлары ҳаққында еситкенде, 12адамларының ҳәммесин алып, Нетания улы Исмайыл менен урысыў ушын жолға шықты. Олар Гибондағы мол суўлы ҳәўиз жанында Исмайылдың изинен жетти. 13Исмайылдың қасындағы пүткил халық Қареах улы Юхананды ҳәм оның қасындағы әскербасыларды көргенде, қуўанып кетти. 14Исмайыл Миспада тутқынға алған адамлардың ҳәммеси изге, Қареах улы Юхананға қарай жуўырды. 15Бирақ Нетания улы Исмайыл сегиз адамы менен Юхананнан қутылып, аммонларға қашып кетти.Мысырға қашыў
16Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы барлық әскербасылар аман қалғанлардың ҳәммесин Ахиқам улы Гедалияны өлтирген Нетания улы Исмайылдан қутқарып, ҳәм Гибоннан изге қайтарып алып келген әскерлерди, ҳаялларды, балаларды, сарай хызметкерлерин Миспадан алып шықты. 17Олар жол жүрип, Мысырға өтиў ушын, Бейтлеҳем жақынындағы Герут-Кимҳамда тоқтады. 18Бабилония патшасы ел үстинен ҳәким қылып қойған Ахиқам улы Гедалияны Нетания улы Исмайыл өлтиргени себепли, олар калдейлерден қорқты.
Copyright information for
KaaIBT22C