‏ Jeremiah 43

Еремияның Мысырға алып кетилиўи

1Еремия пүткил халыққа өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң сөзлерин, өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң өзин жиберип айттырған сөзлерин толық айтып болғанда, 2Ҳошая улы Азария, Қареах улы Юханан ҳәм сурбет адамлардың ҳәммеси Еремияға былай деди:

– Сен жалған айтып турсаң. Қудайымыз Жаратқан Ийе сени бизлерге: «Мысырға барып жасамаң», – деп айтыў ушын жиберген жоқ.
3Калдейлер бизлерди өлтирсин ямаса Бабилонияға тутқын етип алып кетсин деп, бизлерди олардың қолына тапсырыў ушын Нерия улы Барух сени бизлерге қарсы ийтермелемекте.

4Солай етип, Қареах улы Юханан, әскербасылар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Яҳудада қалыў туўралы айтқан буйрығына қулақ аспады. 5Яҳудада жасаў ушын тарап кеткен жерлеринен қайтып келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳәммесин Қареах улы Юханан ҳәм әскербасылар ертип кетти. 6Булардан тысқары, олар бабилонлы сақшылар баслығы Набузараданның Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның қасында қалдырып кеткен адамларының ҳәммесин: еркек ҳәм ҳаялларды, балаларды, патшаның қызларын, Еремия пайғамбарды ҳәм Нерия улы Барухты өзлери менен алып кетти. 7Олар Жаратқан Ийеге қулақ аспай, Мысыр жерине кетип, Тахпанхеске жетип келди.

8Тахпанхесте Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:

9– Қолыңа үлкен тасларды алып, оларды Тахпанхестеги фараонның сарайының кирер аўзындағы гербишлер арасына көм. Буны яҳудийлердиң көз алдында исле. 10Кейин оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Мен Бабилония патшасы қулым Набуходоносорды бул жерге алып келип, оның тахтын мына көмилген таслар үстине орнатаман. Набуходоносор патшалық шатырын усы таслардың үстине тигеди. 11Ол келип, Мысырды ўайран қылады. Тәғдирине өлим жазылған өледи, тәғдирине сүргин жазылған сүргинге кетеди, тәғдирине қылыш жазылған қылыш пенен шабылады. 12Бабилония патшасы Мысыр қудайларының бутханаларына от қояды, бутларды жандырады, базыларын өзи менен алып кетеди. Шопан тонын бүргеден тазалағандай, Мысырды да солай тазалайды. Кейин ол жерден аман-есен шығып кетеди. 13Ол Мысыр жериндеги Қуяш қудайының бутханасындағы Қуяш қудайына арнап қойылған кийели тасларды бузып, Мысыр қудайларының барлық бутханаларын өртеп жибереди».
Copyright information for KaaIBT22C