Job 17
1Руўхым түскен, өмирим аз қалған,Қәбир мени күтип турыпты.
2Мазақ қылыўшылар әтирапымды орап алған,
Олардың қалай хорлық көрсетип атырғанын көрип турман.
3Қудай, Өзиң маған кепил бола гөр,
Сеннен басқа ким бар мени жақлайтуғын?
4Сен мениң досларымның ақыл-санасын түсинбейтуғын етип жаўып қойдың,
Сонлықтан Сен олардың жеңиске ерисиўине жол қоймайсаң.
5Өз пайдасын гөзлеп, досларын сатқан адамның,
Соқырлығының кесапаты балаларына тийеди.
6Қудай мени адамлар тилиндеги әпсанаға айландырды,
Олар бетиме түкирди.
7Қайғыдан көзлерим қараўытып,
Денемниң сүлдери қалды.
8Әдил адамлар буны көрип шоршып кетер,
Айыпсызлар қудайсызларға қарсы ғәзеп атына минер.
9Сонда да әдил адамлар өз жолларына берик қалар,
Қоллары таза болғанлар беккемленип бара берер.
10Қәне, сизлер және бир ҳәрекет етип көриң,
Бәри бир араңыздан дана адам таба алмаспан.
11Мениң күнлерим өтип кетти,
Нийетлерим де шилпәрше болды.
Жүректеги қәлеўлерим де өлди.
12Досларым түнди күндизге айландырады,
Қараңғы басса да: «Ҳәзир жарық түседи», – дейди.
13Егер өлилер мәканы мениң үйим болса,
Төсегимди қараңғылыққа салайын деп атырсам,
14Қәбирге: «Сен мениң әкемсең», – десем,
Қуртларға: «Сизлер мениң анам ҳәм апа-қарындасларымсыз», – десем,
15Онда мениң үмитимниң қайда болғаны?
Ким мениң үмитимди көре алады?
16Үмитим мениң менен бирге өлилер мәканына бара ма?
Мениң менен бирге топырақ қойнына кире ме?
Copyright information for
KaaIBT22C