‏ Job 1

Аюп ҳәм оның шаңарағы

1Ус үлкесинде Аюп атлы бир адам жасайтуғын еди. Ол минсиз ҳәм әдил болып, Қудайдан қорқатуғын, жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам еди. 2Аюптың жети улы ҳәм үш қызы бар еди. 3Ол жети мың қой, үш мың түйе, бес жүз жуп өгиз, бес жүз урғашы ешек, сондай-ақ, жүдә көп хызметшилерге ийе болып, шығыс халықлары арасында ең бай адам еди.

4Аюптың уллары үйлеринде гезек пенен зыяпат берип, өзлери менен ишип-жеў ушын, үш апа-сиңлисин де мирәт ететуғын еди. 5Зыяпат тамам болғаннан кейин, Аюп балаларын шақыртып алып, пәклениў рәсиминен өткеретуғын еди. Ол улларым ишлеринен Қудайға тил тийгизип, гүна ислеп қойған болыўы мүмкин, деп ойлап, азан менен олардың ҳәр бири ушын жандырылатуғын қурбанлық беретуғын еди. Аюп бәрқулла усылай ислейтуғын еди.

Аюптың дәслепки сыналыўы

6Бир күни иләҳий барлықлар Жаратқан Ийениң алдына келгенде, олар менен бирге шайтан да келген еди. 7Жаратқан Ийе шайтаннан:

– Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады.

Шайтан Жаратқан Ийеге:

– Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.

8Жаратқан Ийе шайтанға:

– Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ, – деди.

9Сонда шайтан Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:

– Аюп Сеннен бийкардан-бийкарға қорқады деп ойлайсаң ба?
10Оның өзин, үй-ишин ҳәм барлық ийелигин қорғап жүрген Өзиң емессең бе? Сен оның қолы тийген ҳәр бир иске берекет берип атырсаң. Оның пада ҳәм сүриўлери пүткил үлкеге жайылған. 11Бирақ қолыңды созып, оған тийисли болғанның ҳәммесин жоқ қылсаң, онда ол жүзиңе тик қарап, Саған нәлет айтады.

12Жаратқан Ийе шайтанға:

– Яқшы, Аюпқа тийисли болғанның ҳәммесин сениң қолыңа беремен, бирақ оның өзине зыян тийгизбе, – деди.

Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан кетти.

13Бир күни Аюптың уллары менен қызлары үлкен әжағасының үйинде зыяпат берип, шарап ишип отырған еди. 14Сонда бир хабаршы жуўырыўы менен Аюпқа келип, былай деди:

– Өгизлериңиз жер айдап, ешеклер олардың қасында отлап жүрген еди.
15Бирден шебалы басқыншылар ҳүжим жасап, хызметшилериңиздиң ҳәммесин қылыштан өткерди ҳәм малларды айдап алып кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым.

16Ол сөзин тамамлап үлгермей-ақ, басқа бир хабаршы келип, былай деди:

– Аспаннан Қудайдың жалыны түсип, қойларыңыз бенен шопанларыңыз жанып, күлге айланды. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана аман қалдым.

17Сол адам сөзин тамамлап үлгермей-ақ, үшинши хабаршы жетип келип былай деди:

– Калдейлер үш топар болып келип, түйелердиң падасына тасланды. Олар барлық падашыларды өлтирип, түйелерди айдап кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым.

18Ол усы сөзлерди айтып турғанда, басқа бир хабаршы келип, былай деди:

– Сизиң ул-қызларыңыз үлкен әжағасының үйинде аўқатланып, шарап ишип отырған еди.
19Бирден шөл тәрептен күшли даўыл көтерилип, жайды төрт тәрепинен соққылай баслады. Үй қулап, оның ишиндегилердиң ҳәммеси өлди. Бул хабарды жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана аман қалдым.

20Сонда Аюп орнынан турды да, қайғыдан шапанын жыртты ҳәм шашын алдырып таслады. Кейин ет бетинен жерге жығылып, сыйынды. 21Ол былай деди:

– Анамның қурсағынан жалаңаш шыққан едим,
Бул дүньядан да жалаңаш қайтаман.
Жаратқан Ийе берди, Жаратқан Ийе алды,
Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!

22Сонша ис болып өтсе де, олардың ҳеш биринде Аюп гүна ислемеди, Қудайды да айыпламады.
Copyright information for KaaIBT22C