Job 14
1Ҳаялдан туўылған инсанның,Өмири қысқа, азапқа толы болады.
2Ол гүл сыяқлы өседи, солып қалады,
Көлеңке сыяқлы тез өтип кетеди, турып қалмайды.
3Сондай инсан болған маған нәзериңди үзбей қарайсаң ба?
Ҳүким қылыў ушын мени дәргайыңа алып келесең бе?
4Ким ҳарам нәрседен ҳадал нәрсе шығара алады?
Ҳеш ким!
5Инсанның күнлерин белгилеп,
Айларының санын санап,
Асып кетпейтуғын шек те қойған екенсең,
6Енди оннан нәзериңди алып, оны тынышына қой.
Ол да күнликшиниң жумыс күниниң аяқланғанына қуўанғанындай, өмиринен рәҳәтленсин.
7Ҳәтте, ағашта да үмит бар,
Оны кесип тасласа, ол қайта өседи,
Өсиўин тоқтатпайды.
8Тамырлары қартайып қаўсап,
Түбири топырақта ширип кетсе де,
9Суў ийисин алып-ақ, жайнап кетеди,
Жас терек сыяқлы шақаларын жаяды.
10Бирақ инсан өлсе, бар күшинен айырылады,
Соңғы демин шығарғаннан соң, ол қай жерде болады?
11Көлдиң суўы қурып қалғандай,
Дәрья суўы тартылып, кеўип қалғандай,
12Өлген адам да жатады, қайтып турмайды,
Аспан жоғалып кетпегенше, ол оянбайды,
Уйқысынан ҳеш турмайды.
13Қәне, Сен мени өлилер мәканына жасырып қойсаң еди,
Ғәзебиң басылғанша, сақлап қойсаң еди!
Мен ушын бир ўақыт белгилеп,
Соңынан мени еске алсаң еди!
14Адам өлгеннен соң, қайта тириле ме?
Егер сондай болса, азат етилгенимше,
Азаплы күнлеримниң барлық күнлеринде қайта тирилиўди күтер едим.
15Сонда мени, Өзиң жаратқан жаратылысыңды,
Көргиң келгенде, шақырар едиң,
Мен де жуўап берер едим.
16Сонда Сен адымларымды санап, гүзетер едиң,
Бирақ гүналарымның есабын алмас едиң.
17Қылмысларымды дорбаға салып мөрлеп,
Ислеген гүналарымды жасырар едиң.
18Бирақ таўлар қулап, майдаланып,
Жартаслар өз орнынан қозғалғандай,
19Суўдың тасты жалмап,
Ағыстың топырақты ағызып кеткениндей,
Сен де инсанның үмитин жоқ қыласаң.
20Сен оны ақырына шекем езесең, ол жоқ болады,
Өлгенинде жүзин өзгертип, узаққа жибересең.
21Уллары ҳүрметке миясар болар, буннан оның хабары болмас,
Жерге урылар, буны билмес.
22Ол тек өз денесиниң азабын сезер,
Тек өзи ушын қайғырар.
Copyright information for
KaaIBT22C