Jeremiah 9
1Қәнекей, басым суў толы қудық,Көзлерим көз жас шығатуғын булақ болса еди!
Халқымның қаза тапқанлары ушын,
Күни-түни жоқлаў айтып, жылар едим!
2Қәнекей, шөлде мен ушын бир кәрўан сарай болса еди!
Халқымды таслап, олардан узақласар едим!
Себеби олардың ҳәммеси бузық,
Опасызлар жыйындысы.
3«Олар жалған ушын тиллерин оқ жай киби ийеди,
Наҳақлықтың арқасынан олар жерде күшейип бармақта,
Жаўызлық үстине жаўызлық қылмақта,
Мени ҳасла танымайды,
– дейди Жаратқан Ийе. –
4Ҳәр бириңиз өз достыңыздан сақланың,
Туўысқанларыңыздың бирде биреўине исенбең.
Себеби ҳәр бир туўысқан жалғаншы,
Ҳәр бир дос өсекши.
5Ҳәр ким өз достысын алдайды,
Ҳеш ким ҳақыйқатты сөйлемейди.
Тиллерин жалған сөйлеўге үйреткен,
Қылмыс ислеў менен өзлерин ҳарықтырды.
6Сен, Еремия, өтирикшилер арасында жасап атырсаң,
Өтирикшилиги себепли олар Мени таныўдан бас тартады», – дейди Жаратқан Ийе.
7Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Мен оларды отта еритип, сынақтан өткеремен.
Халқымның жаман исине буннан басқа не қылайын?
8Олардың тиллери өлтиретуғын оқ,
Ҳийле менен сөйлейди,
Досты менен көзабаға жақсы сөйлеседи,
Бирақ ишинен оған дузақ қурады.
9Булар ушын Мен оларды жазаламайын ба?
– дейди Жаратқан Ийе, –
Бундай миллеттен өш алмайын ба?»
10Мен таўлар ушын жылап-сықлап,
Даладағы жайлаўлар ушын жоқлаў айтаман.
Олар күйип, шөлге айланды,
Ҳеш ким ол жерден өтпейди,
Маллардың даўысы да еситилмейди.
Қуслар да, ҳайўанлар да ол жерден қашып кеткен.
11«Мен Ерусалимди тас үйиндисине,
Сағаллардың мәканына айландыраман.
Яҳуда қалаларын шөлге айландырып,
Адамсыз бос қалдыраман».
12Буны түсиниўге кимниң даналығы жетеди? Бул жердиң не ушын қурып, ўайран болып, ҳеш ким жүрмейтуғын шөлге айланғанын бизге түсиндиретуғындай, Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан сөзди ким алып, жәриялады? 13Жаратқан Ийе былай дейди: «Олар Мениң өзлерине берген Нызамымды орынлаўдан бас тартты, даўысыма қулақ аспады ҳәм Нызамыма сай жасамады. 14Керисинше, олар қайсарлық пенен өз жүрек қәлеўлерине берилип, ата-бабалары үйреткениндей, Баалларға ерди». 15Соның ушын Әлемниң Жаратқан Ийеси Израилдың Қудайы былай дейди: «Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип, зәҳәрли суў ишкиземен. 16Мен оларды өзлери де, ата-бабалары да танымайтуғын миллетлердиң арасына тарқатып жиберемен. Олар толық қырылып болмағанша, изине қылыш саламан». 17Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Ойланып көриң!
Жоқлаў айтып жылайтуғын ҳаялларды шақырың!
Олардың ең шеберлерин алдыртың!
18Жылдам келип, бизлер ушын жыласын,
Көзимизден жас шығарып,
Қабағымыздан суўдай ағызсын.
19Сионнан жоқлаў айтып жылаған даўыс еситиледи:
„Бизлер ўайран болдық!
Қатты уятқа қалдық!
Жеримизди тәрк еттик,
Мәканымыз жер менен жексен болды“».
20Ҳәй, ҳаяллар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
Аўзынан шыққан сөзге қулақ салың!
Қызларыңызға жылаўды,
Олардың досларына жоқлаў жырын айтыўды үйретиң.
21Көшелерде балаларды,
Майданларда жасларды қырып таслаў ушын,
Өлим әйнеклеримизге тырмасып,
Қорған қалаларымызға кирди.
22Оларға айт:
«Жаратқан Ийе былай дейди:
Адамның өли денелери,
Ашық даладағы қый сыяқлы,
Орақшылардан қалған масақ сыяқлы шашылып жатады.
Оларды жыйнап алатуғын ҳеш ким болмайды».
23Жаратқан Ийе былай дейди:
«Дана адам даналығы менен,
Күшли күши менен,
Бай байлығы менен мақтанбасын.
24Мақтанатуғын адам Мени түсингени ҳәм танығаны менен,
Жер жүзинде сүйиспеншилик,
Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асыратуғын,
Жаратқан Ийе Мен екеним менен мақтансын.
Булардан Мен рәҳәтленемен», – дейди Жаратқан Ийе.
25«Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – тек көзабаға сүннетленгенлердиң ҳәммесин жазалайман. 26Мысырды, Яҳуданы, Эдомды, аммонларды, Моабты ҳәм шөлде жасап, тулымшақларын кесетуғынлардың ҳәммесин жазалайман. Өйткени бул миллетлердиң бәри сүннетсиз, пүткил Израил халқының да жүреги сүннетсиз».
Copyright information for
KaaIBT22C