Jeremiah 42
Халықтың Еремиядан Қудайдың еркин билип бериўди сораўы
1Кейин барлық әскербасылар, Қареах улы Юханан, Ҳошая улы Езания ҳәм үлкен-киши пүткил халық Еремия пайғамбарға келип, 2оған былай деди: – Өтинишимизди қабыл етип, бизлер ушын, мына аман қалғанлар ушын Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа ет. Көрип турғаныңдай, көптен аз қалдық. 3Қай жерге барып, не ислейтуғынымызды Қудайың Жаратқан Ийе бизге көрсетсин. 4Еремия пайғамбар оларға: – Яқшы, айтқаныңыздай, мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етемен ҳәм Жаратқан Ийе не деп жуўап берсе де, оны сизлерге аян қыламан. Сизлерден ҳеш нәрсени жасырмайман, – деди. 5Олар Еремияға және былай деди: – Егер Қудайың Жаратқан Ийе бизге билдириў ушын саған аян еткен ҳәр бир сөзге әмел қылмасақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы ҳақыйқый ҳәм садық гүўа болсын. 6Жақсы болса да, жаман болса да, бизлер сени жанына жиберип атырған Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ асамыз. Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ ассақ, абадан турмысқа ерисемиз. 7Он күннен кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 8Еремия Қареах улы Юхананды, оның менен бирге әскербасыларды ҳәм үлкен-киши пүткил халықты шақырып, 9оларға былай деди: – Өтинишиңизди билдириў ушын мени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң дәргайына жиберген едиңиз. Ол былай дейди: 10«Егер усы жерде қалсаңыз, Мен сизлерди қайта тиклеймен, қулатпайман, отырғызаман, қопарып тасламайман. Себеби Мен Өзим басыңызға салған апатшылық себепли өкинип атырман. 11Өзлериңиз қорқып атырған Бабилония патшасынан енди қорқпаң. Оннан қорқпаң, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен сизлер менен бирге боламан. Сизлерди оның қолынан қутқараман ҳәм азат етемен. 12Мен сизлерге реҳим қыламан, сонда оның сизлерге жаны ашып, сизлерди өз жериңизге қайтарады». 13Егер сизлер: «Бул жерде қалыўды қәлемеймиз», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмасаңыз, 14және: «Яқ, бизлер Мысырға кетемиз. Ол жерде урыс та көрмеймиз, оны хабарлаған кәрнай сестин де еситпеймиз, нанға зар болмаймыз, сол жерде жасаймыз», – десеңиз, 15онда Яҳуданың аман қалғанлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер сизлер Мысырға барыўға қарар етип, сол жерге барып жасасаңыз, 16сизлер қорққан қылыш ол жерде изиңизден жетеди, сизлер қорққан ашлық Мысырда жағаңызға жабысады ҳәм сизлер сол жерде өлесиз. 17Мысырға барып жасаўды қарар қылған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи. Мен басыңызға жаўдыратуғын апатшылықтан ҳеш ким тири қалмайды, ҳеш ким қашып та қутыла алмайды». 18Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ерусалим турғынларына қәҳәр-ғәзебим төгилгениндей, Мысырға киргениңизде, сизлерге де ғәзебим төгиледи. Сизлер ғарғысқа қалып, қорқынышлы көриниске айланасыз, нәлетленип, насаққа қаласыз. Бул жерди қайтып көрмейсиз». 19Ҳәй, Яҳуданың аман қалғанлары! Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға кетпеўди буйырды. Билип қойың, бүгин мен сизлерге ескертип атырман. 20Мени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң дәргайына жиберип: «Бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет. Оның айтқанларының ҳәммесин бизлерге билдир, бизлер де оған әмел қыламыз», – дегениңизде, үлкен қәтеге жол қойдыңыз. 21Мен бүгин сизлерге буны билдирдим, бирақ сизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң мен арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмадыңыз. 22Енди жақсылап билип қойың, барып жасамақшы болған жериңизде қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өлесиз.
Copyright information for
KaaIBT22C