Jeremiah 49
Аммон туўралы пайғамбаршылық
1Жаратқан Ийе аммонлар ҳаққында былай дейди:«Израилдың уллары жоқ па?
Оның мийрасхоры жоқ па?
Онда не ушын Молохқа табынатуғынлар,
Гад урыўының жерин ийелеп,
Халқы Гадтың қалаларында жасап атыр?
2Сонлықтан сондай күнлер келеди,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Аммонлардың бас қаласы Раббаға қарсы,
Урыс дабылын қақтыраман.
Ол үйилген топыраққа айланады, өртеледи.
Сонда Израил өзлеринен тартып алынғанларды ийелейди,
– дейди Жаратқан Ийе. –
3Зар жыла, Хешбон!
Өйткени Ай қаласы қырып тасланды.
Рабба ҳаяллары пәрияд етиң!
Аза кийимин кийип, өкирип жылаң!
Атызларда гезип жүриң!
Өйткени руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен,
Молох сүргин қылынады.
4Ойпатлықларың менен неге мақтанасаң?
Ойпатлықларың набыт болады.
Бийопа қыз, ғәзийнелериңе исенип:
„Маған ким ҳүжим ете алады?“– дедиң.
5Мен Өзим саған ҳәмме тәрептен,
Қорқыныш жиберемен,
– дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
Сизлер қуўылып, тарап қашасыз,
Қашқынларды ҳеш ким қайта жыйнамайды.
6Бирақ буннан кейин, Мен аммонлардың,
Бурынғы абаданшылығын қайтарып беремен», – дейди Жаратқан Ийе.
Эдом туўралы пайғамбаршылық
7Эдом туўралы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:«Теманда енди даналық жоқ па?
Даналарда мәсләҳәт қалмады ма?
Олардың даналығы ғайып болды ма?
8Дедан турғынлары!
Артыңызға қарамай, қашып,
Үңгирлерге жасырының.
Мен Эсаўды жазалағанымда,
Басына апатшылық жаўдыраман.
9Бағыңда жүзим тергенлер,
Азғантай болса да жүзим қалдырмас па еди?
Түнде келген урылар,
Керегин урламас па еди?
10Бирақ Эсаўды тыр жалаңаш қыламан,
Сырлы жерлерин әшкара қыламан,
Ол жасырына алмайды.
Оның урпақлары,
Ағайин ҳәм қоңсылары жоқ қылынады,
Өзи де жоқ болады.
11Ҳеш ким: „Жетимлериңизди қалдырың,
Олардың жанын сақлайман.
Жесирлериңиз де маған үмит байласын“, – дей алмайды».
12Жаратқан Ийе былай дейди:
«Жаза кесесинен ишиўи керек болмағанлар да,
Оннан ишкенде, сен жазасыз қаласаң ба?
Яқ, жазасыз қалмайсаң,
Әлбетте, оннан ишесең.
13Өз атым менен ант ишемен,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Босра қорқынышлы көриниске айланып, насаққа қалады,
Шөлге айланып, ғарғысқа дуўшар болады.
Оның барлық қалалары мәңги босап қалады».
14Мен Жаратқан Ийеден бир хабар еситтим,
Миллетлерге жолланған жаршы:
«Бир жерге жыйналып, оған қарсы шығың,
Аяққа турып, саўашқа атланың!» – деди.
15«Мен сени миллетлер арасында арзымас,
Адамлар арасында жек көринишли қыламан.
16Қәўетерге түсиўиң ҳәм тәкаббир жүрегиң,
Сени алдады.
Ҳәй, жартастың жарықларында жасайтуғын,
Төбелердиң бийик шоққыларын ийелеген!
Бүркит киби уяңды бәлент қурсаң да,
Сени ол жерден төменге түсиремен,
– дейди Жаратқан Ийе. –
17Эдом қорқынышлы көриниске айланады.
Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап,
Апатшылықлары себепли жаны түршигеди.
18Содом менен Гомора ҳәм олардың әтирапындағы қалалардың,
Жер менен жексен болғаны сыяқлы,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Эдомда да бирде бир адам жасамайды,
Тири жан қалмайды.
19Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан,
Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы,
Эдом халқын ол жерден асығыс қуўып шығаман.
Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма?
Себеби Маған тең келетуғын ким бар?
Меннен ким есап талап қыла алады?
Қайсы патша Маған қарсы тура алады?»
20Сонлықтан Жаратқан Ийениң Эдомға қарсы дүзген жобасын,
Теман турғынлары ушын нийетлеген мақсетин еситиң:
«Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең жасы да сүйреп кетиледи,
Олардың жайлаўлары босап қалады.
21Олардың қулаған даўысынан,
Жер жүзи ләрзеге келеди.
Қышқырысқан даўыслары,
Қызыл теңизге дейин еситиледи.
22Әне, душпан бүркит киби жоқары ушып,
Қанатларын Босраның үстине жайды.
Сол күни Эдом әскерлериниң жүреги,
Толғатқан ҳаялдың жүрегиндей болады».
Дамаск туўралы пайғамбаршылық
23Дамаск туўралы пайғамбаршылық:«Хамат ҳәм Арпад уятқа қалды,
Қорқынышлы хабарды еситип, қатты муңайды.
Руўхы түсип,
Толқын көтерилген теңиздей басылмайды.
24Дамаск ҳәлсиреп, қаша жөнелди,
Оны қорқыныш бийлеп алды.
Толғақ тутқан ҳаялдай,
Оны азап ҳәм дәрт тутты.
25Қуўанышым мәканы болған,
Бул даңқлы қала қалайынша таслап кетилди?
26Оның жас жигитлери көшелерде өледи,
Барлық әскерлери сол күни қаза табады,
– дейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
27Дамаск дийўалларына от қояман,
Бен-Ҳадад қорған қаласын өрт жалмайды».
Кедар ҳәм Хасор туўралы пайғамбаршылық
28Бабилония патшасы Набуходоносор басып алған Кедар ҳәм Хасор патшалықлары туўралы Жаратқан Ийе былай дейди:«Барып, Кедарға ҳүжим қылың,Шығыстағы халықларды жоқ қылың!
29Олардың шатырлары менен сүриўлери тартып алынады,
Перделери, буйымлары, түйелери талан-тараж қылынады,
Адамлар ўай-ўайлап: „Қәўип дөнбекте“, – деп бақырысады.
30Хасор турғынлары! Қашыңлар,
Узақларға кетиңлер,
Үңгирлерге жасырыныңлар!
– дейди Жаратқан Ийе. –
Себеби Бабилония патшасы Набуходоносор,
Сизлер ушын қарар қабыл етти,
Сизлерге қарсы жоба дүзди.
31Барың, тыныш ҳәм қәўипсиз жасап атырған,
Халыққа ҳүжим етиң,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Олардың дәрўазалары да, тәмбилери де жоқ,
Олар жеке жасайды.
32Олардың түйелери олжаланып,
Көп маллары қолға алынады.
Тулымшақларын кестирип жүретуғын бул адамларды,
Төрт тәрепке тарқатып жиберемен,
Ҳәр тәрептен оларға апат жиберемен,
– дейди Жаратқан Ийе. –
33Хасор мәңгиге қаңырап,
Сағаллар мәканына айланады.
Ол жерде бирде бир адам жасамайды,
Тири жан қалмайды».
Элам туўралы пайғамбаршылық
34Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басларында Еремия пайғамбарға Элам ҳаққында сөз түсти. 35Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деди:«Эламның қүдиретиниң негизи болған,
Садағын сындыраман,
36Аспанның төрт тәрепинен жиберилген самал менен,
Эламды төрт тәрепке тарқатып жиберемен.
Эламнан сүргин етилгенлердиң,
Аяқ баспаған журты қалмайды.
37Эламды душпанларының,
Жанында қасты болғанлардың алдында албыратаман.
Мен лаўлаған ғәзебимди,
Үстине апат қылып жаўдыраман,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Оларды пүткиллей жоқ қылмағанша,
Изине қылыш саламан.
38Мен тахтымды Эламға орнатып,
Оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын жоқ қыламан,
– дейди Жаратқан Ийе. –
39Бирақ ақырғы күнлерде Эламға,
Абаданшылығын қайтарып беремен»,
– дейди Жаратқан Ийе.
Copyright information for
KaaIBT22C