Jeremiah 51
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Мен Бабилон ҳәм Леб-Қамай ▼
▼ Леб-Қамай – Бабилонияның шәртли белгилер тәртиби менен жазылған атамасы. Бул «жүреги Маған қарсылар» деген мәнини билдиреди.
турғынларын,Набыт қылатуғын даўыл турғызаман.
2Бабилонға жат жерлилерди жиберемен.
Оны бийдайдай суўырып, елин босатып таслайды.
Апатшылық күни оған жән-жақтан ҳүжим қылады.
3Сарыжайшылардың сарыжайын тартыўына,
Саўытларын кийип таяр турыўына жол қоймаң.
Бабилонның жасларын аямаң,
Оның ләшкерлерин толық қырып таслаң.
4Қаза тапқанлар калдейлердиң елинде,
Өлтирилгенлер көшелерде жатады».
5Израил ҳәм Яҳуда ели,
Израилдың Мухаддеси алдында,
Гүнаға батқан болса да,
Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Оларды тәрк етпеди.
6Бабилонлылар арасынан қашың,
Ҳәр ким өз жанын қутқарсын.
Оның қылмысы себепли набыт болмаң.
Себеби Жаратқан Ийе Бабилоннан өш алмақта,
Қылмысына жараса жаза бермекте.
7Бабилон Жаратқан Ийениң қолында,
Пүткил дүньяны мәс қылған,
Алтын кесе сыяқлы еди.
Миллетлер оның шарабынан ишип,
Ақылынан азды.
8Бабилон қулап, шыл-пәрше болды.
Ол ушын жылаң,
Жарасына мәлҳәм жағың,
Бәлким, жазылып қалар!
9Биз Бабилонға шыпа бермекши болдық,
Ол шыпа таппады.
Оны таслап, ҳәмме өз ўатанымызға кетейик.
Оған шығарылған ҳүким көклерге жетти,
Бултларға дейин көтерилди.
10Жаратқан Ийе бизди ақлады,
Барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң ислерин,
Сионда жәрия қылайық.
11Оқларды ушқырлап, оқ қалталарды толтырың.
Жаратқан Ийе Мидия патшаларының руўхын қозғады.
Нийети Бабилонды жоқ қылыў еди.
Усылай, Жаратқан Ийе Өзиниң өшин,
Ибадатханасының өшин алады.
12Бабилон дийўалларына қарсы байрақ көтериң,
Бақлаўшыларды күшейтиң, гүзетшилер қойың,
Буққыларды таярлаң.
Жаратқан Ийе мақсетлерин әмелге асырады,
Бабилон турғынларына айтқанларын орынлайды.
13Мол суўлар бойында,
Бай ғәзийнеге ийе болған халық!
Сениң ақырың жетти,
Әжелиң келди.
14Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи ҳақы ант ишти:
«Сени топ-топ шегирткедей болған,
Әскерлерге толтыраман.
Олар жеңис даўрығын салады».
Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў
15Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты,Даналығы менен дүньяны қурды,
Ақылы менен көклерди жайды.
16Ол гүркирегенде көктеги суўлар шуўылдайды,
Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди,
Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып,
Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
17Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз,
Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады.
Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
18Олар пайдасыз, масқарапаздың иси,
Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
19Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды,
Ол пүткил барлықты жаратқан Қудай.
Израил урыўы – Оның мийрасы,
Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
Бабилонның қыйралыўы
20«Бабилон, сен Мениң шоқмарым едиң,Сен арқалы миллетлерди қырып,
Патшалықларды ўайран қылдым.
21Сен арқалы атлар менен ондағы шабандозларды,
Саўаш арбалары менен арбакешлерди қырдым.
22Сен арқалы еркеклер менен ҳаялларды,
Ғаррылар менен жасларды,
Жигитлер менен қызларды қырдым.
23Сен арқалы шопанды ҳәм оның сүриўин,
Дийханды ҳәм оның жер айдайтуғын өгизин,
Ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын қырдым.
24Бабилонның ҳәм пүткил калдейлердиң,
Сионда ислеген барлық жаўызлықларын,
Сизлердиң көз алдыңызда өзлерине қайтараман,
– дейди Жаратқан Ийе. –
25Ҳәй, ўайран етиўши таў,
Пүткил дүньяны қыйратқан таў!
Мен саған қарсыман!
– дейди Жаратқан Ийе. –
Қолымды созып,
Сени жартастан қулатып,
Жанып кеткен таўға айландыраман.
26Сеннен мүйешке қойылатуғын тас та,
Тийкар тас та алынбайды.
Мәңгиге қаңырап қаласаң,
– дейди Жаратқан Ийе».
27Сол жерде байрақ көтерип,
Миллетлер арасында кәрнай шалың,
Миллетлерди Бабилонға қарсы урысқа таярлаң.
Арарат, Минний ҳәм Ашкеназ патшалықларын,
Бабилонға қарсы топлаң.
Оған қарсы сәркәрда тайынлап,
Атларды шегирткедей үстине бастырың.
28Бабилонға қарсы урысыўға миллетлерди,
Мидия патшаларын, оның ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын,
Олардың қол астындағы барлық еллерди таярлаң.
29Жер титиреп, қалтырамақта.
Өйткени Бабилонды адамсыз шөлге айландырыў ҳаққындағы,
Жаратқан Ийениң нийети әмелге аспақта.
30Бабилон батырлары саўаштан ўаз кешип,
Өз қорғанларында отыр.
Күши кетип, ҳаялдай болып қалған.
Олардың жайлары өртелип,
Қапы илгишлери сындырылды.
31Шабарман изинен шабарман,
Хабаршы изинен хабаршы келип,
Бабилония патшасына мына хабарды билдирди:
«Қала ҳәмме тәрептен басып алынды,
32Дәрья өткеллери қолға алынды,
Қамыслы батпақлар өртелди,
Әскерлерди қорқыныш бийледи».
33Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Орым ўақтында қырман қалай айдалатуғын болса,
Қыз Бабилон да солай қылынады.
Тез арада сол ўақыт келеди».
34«Бабилония патшасы Набуходоносор,
Мени жалмап, албыратты,
Бос ыдысқа айландырып қойды.
Айдарҳадай жутып,
Қарнын ләззетли затларыма толтырды,
Кейин қусып таслады.
35Бизлерге ҳәм жерлеслеримизге исленген зорлық,
Бабилонның басына түссин», – дейди Сион турғынлары.
«Төгилген қанымыздың қуны,
Калдейлерден талап етилсин», – дейди Ерусалим.
36Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен сениң исиңди жақлап,
Сениң ушын өш аламан.
Теңизин қурғатып,
Суў булақларын қурытаман.
37Бабилон тас үйиндисине,
Сағаллар мәканына айланады.
Қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланып,
Күлкиге қалады.
Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
38Бабилон халқы арысландай ақырады,
Арыслан баласындай қаңсылайды.
39Сонда, иштейи ашылғанда,
Мен оларға зыяпат қурып беремен.
Йошланып, мәңгилик уйқыға кетип,
Ҳеш ўақыт оянбасын деп,
Оларды мәс қыламан,
– дейди Жаратқан Ийе. –
40Оларды тоқлы, қошқар ҳәм серке киби,
Сойыўға алып бараман.
41Ўаҳ, Шешах ▼
▼ Шешах – Бабилонның шәртли белгилер тәртиби менен жазылған атамасы.
басып алынады!Пүткил дүньяның салтанаты қолға алынады!
Ўаҳ, миллетлер арасында Бабилон қорқынышлы көриниске айланады!
42Бабилонды теңиз қаплап,
Туўлаған толқынлары оны бастырады.
43Оның қалалары қаңырап,
Қуў далаға, шөлге айланады,
Ҳеш ким жасамайтуғын,
Адам баласы ол арқалы өтпейтуғын жер болып қалады.
44Бабилон қудайы Белди жазалап,
Жутқанларын қустыраман.
Енди миллетлер оған келмейтуғын болады,
Бабилон дийўаллары қулайды.
45Халқым Мениң! Олардың арасынан шығып,
Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен,
Жаныңызды сақлап қалың.
46Елде тарқалған мыш-мышлардан,
Жүрегиңиз артқа тартып, қорқпасын.
Быйыл бир гәп тарқалса,
Келеси жылы басқасы тарқалады.
Елдеги зорабанлық,
Патшалар арасындағы урыс ҳаққында,
Мыш-мышлар тарқалады.
47Сондай күнлер киятыр,
Мен Бабилонның бутларын жазалайман.
Пүткил үлке уятқа қалып,
Өли денелери оның ортасында жайрап жатады.
48Арқадан жоқ қылыўшы,
Бабилонға ҳүжим еткенде,
Аспан, жер ҳәм ондағылардың ҳәммеси,
Бабилонның жағдайына шадланып, қышқырысады,
– дейди Жаратқан Ийе. –
49Израиллыларды қырғаны,
Жер жүзиндеги басқа халықларды да қырғаны ушын,
Бабилон қулайды.
50Қылыштан қутылғанлар иркилмей, кетиң!
Узақ жерлерде Жаратқан Ийени еске алың,
Ерусалимди жүректе сақлаң.
51„Бизлер кейис еситкенде, уялдық,
Шет еллилер Жаратқан Ийениң Үйиниң,
Мухаддес жерлерине киргенде,
Жүзи қара болдық!“
52Сондай күнлер келеди,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Мен Бабилонның бутларын жазалайман.
Пүткил жер бойлап,
Жарадарлардың пәрияды еситиледи.
53Ҳәтте, Бабилон көклерге көтерилсе де,
Бәлент қорғанларын беккем қылса да,
Мен оған қырғын келтириўшини жиберемен», – дейди Жаратқан Ийе.
54Бабилоннан аҳыў-нала сеслери,
Калдейлердиң жеринен уллы қырғын сести еситиледи.
55Жаратқан Ийе Бабилонды опат етип,
Уллы шаўқымын басып тындырады.
Душпанлары мол суўлардың толқынындай шуўлап,
Даўыслары жаңлап турады.
56Қырғын келтириўши Бабилонға келеди.
Әскерлери тутқынға алынып,
Оқ жайлары сындырылады.
Жаратқан Ийе – өш алыўшы Қудай,
Ол исине сай толық қайтарады.
57«Мен Бабилонның басшыларын, данышпанларын,
Ҳүкимдарларын, ҳәмелдарларын ҳәм әскерлерин мәс қыламан.
Олар оянбайтуғын мәңгилик уйқыға кетеди», – дейди,
Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша.
58Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Бабилонның қалың дийўаллары жер менен жексен болады,
Бәлент дәрўазалары жағып жибериледи.
Халықлардың мийнети бийҳудаға кетеди,
Миллетлердиң мийнети отқа жемтик болады».
59Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының төртинши жылы, патшаның жол сапарларын уйымластырыўшы ўәзири Махсеяның ақлығы, Нерияның улы Серая Седекия менен бирге Бабилонға кетеринде, пайғамбар Еремия Сераяға усы тапсырманы берди. 60Еремия Бабилонның басына түсетуғын барлық апатшылықларды, Бабилонға тийисли барлық сөзлерди бир орама қағазға жазып қойған еди. 61Еремия Сераяға былай деди: – Бабилонға барғаныңда, бул сөзлерди даўыслап оқып бер. 62Кейин былай деп дуўа ет: «Жаратқан Ийе, бул орынның жоқ етилетуғыны, онда инсан да, ҳайўан да жасамайтуғыны, оның мәңгиге қаңырап жататуғыны туўралы Өзиң айттың». 63Орама қағазды оқып болып, оған тас байлап, Евфрат дәрьясына атып жибер. 64Кейин былай деп айт: «Бабилон да усылай суўға шөгеди. Ол Мен жаўдыратуғын апатшылықтан, енди ҳеш қашан аяққа тура алмайды. Оның ҳәмме турғынлары набыт болады». Усының менен, Еремияның сөзи жуўмағына жетеди.
Copyright information for
KaaIBT22C