Job 3
Аюптың тилге кириўи
1Ақыры Аюп тилге кирип, өзиниң дүньяға келген күнин нәлетледи. 2Ол былай деди: 3– Жоқ болсын мен туўылған күн,«Бойына бала питти» деген түн!
4Сол күн түнекке айланып қалсын!
Аспандағы Қудай да ол күнди еслемесин,
Жарық та сол күнге сәўле шашпасын.
5Сол күнди тас түнек қараңғылық ийелеп алсын,
Жүзин қара бултлар қаплап алсын,
Қараңғылық сол күнниң ҳүрейин ушырсын.
6Аўа, сол түнди тас түнек қараңғылық жутып жиберсин,
Ол жыл күнлери арасында саналмасын,
Айлардың биреўине де кирмесин.
7Сол түн қысыр болсын,
Онда ҳеш бир шадлық ҳаўазы еситилмесин.
8Күнлерди нәлетлейтуғынлар,
Лиўятанды ▼
▼ Лиўятан – теңизде жасайтуғын үлкен мақлуқ.
оята алатуғынлар,Сол түнди ғарғасын.
9Оның таң жулдызлары сөнип қалсын.
Жарықлықты күтсин, бирақ ол келмесин,
Таң шуғласын көрмесин.
10Өйткени усы азапты көзлерим көрмеўи ушын,
Сол түн анамның қурсағын жаппады.
11Не ушын туўылып атырып, өлмедим екен?
Ямаса туўыла сала, демим таўысылмады екен?
12Мени неге дизесине алып отырды?
Неге мени емизди екен?
13Солар болмағанда, ҳәзир тыныш жатқан болар едим,
Уйықлап тыным тапқан болар едим.
14Қарабақаналарды өзлерине қайта тиклеп алған,
Дүнья патшалары ҳәм кеңесгөйлери менен бирге болар едим.
15Ямаса үйлерин гүмиске толтырған,
Алтынға бай ҳүкимдарлар менен бирге болар едим.
16Ямаса не ушын өли туўылған бөпе сыяқлы,
Күн нурын көрмеген нәресте сыяқлы көмилмедим?
17Ол дүньяда залымлар жаманлық қылыўды тоқтатады,
Ҳарыққанлар да тыным табады.
18Ол жерде тутқынлар да тынышлықтан рәҳәт алады,
Қадағалаўшылардың бақырысларын еситпейди.
19Уллы да, киши де бардур ол жерде,
Қул болса, хожайынынан азат.
20Не ушын азап шегип жүргенге нур,
Ал қайғыға батқанға өмир бериледи екен?
21Олар өлимин күтеди, бирақ ол келмес,
Әжелин көмилген ғәзийнеден де бетер излер.
22Егер әжелин тапса,
Олар қуўанышқа бөленип, шадланар еди.
23Жолын көре алмайтуғын адамға,
Қудай айнала дөгерегин қараңғылық пенен қоршаған адамға,
Не ушын өмир берилер екен?
24Нан жеўдиң орнына гүрсинемен,
Аҳыў-налам суў киби ақпақта.
25Неден қорққан болсам, сол жүз берди,
Неден қәўетерленген болсам, сол басыма түсти.
26Маған тынышлық та, тыным да, рәҳәт те жоқ,
Басыма ғаўасатлы күн туўды.
Copyright information for
KaaIBT22C