‏ Job 34

Элиҳудың екинши сөзи

1Элиҳу сөзин даўам етип, былай деди:

2– Сөзлеримди тыңлаң, ҳәй данышпанлар!
Маған қулақ салың, ҳәй билимпазлар!
3Аўыздың аўқаттың дәмин ажыратқанындай,
Қулақ та сөзлердиң мәнисин айырады.
4Келиңлер, дурыс нәрсени таңлап,
Жақсы нәрсени биргеликте анықлап алайық.

5Мине, Аюп: «Мен айыпсызбан,
Бирақ Қудай мени ҳуқықымнан маҳрум етти.
6Меники дурыс болса да, жалғаншы саналдым,
Мен жазықсыз болсам да, дәртиме ем жоқ», – деди.
7Аюпқа уқсаған адам бар ма?
Ол ушын мазақ қылыў суў ишкендей нәрсе!
8Ол жаманлық ислеўшилер менен дос тутынып,
Жаўызлар менен жүреди.
9Ол былай дейди: «Қудайға унайтуғын ислерди ислеў,
Адамға ҳеш қандай пайда келтирмейди».

10Ҳәй, саналы адамлар, мени тыңлаңлар!
Қудай жаўызлық ислеўден аўлақ,
Қүдирети күшли Қудай наҳақлық ислеўден аўлақ!
11Ол адамның исине сай төлем төлейди,
Жүрген жолына сай қайтарады.
12Ҳақыйқаттан да, Қудай жаманлық қылмайды,
Қүдирети күшли Қудай әдилликти бурмаламайды.
13Жер үстинен ҳүкимдарлық қылыўды Оған ким берди?
Ким Оны пүткил дүньяға ҳүкимдар қылып қойды?
14Егер Қудай Өз руўхын,
Демин қайтарып алыўды қарар қылса,
15Пүткил тири жанлар бирге набыт болар,
Адамзат және топыраққа қайтқан болар еди.

16Ақылыңыз болса, мынаны тыңлаң,
Сөзлериме қулақ салың.
17Әдалатты жек көретуғын адам ҳүкимдар бола ала ма?
Әдил ҳәм қүдиретли Қудайды айыпламақшымысыз?
18Ол патшаға: «Сен жарамассаң», – деп,
Ақсүйеклерге: «Сизлер залымсызлар», – дейди.
19Ол басшыларға жарамсақланбайды,
Байды жарлыдан артық көрмейди.
Олардың ҳәммесин Өз қоллары менен жаратқан.
20Олар түн ортасында көзди ашып-жумғанша өлип кетеди,
Қалтыратпа тийеди де, жан береди.
Күшлилер де адам қолы тиймей-ақ, жоқ қылынады.

21Қудайдың көзлери адамның жолын гүзетип турады,
Ол адам басқан ҳәр бир адымды көреди.
22Жаўызлық ислеўшилер жасырыныў ушын,
Қараңғылық та, түнек те жоқ.
23Ҳәр қандай адамды ҳүким қылыў ушын,
Қудай ўақыт белгилеўи шәрт емес.
24Ол тексермей-ақ, күшлилерди майдалап таслайды,
Олардың орнына басқаларды қояды.
25Қудай олардың ислерин биледи,
Сонлықтан түнде оларды аўдарып таслайды, олар жоқ болады.
26Оларды залымлығы ушын,
Ҳәммениң көз алдында жазалайды.
27Олар Қудайдың изине ермеди,
Оның жолларын итибарға алмады.
28Олар себепли жарлылардың наласы Оған жетип келди,
Ол азап шеккенлердиң пәриядын еситти.
29Егер Қудай үндемесе, ким Оны айыплай алады?
Егер Ол жүзин жасырса, ким Оны көре алады?
Қудай ҳәр бир миллет ушын да, ҳәр бир адам ушын да бирдей.
30Ол, қудайсызлардың ҳүкимдарлық қылып,
Халыққа дузақ қурыўынан сақлайды.

31Қудайға: «Мен жазамды алдым,
Енди жаманлық қылмайман.
32Көрмегенимди маған үйрет,
Наҳақлық қылған болсам, енди ислемеймен», – дейтуғыныңыз бар ма?
33Сөзлеримнен жүз бурғаныңыз ушын,
Қудай сизди сыйлықлаўы керек пе?
Мен емес, сиз таңлаўыңыз керек,
Не билесиз, айтың.
34Саналы адамлар,
Мени тыңлап турған даналар маған:
35«Аюп билмегенликтен, солай сөйлеп тур,
Оның гәплериниң мәниси жоқ», – дейди.
36Жаўыз адам сыяқлы сөйлегени ушын,
Аюп, сиз ақырына дейин сыналсаңыз еди!
37Сиз гүнаңызға қозғалаңды да қостыңыз,
Арамызда қол шаппатлап,
Қудайға қарсы гәпти балалаттыңыз.
Copyright information for KaaIBT22C