Job 25
Билдадтың үшинши сөзи
1Сонда шуўахлы Билдад былай деди: 2– Қудайда бийлик бар ҳәм Ол айбатлы!Ол Өзиниң бийик аспанында тынышлық орнатқан.
3Оның ләшкерлерин санаўға сан жете ме?
Ол жақтылығын кимниң үстине түсирмейди?
4Сонда инсан Қудайдың алдында қалай әдил бола алады?
Ҳаял затынан туўылған қалай пәк бола алады?
5Ҳәтте, Қудайдың нәзеринде ай да жарық емес,
Жулдызлар да пәк емес.
6Солай екен, инсан Қудайдың көзине қурт сыяқлы,
Адам баласы күйе қурты сыяқлы көринер.
Copyright information for
KaaIBT22C