Jeremiah 52
Ерусалимниң қулаўы
1Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди. 2Седекия да Еҳоякимге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 3Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди. 4Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың айналасына қамал минараларын қурды. 5Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин, қала қамалда болды. 6Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды. 7Сол ўақытта қала дийўалы қулады. Калдейлер қаланы айлана қоршап турған болса да, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти. 8Калдей әскерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Ҳәмме әскерлер Седекияны таслап қашып кетти. 9Калдейлер Седекияны тутқынға алып, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды. 10Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ҳәмелдарларын да баўызлатты. 11Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, оны қола шынжыр менен байлатып, Бабилонға алып кетти. Оны өлимине дейин қамақханада сақлады. 12Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының оныншы күни Бабилония патшасына хызмет еткен сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди. 13Ол Жаратқан Ийениң Үйине, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесине от берип, пүткил зәўлим жайларды өртеп жиберди. 14Сақшылар баслығы менен бирге келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатып таслады. 15Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалғанларды, халықтың кәмбағалларын, Бабилония патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм тири қалған өнерментшилерди сүргин қылып, алып кетти. 16Жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын, Набузарадан үлкедеги жарлылардан айырымларын сол жерде қалдырды. 17Калдейлер Жаратқан Ийениң Үйиндеги қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонияға алып кетти. 18Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын күл салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти. 19Сақшылар баслығы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, қырмаларды, шоқ салынатуғын ыдысларды, қан себетуғын табақларды, күл салынатуғын ыдысларды, шыра қойғышларды, тостағанларды ҳәм кеселерди алып кетти. 20Жаратқан Ийениң Үйи ушын патша Сулайман ислеткен еки өре, бир ҳәўиз ҳәм ҳәўиз астындағы он еки қола өгиз ушын сарп етилген қоланың есабы жоқ еди. 21Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ, домалақ айланасы он еки шығанақ, қалыңлығы төрт ели болып, иши бос еди. 22Өрениң төбесинде қола төбелик бар еди. Оның бийиклиги бес шығанақ болып, айналасы қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди. Екинши өре де анар әшекөйлер менен безелген еди. 23Ҳәр тәрепте тоқсан алты анар, тордың үстиндегиси менен ҳәммеси болып жүз анар бар еди.Яҳуда халқының Бабилонияға сүргин етилиўи
24Сақшылар баслығы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы қадағалаўшы үш руўханийди тутқынға алды. 25Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған бир сәркәрданы, қаладан табылған патшаның жети ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм ел турғынларынан алпыс адамды тутқынға алды. 26Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилония патшасына алып барды. 27Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтиртти. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин етилди. 28Набуходоносор сүргин қылып алып келген халықтың саны мынадай: патшалығының жетинши жылында үш мың жигирма үш яҳудийди, 29патшалығының он сегизинши жылында Ерусалим турғынларынан сегиз жүз отыз еки адамды, 30жигирма үшинши жылы болса сақшылар баслығы Набузарадан жети жүз қырық бес адамды сүргин етип алып келди. Сүргин етилгенлер жәми төрт мың алты жүз адам еди.Еҳоякинниң тутқыннан босатылыўы
31Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма бесинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинге жақсылық қылып, оны тутқынлықтан азат етти. 32Патша Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оны Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан үстин қойды. 33Солай етип, Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқат жеди. 34Оның күнделикли керек-жарағы өмириниң ақырына шекем, өлемен дегенше Бабилония патшасы тәрепинен берилди.
Copyright information for
KaaIBT22C