‏ Jeremiah 5

Ерусалимниң гүнасы

1«Ерусалим көшелерин айланың,
Әтирапына қарап, аңлаң,
Қала майданларынан излең.
Егер әдалатлы ҳәм ҳақыйқатты излеген бир адам тапсаңыз,
Онда Мен бул қаланың гүнасынан өтемен.
2Олар: „Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз“, – десе де,
Негизинде, ишкен анты жалған».

3Жаратқан Ийе, Сениң нәзериң ҳақыйқатқа тигилген емес пе?
Оларды урдың, бирақ олар азарын сезбеди,
Оларды жоқ қылмақшы болдың, бирақ сабақ алыўдан бас тартты.
Олар бетлерин жартастан да қатты қылып,
Изге қайтыўды қәлемеди.
4Мен ишимнен: «Бул адамлар ғәрип ҳәм ақылсыз,
Олар Жаратқан Ийениң жолын,
Өз Қудайының Нызамын билмейди.
5Енди мен абырайлы адамларға барып,
Олар менен сөйлесемен.
Олар Жаратқан Ийениң жолын,
Өз Қудайының Нызамын биледи», – деп ойладым.
Бирақ олардың ҳәммеси де Қудайының мойынтырығын сындырып,
Кисенлерин үзип таслаған екен.
6Сонлықтан тоғайдан шыққан арыслан оларды тилкимлеп,
Шөлдеги қасқыр оларды ғажып таслайды.
Қаплан қалалары жанында буққыда жатып,
Қаладан шыққан ҳәр бир адамды тилким-тилким қылады.
Себеби олардың қылмысы үлкен,
Опасызлығы сансыз.

7«Сени қалай кеширемен?
Балаларың Мени таслап кетип,
Қудай болмаған бутлар ҳақы ант ишти.
Мен оларды тойдырдым.
Олар болса, қыянет етип,
Топланысып, бузықлардың үйлерине кетти.
8Олар күйге келген айғырлар киби,
Ҳәр бири қоңсысының ҳаялына киснейди.
9Булар ушын Мен оларды сөзсиз жазаламайман ба?
– дейди Жаратқан Ийе. –
Усындай бир миллеттен өш алмайын ба?

10Жүзимзарларына кирип, оларды ўайран қылың,
Бирақ пүткиллей жоқ қылмаң.
Жүзим шақаларының керексизлерин жулып таслаң,
Енди олар Маған, Жаратқан Ийеге тийисли емес.
11Израил ҳәм Яҳуда халықлары,
Маған пүткиллей қыянет етти», – дейди Жаратқан Ийе.

12Халық Жаратқан Ийе ҳаққында жалған сөйлеп, былай дейди:
«Ол ҳеш нәрсе қылмайды,
Басымызға апатшылық түспейди,
Бизлер қылыш та, ашлық та көрмеймиз.
13Пайғамбарлар самалға мегзер,
Оларда Жаратқан Ийениң сөзи жоқ.
Айтқанлары олардың өзлериниң басына түссин».

14Сонлықтан Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
«Халық бул сөзлерди айтқаны ушын,
Өз сөзлеримди сениң аўзыңда жалындай қыламан.
Бул халықты отын қыламан,
От оларды жандырып жоқ қылады.
15Ҳәй, Израил халқы,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Сизлердиң үстиңизге,
Узақ жерден бир миллетти алып келемен.
Ол күшли ҳәм әййемги халық болып,
Сол адамлардың тилин сен билмейсең,
Сөзине де түсинбейсең.
16Олардың оқ жайлары ашық қәбирге мегзер,
Адамларының ҳәммеси батыр жаўынгерлер.
17Олар сениң зүрәәтиңди ҳәм наныңды жеп таслап,
Ул-қызларыңызды жалмап жутады.
Майда ҳәм ири малларыңызды,
Жүзим ҳәм әнжирлериңизди жейди.
Сизлер исенген қорғанлы қалаларыңызды,
Қылыш пенен ўайран қылады.

18Ҳәтте, сол күнлери де, – дейди Жаратқан Ийе, – сизлерди пүткиллей жоқ қылмайман. 19Халық сеннен: „Неге Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге бул нәрселерди иследи?“– деп сораса, оларға былай деп жуўап бер: „Сизлер Оны тәрк етип, өз жериңизде басқа қудайларға хызмет еттиңиз. Енди сизлер өзлериңизге тийисли болмаған жерде басқаларға солай хызмет етесиз“.

20Яқыптың халқына жар салып,
Яҳудада жәриялаң:
21Ҳәй, көзи болса да, көрмеген,
Қулағы болса да, еситпеген,
Надан ҳәм бийпарасат халық,
Қулақ салың!
22Меннен қорқпайсыз ба?
– дейди Жаратқан Ийе. –
Мениң алдымда қалтырамайсыз ба?
Мен қумды теңизге шегара,
Мәңги өтип болмайтуғын бөгет қылдым.
Толқынлар тасса да, үстине шыға алмайды,
Шуўласа да, оннан асып кете алмайды.
23Бирақ бул халық өжет ҳәм қозғалаңшы.
Олар азғырылып, өз жолына қайтып кетти.
24Олар жүрегине түйип:
„Гүзги ҳәм бәҳәрги жаўынды өз ўақтында жаўдыратуғын,
Жыйын-терим ушын белгиленген ҳәптени сақлап келген,
Қудайымыз Жаратқан Ийеден қорқайық“, – демейди.
25Айыпларыңыз сизлерди усы жақсы нәрселерден узақластырды,
Гүналарыңыз берекеттен маҳрум етти.

26Халқымның арасында жаўыз адамлар бар,
Олар қус аўлағандай буққыда жатып,
Дузақ қурып, адамларды тутады.
27Тордың қусқа толғанындай,
Олардың үйлери де жалғанға толы.
Сонлықтан олар күшейип, байыды,
28Семирип, жылтырады.
Олардың жаўыз ислериниң шегарасы жоқ.
Жетимниң даўа-арзын әдалатлы қарамайды,
Исти оның пайдасына шешпейди,
Жарлының ҳуқықын да қорғамайды.
29Булар ушын Мен оны жазаламайын ба?
– дейди Жаратқан Ийе. –
Бундай миллеттен өш алмайын ба?

30Сол жерде қорқынышлы ҳәм таң қаларлық нәрсе болмақта:
31Пайғамбарлар жалған пайғамбаршылық қылмақта,
Руўханийлер өзлериниң қәлеўи бойынша басқармақта.
Мениң халқыма бул унамақта.
Бирақ булардың ақыры келгенде не қыласыз?»
Copyright information for KaaIBT22C