‏ Jeremiah 6

Ерусалимниң қамал қылыныўы

1«Ҳәй, Бенямин халқы, жаныңызды қутқарыў ушын,
Ерусалимнен қашып кетиң!
Теқоада кәрнай шалың!
Бейт-Ҳаккеремде от жағып, белги бериң!
Арқадан апатшылық, уллы қырғын көринбекте.
2Сулыў ҳәм нәзик қызды,
Қыз Сионды жоқ қыламан.
3Шопанлар сүриўи менен оған келип,
Дөгерегине шатырларын тигеди.
Ҳәр ким үлесине тийген жерде сүриўин жаяды.

4„Ерусалимге қарсы урысқа таярланың!
Турыңлар, күндиз ҳүжимге шығайық!
Сорымыз қурысын! Күн батыўға мейил берипти,
Кеш түсип, көлеңкелер узайыпты.
5Турыңлар, түнде ҳүжим жасап,
Оның қорғанларын қыйратайық!“»

6Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Тереклерин кесиң,
Ерусалимге минетуғын топырақ үйиң.
Бул қала жазаланады,
Онда зорлық-зомбылықтан басқа ҳеш нәрсе жоқ.
7Булақтан суў шыға бергениндей,
Бул қалада да жаўызлық солай шыға береди.
Оннан зорлық ҳәм зулымлықтың даўысы еситилип тур,
Кеселлик ҳәм жараларды көрип турман.
8Ерусалим, ескертиўиме қулақ сал,
Болмаса, сеннен жүз бураман.
Сени қаңыратып,
Адам жасамайтуғын жерге айландыраман».

9Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Жүзимниң соңғы солқымына дейин терилгениндей,
Душпанлар Израилды аман қалғанларынан журдай қылады.
Сонлықтан жүзим териўши сыяқлы,
Қолыңды иске салып шақаларды қайта көрип шық».

10Мен кимге айтып, кимди қәўиптен сақлайын?
Ким маған қулақ асады?
Олардың қулақлары жабық, еситпейди.
Жаратқан Ийениң сөзи оларға шерменделиктей түйиледи,
Оннан рәҳәтленбейди.
11Сол себепли мен Жаратқан Ийениң ғәзебине толдым,
Қәҳәримди баса алмайман.

«Бул ғәзепти көшедеги балалардың,
Жыйналып турған жигитлердиң үстине төк.
Ол еркек ҳәм ҳаялларға жаўады,
Қартайғанлар ҳәм күни жақынласқанлар да оннан қутыла алмайды.
12Олардың үйлери, атызлары ҳәм ҳаяллары,
Басқаларға бериледи.
Себеби Мен бул жердиң турғынларына қарсы қолымды көтеремен,
– дейди Жаратқан Ийе. –
13Кишкенесинен үлкенине шекем,
Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес,
Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем,
Ҳәммеси ҳийле менен ис тутады.
14Тынышлық болмаса да:
„Тынышлық, тынышлық“, – деп,
Халқымның қәўипли жарасын жүзеки емлейди.
15Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма?
Яқ, ҳеш те уялмады,
Қызарыў не екенин де билмеди.
Сонлықтан олар да қулағанлар менен қулайды,
Жазалағанымда, жер менен жексен болады», – дейди Жаратқан Ийе.

16Жаратқан Ийе былай дейди:
«Дәрбент жолларда турып, қараң,
Әййемги соқпақлар ҳаққында сорап,
Жақсы жолдың қай жерде екенин үйрениң.
Оннан жүриң, жаныңыз рәҳәт табады.
Бирақ сизлер: „Оннан жүрмеймиз“, – дедиңиз.
17Мен сизлердиң үстиңизден гүзетши қойып:
„Кәрнайдың даўысына қулақ салың“, – дедим.
Бирақ сизлер: „Тыңламаймыз“, – дедиңиз.
18Соның ушын, миллетлер, қулақ салың,
Қарап турғанлар, олардың басына нелер түсетуғынын билиң.
19Тыңла, жер жүзи!
Бул халықтың басына апатшылық жаўдыраман,
Бул олардың жаман нийетлериниң мийўеси болады.
Олар Мениң сөзлериме қулақ аспады,
Нызамымды қабыл етпеди.
20Не ушын Маған Шебадан хош ийисли түтетки,
Узақ еллерден хош ийисли қамыс алып келинеди?
Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды қабыл етпеймен,
Сизлердиң қурбанлықларыңыз Маған унамайды».

21Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди:
«Бул халықтың алдына сүрнигетуғын тас қояман,
Әкелер балалары менен бирге сүрнигип жығылады,
Қоңсылар дослары менен бирге набыт болады».

22Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мине, арқа тәрептен бир халық киятыр,
Дүньяның шетинен бир уллы миллет аяққа турмақта.
23Олар оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған,
Өзлери де залым ҳәм реҳимсиз.
Атларға минип шаўған сести,
Теңиз сыяқлы шуўылдайды.
Қыз Сион! Саған ҳүжим қылыў ушын,
Олар бир адамдай сап тартып турады».

24Олар ҳаққындағы бул хабарды еситип,
Қолларымызда дәрман қалмады.
Толғақ тутқан ҳаял киби,
Шаншыў ҳәм азап бийлеп алды.
25Атызларға шықпаң, жолларда жүрмең!
Душпанның қолында қылыш бар,
Әтирапты қорқыныш орап алған.
26Ҳәй, мениң халқым!
Аза кийимин кийип, күлге отыр.
Жалғыз перзент ушын аза тутқандай,
Ашшы-ашшы көз жас төк.
Себеби үстимизге тосаттан набыт қылыўшы келеди.

27«Мен сени халқым арасына,
Темирди сынағандай етип,
Халқымды сынаў ушын қойдым.
Сен оларды бақлап, жолларына баҳа бересең.
28Олардың ҳәммеси бағынбайтуғын қозғалаңшы,
Өсекши адамлар.
Олар қола ҳәм темирдей қатты,
Бәри жолдан шыққан.
29Көрик тоқтаўсыз үпленип,
Отта қорғасын ерип атыр.
Бирақ зергердиң бул иси бийҳуда кетти,
Сонда да жаўызлықтан ажыратылмады.
30Оларды „сыпатсыз гүмис“деп атайды.
Өйткени Мен, Жаратқан Ийе олардан жүз бурдым».
Copyright information for KaaIBT22C