Job 28
Даналық ҳаққында жыр
1Мине, гүмис қазып алынатуғын кәнлер, Алтынды тазартатуғын орынлар бар.2Темир жерден қазып алынады,
Мыс та тастан балқытып алынады.
3Кәнши қараңғылыққа шек қояды,
Жер астының узақ шетине барып,
Түнек ҳәм қойыў қараңғылықтан қазылма излейди.
4Ол адам жасайтуғын жерлерден узақта,
Адам аяқ баспайтуғын жерлерде қудық қазып,
Ҳәммеден узақта жипке асылып, тербелип турады.
5Жер бетине келсек, оннан азық-аўқат өнип шығады,
Ал жер асты болса, жандырылғандай астан-кестен болып атыр.
6Оның таслары лазуриттиң мәканы,
Топырағында алтын бар.
7Жыртқыш қус кәнге баратуғын жолларды билмейди,
Суңқардың көзи оған түспейди.
8Жабайы ҳайўанлар ол жерлерге аяқ баспаған,
Арыслан да ол жерлерден жүрмеген.
9Адам жартасларды сындырып,
Таўларды түп-тамыры менен қопарып таслайды.
10Ол жартаслар арасынан жол ашады,
Көзлери ҳәр бир баҳалы нәрсени көреди,
11Адам дәрьялардың сағасын табады ▼
▼ дәрьялардың сағасын табады – Әййемги грекше ҳәм латынша аўдармалардан. Еврейше қолжазбаларда «дәрьяларды бөгетлейди».
,Жасырын болғанларды жақтылыққа шығарады.
12Бирақ даналықты қаяқтан табыўға болады?
Ақылдың мәканы қай жерде екен?
13Адамзат оның қәдирин билмес,
Тирилер әлеминен оны таба алмас.
14Терең суўлар: «Ол менде емес», – дер,
Теңиз де: «Ол мениң жанымда да емес», – дер.
15Оны сап алтынға да сатып ала алмайсаң,
Қунын гүмис пенен де төлей алмайсаң.
16Даналық Офир алтыны менен де,
Қымбатбаҳа оникс ҳәм лазурит пенен де баҳаланбас.
17Ол алтын менен де, кристалл менен де салыстырылмас,
Сап алтын буйымға да алмастырылмас.
18Маржан ҳәм яшманы айтпай-ақ қояйық,
Даналық яқыттан да қымбат турады.
19Хабашстан хризолити де оған салыстырылмас,
Сап алтын менен де оның қуны өлшенбес.
20Даналық қайдан келеди?
Ақылдың мәканы қай жерде екен?
21Ол барлық тири жанлардың көзинен жасырылған,
Көктеги қуслардан да сыр сақланған.
22Набыт болыў мәканы ҳәм өлим:
«Биз ол ҳаққында тек мыш-мыш еситтик», – дейди.
23Даналыққа баратуғын жол Қудайға аян,
Оның мәканын тек Ол биледи.
24Ол жердиң шетлерине дейин көз салады,
Көклердиң астындағылардың ҳәммесин көреди.
25Ол самалға күш берип,
Суўлардың өлшемин белгилеп бергенде,
26Ол жаўын ушын қарар шығарып,
Жылдырым ушын жол белгилегенде,
27Ол даналықты көрип, оны баҳалады,
Оны тексерип, тастыйықлады.
28Соңынан адамға:
«Ҳақыйқаттан да, Ийеден қорқыў – бул даналық,
Жаўызлықтан аўлақ болыў – бул ақыллылық», – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C