‏ Jeremiah 47

Филистлер туўралы пайғамбаршылық

1Фараон Газаға ҳүжим қылмастан алдын, Жаратқан Ийеден Еремия пайғамбарға филистлер туўралы сөз түсти.

2Жаратқан Ийе былай дейди:
«Арқадан суўлар көтерилип,
Дәрья киби толып тасып,
Жерди ҳәм оны толтырып турған нәрселерди,
Қаланы ҳәм онда жасайтуғынларды басып кетеди.
Адамлар дад-пәрияд қылып,
Сол жерде жасайтуғын пүткил халық аҳыў-нала шегеди.
3Күшли атлардың туяқларының дүрсилдисинен,
Саўаш арбаларының тасырлысынан,
Дөңгелеклериниң даўысларынан,
Қолларында дәрман қалмаған әкелер,
Балаларына қайырылып та қарамайды.
4Сондай күн келеди,
Пүткил филистлер қырып тасланады.
Тир менен Сидонның соңғы аўқамласлары жоқ қылынады.
Жаратқан Ийе Кафтор жағасынан келген филистлердиң,
Аман қалғанларын жоқ қылады.
5Газа аза тутып шашын алдырады,
Ашкелон үнсиз қалады.
Тири қалған ойпатлық турғынлары!
Қашанға дейин ғам шегип, өз денеңизди тилкимлейсиз?

6„Аҳ, Жаратқан Ийениң қылышы!
Қашан тыныш табасаң?
Қыныңа кир,
Тынышланып, демиңди ал!“
7Жаратқан Ийе оған буйрық берген болса,
Ол қалай тынышлансын?
Жаратқан Ийе Өз қылышын,
Ашкелонға ҳәм теңиз жағасына жоллады».
Copyright information for KaaIBT22C