‏ Job 24

1Не ушын Қүдирети күшли Қудай ҳүким ушын ўақыт белгилемейди? Не ушын Оны танығанлар бул күнлерди ҳеш көрмейди?
2Залымлар шегара белгилерин жылжытып,
Өзлестирип алған сүриўлерин сол жайлаўларда бағады.
3Жетимлердиң ешегин тартып алады,
Жесирлердиң өгизин кепилликке алады.
4Жарлыларды жолдан қуўып шығарады,
Үлкедеги барлық кәмбағаллар болса, олардан жасырыныўға мәжбүр болады.
5Сонлықтан кәмбағаллар шөлдеги қуланлар сыяқлы, ерте иске шығып,
Балалары ушын қула дүзден аўқат излейди.
6Олар азықларын басқалардың атызларынан топлайды,
Залымлардың жүзим бағынан қалған-қутқанларын терип алады.
7Түнди кийимсиз, жалаңаш өткереди,
Суўықта жамылатуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
8Таўда жаўған жаўыннан үсти-басы сел болып,
Баспанасы болмағанлықтан, жылыныў ушын жартасларға тығылады.

9Залымлар жетимди көкирек сүтинен айырады,
Жарлының баласын қарызы ушын тартып алады.
10Олар кийимсиз, жалаңаш сандалып жүреди,
Аш қарынға бийдай дәстелерин тасыйды.
11Дийўаллап қоршалған жерде зәйтүннен май шығарады,
Искенжеде жүзим сығады, бирақ өзлери шөлден ҳарыған.
12Қалаларда өлип баратырғанлар нала шекпекте,
Жарақатланған жанлар жәрдем сорап, пәрияд етпекте,
Бирақ, сонда да Қудай олардың жалбарыныўларына кеўил бөлмейди.

13Нурға қарсы бас көтеретуғынлар да бар,
Олар нурдың жолын танымас,
Оның соқпақларынан да жүрмес.
14Жарлы ҳәм кәмбағалды өлтириў ушын,
Қанхор күн батқанда аяққа турар,
Түнде болса, урлық қылар.
15Бузықшылық қылыўшының көзи ымырт жабылыўын күтер,
Ол: «Мени ҳеш ким көрмейди», – деп ойлап,
Жүзин жаўып алар.
16Қараңғылықта урылар үйлерди тонап,
Ал күндизлери өз үйлерине тығылып алар,
Олар нурдың не екенин билмес.
17Олар ушын азан өлимдей қойыў қараңғылық,
Ал түнектиң қорқынышлары – олардың досты.

18Бирақ ондай адамлар суў бетиндеги көбиктей тез жоқ болады,
Олардың жер бетиндеги үлесине нәлет жаўған,
Ҳеш ким олардың жүзим бағына аяқ баспас.
19Ыссы ҳаўа ҳәм қурғақшылық қар суўларын сорып алғандай,
Өлилер мәканы да гүнакарларды өз қушағына алады.
20Оларды, ҳәтте, қурсағына көтерген ана да умытады,
Қуртлар оларды ҳәз етип жейди,
Оларды енди ҳеш ким еслемейди,
Солай етип, наҳақ адамлар ағаш киби сындырылады.
21Залымлар перзенти жоқ, қақсал ҳаялға зулымлық қылар,
Жесирге ҳеш жақсылық қылмас.
22Бирақ Қудай Өз күши менен күшлилерди жоқ қылар,
Олар беккем орналасып алса да, өмири ушын үмити болмас.
23Қудай оларға қәўипсизлик берер, олар Оған сүйенер,
Бирақ Қудайдың көзлери олардың жолларында.
24Олар бир демге көтерилип, кейин жоқ болар,
Төменлетилер, басқалар киби өлип кетер,
Масақ сыяқлы қуўрап қалар.

25Солай емес пе? Жалған деп, ким мени айыплай алады?
Ким мениң гәплеримниң бос екенин көрсете алады?
Copyright information for KaaIBT22C