‏ Job 16

Аюптың жуўабы

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

2– Мен бундай нәрселерди көп еситтим,
Сизлердиң ҳәммеңиз қандай бийшара жубатыўшысызлар!
3Бос сөзлериңиздиң ақыры бар ма өзи?
Тартысыўға сизлерди не мәжбүрлеп тур?
4Егер сизлер мениң орнымда болғаныңызда,
Мен де сизлердиң айтқаныңызды айта аламан.
Сизлерге қарсы сөз тоқып айтып,
Басымды шайқай аламан.
5Бирақ мен сөзлерим менен тәселле берер едим,
Ернимниң қыймылдысы менен дәртиңизди жеңиллетер едим.

6Ал ҳәзир сөйлесем де, азабым жеңилленбейди,
Сөйлемесем де, ол басылмайды.
7Эҳ, Қудай, Сен мени женшип тасладың,
Пүткил үй-ишимди қырып тасладың!
8Жүзимди әжим менен қапладың,
Олар маған қарсы гүўалық болмақта,
Азғынлығым да маған қарсы турып,
Маған қарсы гүўалық бермекте.
9Қудай мени жек көрип,
Ғәзеп пенен тилким-тилким етпекте,
Тислерин қайрап маған,
Душпан көзи менен қарап, мени теспекте.
10Адамлар аўызларын керип ашып,
Мени масқаралап, шекеме урды,
Олар маған қарсы бирикти.
11Қудай мени жаўызлардың қолына тапсырды,
Залымлардың қолына таслап қойды.
12Мен тыныш жасап атыр едим,
Бирақ Ол мени майдалап таслады,
Желкемнен услап алып, жерге урды.
Мени Өзине нышан қылды.
13Оның садақшылары мени қоршап алды,
Аямай бөтекелеримди тесип,
Өтимди жерге төкти.
14Қудай денемдеги тесиктиң үстин қайта-қайта тесип,
Жаўынгер әскер киби үстиме топылмақта.

15Мен үстиме аза кийимин тиктим,
Аяқ асты болып, топырақта отырман.
16Жылағаннан жүзим қызарды,
Қабақларым қарайып кетти.
17Бирақ қолларым жаўызлық ислемеди,
Дуўам да таза.

18Топырақ, сен мениң қанымды жасырма,
Пәриядым ҳасла тынбасын.
19Мине, ҳәзир мениң Гүўам аспанда,
Жоқарыда мениң Қорғаўшым бар.
20Досларым мени мазақ қылмақта,
Көз жасларым Қудайға қарай ақпақта.
21Биреўдиң дослары арасында тәўеллеши болғанындай,
Қудай менен мениң арамда да бир тәўеллеши болса еди!

22Өмиримниң ақыры жақынлап қалды,
Қайта келмес жолға атланаман.
Copyright information for KaaIBT22C