‏ Jeremiah 7

Еремияның Ибадатханада ўаз айтыўы

1Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

2– Жаратқан Ийениң Үйиниң дәрўазасында турып, мына сөзди жәрияла: «Ҳәй, пүткил Яҳуда халқы, Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын мына дәрўазалардан киргенлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 3Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи мынаў: Жолларыңызды ҳәм ис-ҳәрекетиңизди туўрылаң. Сонда Мен сизлерге бул жерде жасаўға рухсат беремен. 4„Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы усы жерде“, – деген жалған сөзлерге исенбең. 5Егер жолларыңызды, ислериңизди пүткиллей дүзетсеңиз, бир-бириңизге әдалатлы болсаңыз, 6келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге зулымлық қылмасаңыз, бул жерде наҳақ қан төкпесеңиз, өзлериңизге зыян келтиретуғын басқа қудайларға аўып кетпесеңиз, 7онда Мен сизлерге бул жерде, әўелден ата-бабаларыңызға берген жерде мәңги-бақый жасаўыңызға рухсат беремен. 8Деген менен, сизлер пайдасыз жалған сөзлерге исенип жүрсиз. 9Сизлер урлық қыласыз, адам өлтиресиз, неке ҳадаллығын бузасыз, жалған ант ишесиз, Баалға арнап, хош ийисли түтетки түтетесиз, танымайтуғын басқа қудайларға ересиз. 10Кейин бул жеркенишли ислерди даўам етиў ушын, Мениң атым менен аталған мына Үйге келип, алдымда турып: „Бизлер аман-есенбиз“, – дейсизлер ме? 11Мениң атым менен аталған бул Үй сизлер ушын қарақшылар мәканына айланды ма? Деген менен, Мен не ислеп атырғаныңызды көрип турман, – дейди Жаратқан Ийе. 12– Енди Шилоға, Мен Өз атымды дәслепки рет орнатқан жерге барың ҳәм халқым Израилдың жаўызлығы себепли оған не қылғанымды көриң. 13Булардың ҳәммесин сизлер де иследиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерге қайта-қайта айттым, қулақ салмадыңыз, шақырдым, жуўап бермедиңиз. 14Солай екен, Мен Шилоға не қылған болсам, Мениң атым менен аталған, сизлер исенген бул Ибадатханаға, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген бул жерге соны қыламан. 15Туўысқанларыңызды, пүткил Эфрайым
Эфрайым – арқа патшалық Израил нәзерде тутылған.
нәсиллерин алдымнан қалай қуўған болсам, сизлерди де солай қуўаман».

Халықтың бойсынбаўшылығы

16– Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын пәрияд қылма, жалынба, Маған тәўелле салма. Бәри бир Мен сени тыңламайман. 17Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде олардың не ислеп атырғанын көрип турғаның жоқ па? 18Балалар отын жыйнайды, әкелер от жағады, ҳаяллар қамыр ийлеп, Аспан ханшасына арнап мазалы нан писиреди. Мениң ғәзебимди келтириў ушын, бул халық басқа қудайларға ишимлик садақасын қуяды. 19Олардың ашыўға тиймекши болғаны Мен бе? – дейди Жаратқан Ийе. – Яқ, олар өзлерине зәлел келтирип, уятқа қалмақта.

20Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: Мен ашыў-ғәзебимди бул жерге, адамлар менен ҳайўанлардың, атыздағы ағашлар менен жердиң өниминиң үстине төгемен. Ғәзебим от болып жанар, ол сөндирилмес.

21Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды басқа қурбанлықларыңызға қосып, екеўиниң де гөшин жей бериң. 22Өйткени Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққанымда, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар туўралы ҳеш нәрсе айтпадым, буйрық та бермедим. 23Мен оларға тек мына буйрықты берген едим: «Маған қулақ салың. Сонда Мен сизлердиң Қудайыңыз, сизлер де Мениң халқым боласыз. Бәрқулла Мен буйырған жолдан жүриң, сонда абадан турмысқа ерисесиз». 24Бирақ олар тыңламады, Маған дыққат аўдармады. Керисинше, өз қәлеўи ҳәм жаўыз жүрегиниң өжетлиги жолында жүрди. Алға илгерилеўдиң орнына, артқа кетти. 25Ата-бабаларыңыз Мысырдан шыққан күннен тап усы күнге шекем, Мен оларға барлық қулларымды – пайғамбарларды ҳәр күни изли-изинен жибердим. 26Сонда да олар Мени тыңламады, нәзер де аўдармады. Олар мойын таўлап, ата-бабаларынан да бетер жаманлық қылды.

27Сен оларға усы сөзлердиң ҳәммесин айтасаң, бирақ олар сени тыңламайды. Сен оларды шақырасаң, бирақ олар жуўап бермейди. 28Сонлықтан сен оларға былай деп айт: «Бул Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспаған, тәлим-тәрбияны қабыл алмаған миллет! Ҳақыйқат өлди, олардың аўзынан ҳақ сөз шықпайтуғын болды.

29Ерусалим халқы, шашыңызды кесип ылақтырың,
Тақыр төбелерге шығып, жоқлаў айтың.
Себеби ғәзебине ушыраған бул әўладты,
Жаратқан Ийе тәрк етип, таслап кетти.

30Яҳуда халқы Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар Мениң атым менен аталған үйге жеркенишли бутларды қойып, оны ҳарамлады. 31Ул-қызларын отта жағып қурбанлық қылыў ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетте сыйыныў орынларын қурды. Буларды Мен буйырмадым, булар ойыма кирип те шықпады. 32Енди сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Ол жер Тофет ямаса Бен-Ҳинном ойпатлығы делинбейди, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди. 33Бул халықтың өли денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги жабайы ҳайўанларға жем болады. Оларды үркитетуғын ҳеш ким қалмайды. 34Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде қуўаныш ҳәм шадлық сеслерин, келин-күйеўдиң тойының сестин еситилмейтуғын қыламан. Ол ел қарабақанаға айланады».
Copyright information for KaaIBT22C