Job 31
Аюптың соңғы рет өз айыпсызлығын айтыўы
1Қызларға қумарланып қарамаў ушын,Көзлерим менен келисим дүздим.
2Аспандағы Қудайдан алатуғын пайым не болады?
Жоқарыдағы Қүдирети күшли Қудайдан берилген мийрасым не болады?
3Ол әдалатсызлардың басына апат,
Жаўызлық қылғанлардың басына бәле жаўдырмай ма?
4Ол мениң жолларымды көрип,
Ҳәр бир адымымды санамай ма?
5Егер мен жалған жолдан жүрип,
Аяғым ҳийлеге асықса,
6Қудай мени туўры тәрезиге тартсын,
Ҳәм Ол мениң пәклигимди билсин.
7Егер аяқларым туўры жолдан тайған,
Жүрегим көзлериме бойсынған,
Ямаса қолларым ҳарамланған болса,
8Онда еккен егинимниң өнимин басқалар жесин,
Егинлерим тамыры менен суўырылып қалсын.
9Егер бир ҳаял арқалы жүрегим азғырылса,
Қоңсымның қапысы алдында оның ҳаялын аңлыған болсам,
10Онда мениң ҳаялым басқаның бийдайын тартсын,
Басқа еркеклер оның менен жатсын.
11Ақыры, бул уятсыз ис,
Ҳүким қылынатуғын гүна.
12Сондай ислер набыт болыў мәканына дейин жандырып баратуғын от болып,
Пүткил егинимди тамыры менен күйдирип жиберер еди.
13Егер қул ҳәм шорыларым маған арыз қылғанда,
Мен оларға әдалатсызлық қылған болсам,
14Онда Қудай орнынан турғанда, мен не қыламан?
Ол есап сорағанда, Оған не деп жуўап беремен?
15Мени анамның қурсағында жаратқан, оларды да жаратпады ма?
Бизлерге қурсақта пишим берген бир Қудай емес пе?
16Егер мен жарлылардың тилегин орынламаған,
Жесирлердиң үмитин пушқа шығарған болсам,
17Ямаса нанымды бир өзим жеп,
Жетимлер менен бөлиспеген болсам,
18Жаслығымнан жетимлерге әкелик қылып келдим,
Өмир бойы жесирлерге ғамхорлық қылдым.
19Егер кийими болмағаны ушын жан берип атырғанды,
Ямаса жамылатуғын нәрсесиз қалған жарлыны көрип,
20Оларға қойларымның жүнинен кийим кийгизбеген болсам,
Олар да жүректен маған алғыс айтпаған болса,
21Қазыханада сөзимниң өтетуғынына көзим жетип,
Жетимге қол көтерген болсам,
22Онда қолларым ийнимнен жулынып түсип,
Буўынларынан бөлинип қалсын.
23Мен Қудайдан келетуғын апаттан қорқатуғын едим,
Қудайдың уллылығын биле тура, ондай ис қыла алмас едим.
24Егер алтынға үмит байлаған болсам,
Ямаса сап алтынға: «Сен – мениң үмитимсең», – деген болсам,
25Байлығымның моллығына,
Көп нәрсеге қол жеткизгениме мақтанған болсам,
26Жарқырап турған қуяшқа қарап,
Жымыңлаған айдың жүргенине қарап,
27Жүрегим жасырын азғырылып,
Қолларымды сүйип, оларға қарай жайып табынған болсам,
28Бул да ҳүкимге ылайықлы гүна болар еди.
Себеби мен көктеги Қудайға опасызлық қылған болар едим.
29Егер душпанымның жығылғанын көрип, сүйинген,
Апатшылыққа дуўшар болғанын көрип, қуўанған болсам,
30Оларды ғарғаў арқалы,
Аўзыма гүна ислеўге жол қоймадым.
31Егер шатырымдағылар: «Аюп берген гөштен жеп,
Қарнын тойғызбаған бар ма?» – деп сорамаған болса,
32Ҳеш бир жолаўшы көшеде түнемес еди,
Қапым олар ушын бәрқулла ашық еди.
33Егер басқаларға уқсап, қылмысымды жасырған,
Айыпларымды сыр сақлаған болсам,
34Онда мен аламаннан қорққаным ушын,
Урыўласларымның қыйнаўынан қорққаным ушын,
Үндемей, қапыдан сыртқа шықпаған болар едим.
35Қәне, мени тыңлайтуғын биреў болса еди!
Мине, мен айтқанларымды тастыйықлап, мөрледим.
Қүдирети күшли Қудай маған жуўап берсин!
Қәне енди, душпаным айыплаўын жазып, қолыма берсе еди!
36Сөзсиз, оны ийнимде көтерип,
Басыма таждай етип, кийип жүрер едим!
37Мен Қудайға атқан ҳәр бир адымымның есабын берер едим,
Ханзада киби Оған жақынласар едим.
38Жерим маған қарсы пәрияд еткен болса,
Оның қарықлары да бирге нала қылған болса,
39Пулын төлемей зүрәәтин алған болсам,
Оның ийелериниң өлимине себепши болған болсам,
40Онда бийдай орнына тикен,
Арпа орнына жабайы шөплер өсип шықсын.
Солай етип, Аюптың сөзи ақырына жетти.
Copyright information for
KaaIBT22C