Jeremiah 45
Жаратқан Ийениң Барухқа айтқан сөзи
1Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Нерия улы Барух Еремияның аўзынан мына сөзлерди китапқа жазып отырғанда, Еремия пайғамбардың Барухқа айтқан сөзи: 2– Барух, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе саған былай дейди: 3«Сен: „Сорым қурысын! Өйткени Жаратқан Ийе дәртиме қайғы-ҳәсирет қосты, ыңқылдай берип шаршадым, ҳеш тынышлық таппай атырман“, – дейсең». 4Жаратқан Ийе маған Барухқа былай деп айт деди: «Мына пүткил жер жүзинде қурғанымды қырып таслайман, еккенимди суўырып таслайман. 5Сен өзиң ушын уллы нәрселерди излейсең бе? Излеме, себеби Мен пүткил адамзаттың басына апатшылық жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Ал саған ҳәмме жерде, қаяққа барсаң да жаныңды өзиңе олжа қыламан».
Copyright information for
KaaIBT22C