Job 19
Аюптың жуўабы
1Сонда Аюп былай деп жуўап берди: 2– Қашанға шекем мени қыйнап,Сөзлериңиз бенен мени езесиз?
3Мине, мени он мәрте кемситтиңиз,
Азар бере бериўге уялмайсызлар ма?
4Егер мениң қәтелескеним ырас болса,
Онда ол мениң мойнымда.
5Өзлериңизди меннен жоқары қойып,
Шерменде болғанымды бетиме бассаңыз,
6Онда билип қойың: Қудай маған наҳақлық қылды,
Өз торын үстиме таслады.
7Мен: «Бул – зорлық», – деп бақырсам да,
Ҳеш ким жуўап бермейди.
Жәрдемге шақыраман, бирақ әдалатлық жоқ.
8Қудай жолыма бөгет қойды, өте алмайман,
Соқпақларымды қараңғылыққа бүркеди.
9Ол мени абырайымнан журдай қылып,
Басымнан тажымды шешип алды.
10Мени жән-жақтан қырып жойды, тамам болдым,
Ағашты суўырғандай етип, үмитимди түп-тамыры менен суўырып алды.
11Оның ғәзеби маған қарсы қайнамақта,
Ол мени душпан деп санайды.
12Оның ләшкерлери де маған қарсы атланып,
Мени қамал қылыў нийетинде,
Шатырым әтирапына орда қурды.
13Қудай туўысқанларымды меннен узақластырып,
Жақынларымды жат қылды.
14Ағайин-туўғанларым меннен жүз бурды,
Досларым мени умытты.
15Қонақларым да, шорыларым да,
Мени жат санап,
Өзге адамдай қарасады.
16Хызметшимди шақырсам, жуўап бермейди,
Оған жалыныўым керек.
17Ҳаялым демимнен тиксинеди,
Туўысқанларым меннен жеркенеди.
18Ҳәтте, кишкене балалар да мени кемситеди,
Орнымнан турсам, үстимнен күледи.
19Жақын досларым меннен жеркенеди,
Сүйгенлерим меннен жүз бурды.
20Ет-терим сүйегиме жабысқан,
Тәнимде шықпас жаным ғана бар.
21Маған ашының, ҳәй досларым, маған ашының!
Мени Қудай урды!
22Неге Қудай сыяқлы сизлер де изимнен қалмайсызлар?
Етиме еле тоймадыңыз ба?
23Қәне енди, сөзлерим жазып қойылса,
Орама китапқа жазып қалдырылса!
24Темир қәлем ҳәм қорғасын менен,
Тасқа ойылып мәңгиге қалса!
25Бирақ мен билемен, Әмеңгерим тири,
Ақырында Ол мен ушын жер бетине келип турады.
26Денем бузылып кеткеннен кейин болса да,
Усы денем менен Қудайды көремен,
27Оны мен өзим көремен!
Оны көретуғын басқаның емес, мениң өз көзлерим болады.
Жүрегим қанамнан шығып баратыр!
28Егер сизлер: «Бизлер оны қалай қуўдалаймыз,
Ақыры, мәселениң түп-тамыры онда ғой», – десеңиз,
29Онда қылыштан қорқың,
Себеби Қудайдың ғәзеби басыңызға қылыш дөндиреди,
Сонда ҳүким етиўшиниң бар екенин көресиз.
Copyright information for
KaaIBT22C