Jeremiah 8
1«Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшаларының, басшыларының, руўханийлериниң, пайғамбарларының сүйеклери, Ерусалим турғынларының сүйеклери қәбирлеринен шығарып тасланады. 2Бул сүйеклер өзлери сүйген, хызмет еткен, изине ерген, мәсләҳәт сораған ҳәм табынған затларының, яғный қуяштың, айдың ҳәм аспан денелериниң астына шашып тасланады. Олар жыйнап алынбайды, жерленбейди, топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады. 3Бул жаман халықтан аман қалғанларын қай жерге сүргин қылсам да, олар өмирден өлимди абзал көреди», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.Гүна ҳәм жаза
4– Сен оларға айт:«Жаратқан Ийе былай дейди:Жығылған адам қайта турмай ма?
Жолдан адасқан изге қайтпай ма?
5Не ушын бул халық жолдан шықты?
Не ушын Ерусалим Меннен үзликсиз жүз бурады?
Олар жалғанға қатты жабысып алып,
Маған қайтыўдан бас тартпақта.
6Мен дыққат пенен тыңладым,
Олар ҳеш туўры сөйлемейди.
Ҳеш бири: „Не қылып қойдым“, – деп,
Қылмысына пушайман болмайды.
Олар саўашқа умтылған ат киби,
Ҳәр бири өз жолына жортады.
7Ҳәтте, аспандағы ләйлек те,
Өзиниң қайтыў мәўсимин биледи.
Қумыры, қарлығаш ҳәм тырна да,
Көшиў ўақтын биледи.
Бирақ халқым Мениң көрсетпелеримди билмейди.
8Қалайынша сизлер: „Бизлер ақыллымыз,
Жаратқан Ийениң Нызамы бизлерде“, – деп айта аласыз.
Негизинде, хаткерлердиң жалған қәлеми,
Бул Нызамды жалғанға айландырған жоқ па?
9Даналар уятқа қалды,
Албырап, дузаққа түсти.
Олар Жаратқан Ийениң сөзинен жүз бурды.
Сонда олардың даналығы қайда?
10Кишкенесинен үлкенине шекем,
Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес.
Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем,
Ҳәммеси ҳийле менен ис тутады.
Сонлықтан олардың ҳаялларын басқаларға,
Атызларын басқыншыларға беремен.
11Тынышлық болмаса да: „Тынышлық, тынышлық“, – дейди.
Халқымның қәўипли жарасын жүзеки емлейди.
12Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма?
Яқ, ҳеш уялмады,
Қызарыў не екенин билмеди.
Сонлықтан, олар да қулағанлар менен қулайды,
Жазалағанда, жер менен жексен болады, – дейди Жаратқан Ийе.
13Олардың зүрәәтин жоқ қыламан,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Шақаларда жүзим қалмайды,
Әнжир ағашы да мийўе бермейди,
Ҳәтте, жапырақлары да қуўрап қалады.
Оларға не берген болсам,
Ҳәммесинен жуда болады».
14Адамлар былай дести:
«Неге еле бул жерде отырмыз?
Жыйналып, қорғанлы қалаға барайық,
Сол жерде жан тәслим қылайық.
Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегенимиз ушын,
Ол бизлерге зәҳәрли суў ишкизип,
Өлим жазасын берди.
15Бизлер тынышлық күттик,
Бирақ жақсылық келмеди,
Шыпа ўақтын күттик,
Бирақ тосаттан қорқынышқа дуўшар болдық.
16Душпан атларының пысқырығы,
Даннан еситилип тур.
Айғырларының киснегенинен,
Пүткил жер жүзи титиреп атыр.
Олар бул жерди ҳәм ишиндеги ҳәмме нәрсени,
Қаланы ҳәм онда жасайтуғынлардың ҳәммесин,
Жоқ қылыў ушын келди».
17«Мен араңызға жыланларды,
Алдап-арбаўға көнбейтуғын уўлы жыланларды жиберемен.
Олар сизлерди шағады», – дейди Жаратқан Ийе.
18Дәртиме шыпа жоқ,
Жүрегим жаралы.
19Тыңлаң, халқымның зарлаған даўысы,
Жердиң алыс түпкиринен еситилип тур:
«Жаратқан Ийе Сионда емес пе?
Оның Патшасы да енди ол жерде болмай ма?»
«Не ушын олар өзлериниң бутлары,
Жарамсыз қудайлары менен Мениң қәҳәримди келтирди?»
20«Бәҳәр де өтти, жаз да тамам болды,
Бизлер еле қутқарылмадық», – дейди халық.
21Халқымның азабы зардабынан мен де азапландым,
Аза туттым, мени қорқыныш бийлеп алды.
22Гиладта мәлҳәм жоқ па?
Ол жерде шыпакер жоқ па?
Халқымның жарақаты неге жазылмай қойды?
Copyright information for
KaaIBT22C