‏ Job 18

Билдадтың екинши сөзи

1Сонда шуўахлы Билдад былай деп жуўап берди:

2– Бундай сөзлерди айтыўды қашан тоқтатасызлар?
Ақылға келиңлер, соңынан сөйлесемиз.
3Аюп, сен не ушын бизлерди ҳайўан деп санап турсаң?
Не ушын көзиңе ақмақ болып көринип турмыз?
4Ғәзеп пенен өз жаныңды жарақатлап атырсаң,
Сени деп жер бети қаңырап қалып,
Жартаслар өз орнынан қозғалыўы керек пе?

5Дурыс, залымның оты сөнеди,
Ҳәтте, ушқыны да қалмайды.
6Шатырындағы жақтылық қараңғылыққа айланады,
Жоқарысында турған шырасы да өшип қалады.
7Кең қәдемлери қысқарып,
Өз жобаларының қурбанына айланады.
8Өз аяқлары оны торға жетелеп,
Өзи барып, шуқырға түседи.
9Дузақ оны табанынан қысып алып,
Тор оны беккем услап алады.
10Ол ушын жерге бир дузақ жип қойылған,
Жолында оны қақпан күтпекте.
11Жән-жағынан қорқыныш оның зәрресин ушырып,
Ҳәр адымында изинен қуўып жүреди.
12Оның күши ашлықтан таўысылып,
Сүрниккен жеринде апат та күтип турады.
13Кеселлик оның терисин кемиреди,
Аўыр қәстелик оның мүшелерин жеп таслайды.
14Оны қәўипсиз шатырынан суўырып алып,
Қорқыныш патшасының алдына алып барады.
15Залымның шатырын өрт жалмайды,
Ол жасаған үйге ыссы күкирт жаўады.
16Оның тамырлары қурғап, кеўип,
Шақалары қуўрап қалады.
17Жер бетинде ол еске алынбай,
Көшелерде оның аты өшеди.
18Ол жарықтан түнекке айдалып,
Бул дүньядан қуўып жибериледи.
19Халық арасында оннан ул да, ақлық та қалмайды,
Ол жасаған жерде ҳеш кими қалмайды.
20Батыстағылар оның тәғдиринен қорқынышқа түседи,
Шығыстағыларды қорқыныш бийлеп алады.
21Аўа, жаўызлардың жасайтуғын жери усы аўҳалға түседи,
Қудайды танымайтуғынлардың мәканы усындай болады.
Copyright information for KaaIBT22C