Job 22
Элифаздың үшинши сөзи
1Сонда теманлы Элифаз былай деди: 2– Адам Қудайға пайда келтире ала ма?Ҳәтте, ең ақыллы адам да Оған пайда келтире алар ма еди?
3Сениң әдиллигиңнен Қүдирети күшли Қудай не ләззет алады?
Пәк өмир тәризиңнен Оған не пайда?
4Қудайдың сени жазалаўы, ҳүким етиўи,
Оннан қорққаның ушын ба?
5Керисинше, сениң жаўызлығың уллы,
Қылмысларың шексиз болғанлықтан емес пе?
6Сен туўысқанларыңнан жөнсиз кепиллик алдың,
Кийимлерин шешип алып, жалаңаш қалдырдың.
7Шөллегенге суў бермедиң,
Аш болғанға нан бермедиң.
8Билегиңниң күши менен үлкеге ийелик еттиң,
Ҳүрметли адам болып жасадың.
9Бирақ жесир ҳаялларды қуры қол қайтардың,
Жетимлердиң қол-қанатын қайырдың.
10Сонлықтан әтирапыңды дузақлар орап алған,
Тосаттан сени қорқыныш баспақта.
11Қараңғылық ишиндесең, көре алмайсаң,
Селлер сени ғарқ қылмақта.
12Қудай көклерден де жоқарыда емес пе?
Жулдызларға қара, олар қаншелли бийикте!
13Бирақ сен: «Қудай не биледи?
Терең қараңғылық ишинен ҳүким ете ала ма?
14Қойыў бултлар Оны жасырып тур, Ол бизлерди көрмейди,
Ол аспан гүмбезинде айланып жүр», – дейсең.
15Сен не, залымлар жүрген,
Ески жолды тутпақшымысаң?
16Олар ўақтынан бурын жоқ қылынды,
Тийкарларын сел ағызып кетти.
17Олар Қудайға: «Бизлерди тыныш қой!
Қүдирети күшли Қудай бизлерге не қыла алар еди?» – деди.
18Бирақ олардың үйлерин берекетке толтырған Қудай еди ғой!
Ал мен болсам, залымлардың нийетинен аўлақ боламан.
19Әдиллер олардың қулағанын көрип, қуўанар,
Айыпсызлар олардың үстинен күлип, былай дер:
20«Душпанларымыз жоқ қылынды,
Мал-мүлки жанып, күл болды».
21Қудай менен жарас, тынышлықта бол,
Сонда берекет табарсаң.
22Қудайдың аўзынан шыққан көрсетпелерин қабыл етип,
Сөзлерин жүрегиңде сақла.
23Егер сен Қүдирети күшли Қудайға қайта жүз бурсаң,
Ески ҳалыңа қайтарсаң.
Шатырыңды наҳақлықтан тазаласаң,
24Алтынды жердеги топырақтай,
Офир алтынын сайдағы таслардай көрсең,
25Онда Қүдирети күшли Қудайдың Өзи сениң алтының,
Қымбатбаҳа гүмисиң болады.
26Сонда Қүдирети күшли Қудайдан заўық аларсаң,
Қудайға басыңды көтерип қарай аларсаң.
27Оған дуўа ет, Ол сени еситеди,
Сен де өзиң ўәде етип атағанларыңды бересең.
28Сонда нени нийет етсең, орынланар,
Жолларыңа нур төгилер.
29Егер биреў аяқ асты болса, сен: «Оны қоллай гөр», – деп айтасаң,
Сонда Қудай кемкеўиллилерди қутқарады.
30Ол, ҳәтте, айыплыларды да қутқарады,
Олар сениң қолларыңның пәклиги себепли қутқарылар.
Copyright information for
KaaIBT22C