‏ Jeremiah 46

Мысыр туўралы пайғамбаршылық

1Еремия пайғамбарға миллетлер ҳаққында Жаратқан Ийеден сөз түсти.

2Мысыр туўралы хабар: Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Бабилония патшасы Набуходоносор Евфрат дәрьясының жағасындағы Каркемиште Мысыр патшасы фараон Нехоның ордасын қырғынға ушыратты.

3«Қалқанларды таярлап, саўашқа кирисиң!
4Атларыңызды ертлеп, атларға миниң!
Дуўлығаңызды кийип, сапқа дизилиң!
Найзаларды егеп, саўытларды кийиң!
5Мен не көрип турман?
Олар қорқып, шегинип атыр,
Жаўынгерлери жеңилип,
Артына қарамай, қашып баратыр.
Ҳәр тәрептен қорқыныш бийлеп алған,
– дейди Жаратқан Ийе. –
6Жүйрик қашып қутыла алмас,
Батыр қашып кете алмас.
Арқада, Евфрат дәрьясы бойында,
Олар сүрнигип, жығылады.
7Нил киби тасып,
Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған ким?
8Нил киби тасып,
Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған бул – Мысыр.
Ол: „Тасып, дүнья жүзин қаплайман,
Қаланы турғынлары менен жоқ қыламан“, – дейди.
9Ҳәй, атлар, алға басың!
Ҳәй, арбалар, жел болып ушың!
Мәрт жаўынгерлер ҳүжимге өтсин:
Хабашстан әскерлери, Пут қалқаншылары,
Шебер сарыжайшы Луд әскерлери.

10Бул күн Ийениң, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң күни.
Бул күн Оның душпанларынан өш алынатуғын төлем күни.
Қылыш тойғанша,
Қанға шөли қанғанша жалмайды.
Евфрат дәрьясының арқасындағы жерлерде,
Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси ушын қурбанлық болады.

11Ҳәй, пәк қыз Мысыр,
Гиладқа барып, мәлҳәм ал.
Қанша дәри ишсең де, бийпайда,
Сениң дәртиңе даўа жоқ.
12Шерменделигиңди миллетлер еситти,
Жер бети пәриядыңа толды.
Әскер әскерге дүгисип,
Екеўи де жерге қулады».

13Бабилония патшасы Набуходоносордың урысыў ушын Мысыр елине келетуғыны туўралы Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийе мына сөзди айтты:

14«Мысырда жәриялаң, Мигдолда жар салың,
Нофта ҳәм Тахпанхесте еситтирип, былай дең:
„Турып, таярланың,
Қылыш дөгерегиңиздегилерди қырып таслайды“.
15Не ушын қудайың Апис қашты?
Буғаң не ушын аяқта тура алмады?
Себеби Жаратқан Ийе оны жер менен жексен етти.
16Ол жығылғанларды көбейтти,
Олар бир-бириниң үстине жығылып атырып:
„Бол тез, залымның қылышынан қашып,
Өз халқымызға, туўылған мәканымызға қайтайық!“– дейди.
17Ол жерде болса: „Мысыр патшасы фараон тек мақтаншақ,
Ол пурсатты қолдан шығарды“, – дейди.

18Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша былай дейди:
Өз тирилигим ҳақы ант ишемен:
Таўлар арасында Табор таўы қандай болса,
Теңиз жағасындағы Кармел таўы қандай болса,
Сизлерге киятырған душпан да сондай.
19Ҳәй, қыз Мысырдың турғынлары!
Түйиншигиңизди түйип, сүргинге таярланың.
Ноф ўайран болып,
Адамсыз ҳүўлеп қалады.

20Мысыр жүдә сулыў қашар,
Бирақ арқаның соналары жапырылып оған ушып келеди.
21Оның жалланба әскерлери,
Баққы танадай болса да,
Шегинип, бирликте изге қашады,
Олардың жеринде тура алмайды.
Себеби олардың апатшылыққа ушырайтуғын күни,
Жазаланатуғын ўақты жетип келди.
22Душпанның күшли ордасы жақынлаған сайын,
Мысыр жыландай ысылдайды.
Отын шабатуғын адамлардай,
Душпан балталар менен келеди.
23Тығыз тоғайдай болса да,
Оны шаўып таслайды,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Олар шегирткелерден де көп,
Есапсыз, сан-санақсыз.
24Қыз Мысыр шерменде болып,
Арқа халқының қолына бериледи».

25Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен Но қаласының қудайы Амонды, фараонды, Мысыр менен оның қудайларын, патшаларын ҳәм фараонға үмит байлағанларды жазалайман. 26Оларды олардың жанында қасты болған Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм оның қулларының қолына беремен. Буннан кейин, Мысырда бурынғыдай және халық жасайды», – дейди Жаратқан Ийе.

Жаратқан Ийе Өз халқын қутқарады

27«Қулым Яқып, сен қорқпа!
Израил, қәўетерленбе!
Мен сени узақ еллерден,
Урпақларыңды сүргин етилген жерлеринен қутқараман.
Яқып қайтып келип,
Тыныш ҳәм бийқәтер өмир сүреди,
Ҳеш ким оны қорқытпайды.
28Қорқпа, қулым Яқып!
Мен сениң менен биргемен,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Сени Өзим араларына жиберген,
Миллетлердиң ҳәммесин жоқ қыламан.
Бирақ сени жоқ қылмайман,
Тек әдалатлы түрде жаза беремен,
Жазасыз қалдырмайман».
Copyright information for KaaIBT22C