Job 10
1Өмирден тойдым! Енди арзымды еркин айтаман,Ишимдеги ашшы дәрт пенен сөйлеймен.
2Мен Қудайға былай деймен: «Мени айыплама.
Мени не ушын айыплап атырғаныңды айт.
3Ямаса мени езиў,
Яғный Өз қолларың жаратқаннан бас тартыў,
Залымлардың нийетлерин қоллаў Саған унай ма?
4Сениң көзлериң инсанның көзлериндей ме?
Ямаса Сен де олар қарағандай қарайсаң ба?
5Сениң күнлериң де инсанның күнлериндей ме?
Жылларың адамның жылларындай ма?
6Не ушын мениң гүнамды излеп,
Айыбымды табыўға асығасаң?
7Бирақ Сен мениң айыпсыз екенимди,
Сениң қолыңнан мени ҳеш кимниң қутқара алмайтуғынын билесең.
8Сениң қолларың мени соғып, жаратты,
Бирақ енди мени пүткиллей жоқ қылмақшымысаң?
9Мени ылайдан қалай соққаныңды есле.
Енди мени және топыраққа қайтармақшымысаң?
10Сен емес пе, мени анамның қурсағына сүт киби қуйған,
Сол жерде мени иримтик киби қойылтқан,
11Мени тери ҳәм дене менен кийиндирип,
Сүйек ҳәм сиңирлер менен бириктирген?
12Сен маған өмир сыйлап, мийримиңди көрсеттиң,
Сениң ғамхорлығың мениң руўхымды қорғады.
13Бирақ, мине, Сен жүрегиңде мына нәрселерди жасырып қойдың,
Сениң нийетиңниң не екенин билемен:
14Гүна ислесем, мени гүзетип турған боласаң,
Буны жазасыз қалдырмайсаң.
15Егер айыплы болсам, маған ҳәсирет болсын!
Бирақ ҳақ болсам да, басымды көтере алмай атырман,
Уятқа қалдым, дәртим аўыр.
16Егер басымды көтерсем,
Арыслан киби маған тасланасаң,
Қорқынышлы күшиңди қайтадан маған қарсы ислетесең.
17Маған қарсы жаңадан гүўалар алып келесең,
Маған деген ғәзебиңди арттырасаң,
Шабыўыл үстине шабыўыл қыласаң.
18Не ушын туўылыўыма жол қойдың?
Ҳеш ким мени көрместен алдын, өлгеним жақсы еди.
19Ҳеш дүньяға келмегендей болып,
Анамның қурсағынан туўры қәбирге қойылғанымда еди.
20Мениң өмир күнлерим қысқа емес пе?
Мени тыныш қой, бир сәт тәселле табайын.
21Себеби мен қайтып келмес жолға,
Тас түнек қараңғылық ҳүким сүрген жерге атланаман.
22Қойыў қараңғылыққа шүмген жерге,
Тәртипке келтирилмеген өлим түнеги елине,
Жақтылығы да тас түнек болған жерге кетемен».
Copyright information for
KaaIBT22C