‏ Jeremiah 50

Бабилония туўралы пайғамбаршылық

1Бабилон ҳәм калдейлердиң жери ҳаққында Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзи мынаў:

2«Миллетлер арасында жәриялап, жар салың,
Байрақ көтериң, оларға еситтириң,
Ҳеш нәрсени жасырмай айтың:
„Бабилон қолға алынды,
Қудайы Бел шерменде болды,
Қудайы Меродах шилпәрше болды.
Оның бутлары масқара болды,
Мүсинлери сындырып тасланды“.
3Себеби арқадан бир миллет оған қарсы шығып,
Оның жерин шөлге айландырады.
Ол жерде ҳеш ким жасамайды,
Адам да, ҳайўан да оннан қашып кетеди.
4Сол күнлери ҳәм сол ўақытлары,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Израил халқы Яҳуда халқы менен бирге,
Көз жас төгип келип,
Өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени излейди.
5Олар Сионға қарай бет бурып,
Оған баратуғын жолды сорайды.
„Келиң, умытылмайтуғын мәңгилик келисим дүзип,
Жаратқан Ийе менен жарасайық“, – дейди.
6Мениң халқым адасқан қойлардай,
Шопанлары оларды адастырып,
Таўларға айдап жиберди,
Олар таў-төбелерде гезип,
Өз өрисин умытты.
7Қойларыма дус келген оларды жеди,
Душпанлары: „Биз айыплы емеспиз,
Олар ҳақыйқат өриси болған Жаратқан Ийеге,
Ата-бабаларының үмити болған,
Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи“, – дейди.

8Бабилоннан қашып кетиң,
Калдейлердиң жеринен шығып кетиң,
Сүриўди баслап жүрген текедей болың.
9Мине, Мен арқадағы уллы миллетлер топарын,
Бабилонға қарсы көтерип, алып келемен.
Олар Бабилонға қарсы сап тартып турады,
Оны қолға алады.
Оқлары мерген әскердикиндей,
Ҳеш бири бос кетпейди.
10Калдейлер талан-тараж қылынып,
Оны талағанлардың бәри олжаға батып қалады,
– дейди Жаратқан Ийе.

11Ҳәй, мийрасымды талаған бабилониялылар!
Сизлер мәс болып, йошландыңлар,
Отлақтағы қашардай секирип қуўанып,
Айғырдай киснедиңлер.
12Бирақ ана журтыңыз уятқа қалады,
Киндик қаныңыз тамған жер аяқ асты болады.
Ол миллетлер ишиндеги ең әҳмийетсизи болып,
Шөлге, қуў далаға, саҳраға айланады.
13Жаратқан Ийениң ғәзебинен,
Елсиз болып, пүткиллей қаңырап қалады.
Бабилоннан өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап,
Апатшылықлары себепли жаны түршигеди.
14Ҳәй, садақшылар,
Бабилон әтирапына сап тартып турың.
Оған оқ атың, оқларды аямаң,
Себеби ол Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи.
15Ҳәмме тәрептен қалаға қарай бақырың!
Ол тәслим болды, минаралары қулады,
Дийўаллары жер менен жексен болды.
Бул Жаратқан Ийениң өши, оннан өш алың,
Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең.
16Бабилонияда егин еккенди,
Орақ ўақтында орақшыны да жоқ қылың.
Душпан қылышынан қашып,
Ҳәр бир адам өз халқына қайтсын,
Өз ўатанына қашып барсын».

Израилдың қайта тиклениўи

17«Израил арысланлар қуўып,
Сүриўден айырылып қалған қойға уқсайды.
Дәслеп оны Ассирия патшасы жалмады,
Ал мына, оның сүйегин кемирген соңғысы,
Бабилония патшасы Набуходоносор болды.
18Сонлықтан Израилдың Қудайы,
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
Мен Ассирия патшасын қалай жазалаған болсам,
Бабилония патшасы менен оның елин де солай жазалайман.
19Израилды және өз өрисине қайтараман,
Ол Кармелде, Башанда отлап,
Эфрайым таўларында ҳәм Гиладта тойып жүреди.
20Сол күнлери ҳәм сол ўақытта,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Израилдың айыбы изленеди,
Бирақ ҳеш бир айып табылмайды.
Яҳуданың гүнасы изленеди,
Бирақ оннан ҳеш бир гүна табылмайды.
Мен аман қалдырғанларымды кеширемен».

Жаратқан Ийениң Бабилонияны жазалаўы

21«Мератайым жерине ҳәм Пеқод
Мератайым… Пеқод – бул атамалар арқалы пүткил Бабилония нәзерде тутылған.
халқына ҳүжим қылыңлар.
Оларды қырып, толық жоқ қылың,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Өзиңе буйырғанлардың ҳәммесин орынла.
22Бабилонияда урыс шаўқымы ҳәм уллы ўайраншылық!
23Пүткил дүньяны тоқпақлап езген Бабилония,
Енди қаншелли сынып, майдаланды!
Ол миллетлер арасында,
Қандай қорқынышлы көриниске айланды!
24Мен саған дузақ қурдым,
Бабилон, сен билмей, оған түстиң.
Жаратқан Ийеге қарсы шыққаның ушын,
Сен табылдың ҳәм тутқынға алындың.
25Ийениң, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң,
Калдейлердиң жеринде ислейтуғын иси болғаны себепли,
Жаратқан Ийе зат сақлайтуғын бөлмесин ашып,
Оннан ғәзеп қуралларын шығарды.
26Бабилонға ҳәр тәрептен ҳүжим қылың.
Оның дәрўазаларын ашың,
Қаладағының ҳәммесин үйин-үйин қылып жыйнап,
Пүткиллей жоқ қылың.
Оннан ҳеш нәрсе қалдырмаң.
27Барлық батырларын өлтириң,
Қырып таслаң.
Олардың соры қурысын!
Өйткени олардың күни келди,
Жаза алатуғын ўақты жетти.

28Бабилониядан қашып қайтып келгенлердиң даўысы еситиледи.
Олар Сионға келип,
Қудайымыз Жаратқан Ийениң өшин,
Өз Ибадатханасы ушын алған өшин жәрияламақшы.
29Сарыжайшыларды, оқ ататуғынлардың ҳәммесин,
Бабилонның қарсысына шақырың.
Қаланы қоршаўға алың,
Ҳеш ким қутылып кете алмасын.
Ислеген исине жараса қайтарың,
Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең.
Себеби ол Израилдың Мухаддесине,
Жаратқан Ийеге қарсы көкирек көтерди.
30Сонлықтан жас жигитлери көшелерде өлип,
Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди Жаратқан Ийе.

31Ҳәй, тәкаббир, Мен саған қарсыман,
– дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
Сениң күниң келди, Мен сени жазалайтуғын ўақыт жетти.
32Тәкаббир сүрнигип жығылады,
Оны ҳеш ким орнынан турғызбайды.
Оның қалаларына от қояман,
Дөгерегиндегилердиң ҳәммесин от жалмайды».

33Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Израил менен Яҳуда да жәбир шекпекте,
Тутқынға алғанлардың ҳәммеси оларды беккем услап,
Азат қылыўдан бас тартпақта.
34Бирақ олардың әмеңгери күшли,
Оның аты Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Ол Израилдың исин жақлайды.
Жер жүзине тынышлық,
Ал Бабилония турғынларына зобалаң береди.

35Калдейлерге қылыш дөнсин!
– дейди Жаратқан Ийе. –
Бабилон турғынларына,
Басшыларына ҳәм данышпанларына қылыш дөнсин!
36Жалған пайғамбарларына қылыш дөнсин!
Олар ақмақлық қылмақта!
Әскерлерине қылыш дөнсин!
Олар набыт болмақта!
37Атларына, саўаш арбаларына,
Басқа миллетлерден жаллап алған әскерлерине қылыш дөнсин!
Олар ҳаял сыяқлы ҳәлсиз болады.
Оның ғәзийнесине қылыш дөнсин!
Олар талан-тараж болады.
38Қурғақшылық басланып,
Суўлар тартылып, қурып қалсын,
Өйткени бул жер бутлар мәканы.
Қорқынышлы бутлар себепли,
Адамлар ақылдан азды.
39Енди ол жерде жабайы ҳайўанлар,
Сыртланлар ҳәм үкилер жасайды.
Онда адам жасамайды,
Әўладтан-әўладқа ҳеш ким аяқ баспайды.
40Содом менен Гомораның,
Олардың әтирапындағы қалалардың,
Жер менен жексен болғаны сыяқлы,
Ол жерде де бирде бир адам жасамайды,
Тири жан қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе.

41Мине, арқадан бир халық киятыр.
Дүньяның шетинен бир уллы миллет,
Сондай-ақ көплеген патшалар аяққа турмақта.
42Олар оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған,
Өзлери де жаўыз ҳәм реҳимсиз.
Атларға минип шаўған сести,
Теңиз сыяқлы шуўылдайды.
Қыз Бабилон! Саған ҳүжим қылыў ушын,
Олар бир адамдай сап тартып турады.
43Бабилония патшасы олар ҳаққында еситкенде,
Қолларында мәдар қалмады.
Толғақ тутқан ҳаял киби,
Оны қайғы-азап бийлеп алды.

44Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан,
Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы,
Оларды сол жерден асығыс қуўып шығаман.
Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма?
Себеби Маған тең келетуғын ким бар?
Меннен ким есап талап қыла алады?
Қайсы патша Маған қарсы тура алады?»

45Енди, Жаратқан Ийениң Бабилонға қарсы дүзген жобасын,
Калдейлердиң жери ушын нийетлеген мақсетин еситиң:
«Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең жасы да сүйреп кетиледи,
Олардың жайлаўлары босап қалады.
46„Бабилон басып алынды!“– деп бақырғанда,
Жер жүзи ләрзеге келеди.
Қышқырысқан даўыслары,
Миллетлер арасынан еситиледи».
Copyright information for KaaIBT22C