Job 27
1Аюп сөзин даўам етип, былай деди: 2– Ҳуқықымнан маҳрум еткен тири Қудай ҳақы,Жанымды ҳәсиретке толтырған Қүдирети күшли Қудай ҳақы ант ишемен:
3Геўдемде жаным бар екен,
Қудай берген дем мурнымда екен,
4Аўзымнан наҳақ сөз шықпайды,
Тилим жалған сөз айтпайды.
5Сизлерди ҳеш қашан ҳақ деп тән алмайман,
Өлгенимше, пәклигимнен бас тартпайман.
6Әдиллигимде беккем турып, оннан ҳасла жүз бурмайман,
Тири екенмен, ҳүжданым мени айыпламас.
7Душпанымның басына залымның күни,
Қарсыласымның басына наҳақтың күни түссин.
8Қудай қудайсыздың жанын алып, оны жоқ қылғанда,
Онда қандай үмит қалады?
9Қудайсыздың басына апатшылық түскенде,
Қудай оның дад салып жылағанын есите ме?
10Ол қүдирети күшли Қудайдан заўық ала ма?
Бәрқулла Қудайды шақыра ала ма?
11Қудайдың қүдирети ҳаққында сизлерге үйретемен,
Қүдирети күшли Қудайдың нийетин сизлерден жасырмайман.
12Ҳаслында, булардың ҳәммесин өзлериңиз көрдиңиз,
Онда неге ҳәммеңиз мәниссиз сөзлерди сөйлей бересиз?
13Залым адамның Қудайдан алатуғын үлеси,
Қысым көрсетиўшиниң Қүдирети күшли Қудайдан алатуғын мийрасы мынаў:
14Оның балалары қаншелли көп болса да,
Олар қылыштан қырылып кетеди,
Урпақларының жеткиликли тамағы болмайды.
15Тири қалғанлары кеселликтен өлип, көмиледи,
Жесир қалған ҳаяллары жоқлаў айтып, жыламайды.
16Жаўыз адам жердиң шаңындай мол гүмис жыйнаса да,
Ылайдай мол кийим-кеншек топласа да,
17Оның топлағанларын әдиллер кийеди,
Айыпсызлар гүмислерди бөлисип алады.
18Жаўыздың салған үйи өрмекшиниң аўындай,
Қараўылдың шертегиндей ҳәлсиз болады.
19Ол бай болып, уйқыға кетеди, бирақ артық ондай болмайды.
Көзин ашқанда, байлығы жоқ болып шығады.
20Қорқыныш оны сел киби басады,
Түнде дүбелей ушырып кетеди.
21Шығыс самалы оны ушырып алып кетип,
Ол көзден ғайып болады.
Оны өз орнынан сыпырып таслайды.
22Самал аяўсыз оған тасланар,
Ол самалдың күшинен қашыўға урынады.
23Самал оның үстинен күлип, қолларын шаппатлап,
Өз орнынан оның изинен ысқырады.
Copyright information for
KaaIBT22C